Бүгин Өзбекстан Энергетика министрлигинде Қытайдың «Sinoma EC Investment» компаниясы президенти Лиу Син басшылығындағы делегация ағзалары менен ушырасыў болып өтти.

Онда тәреплер биргеликте әмелге асырылып атырған жойбардың ҳәзирги жағдайы ҳәм келешектеги режелери бойынша пикир алысты.

Атап өтилгениндей, бул компания тәрепинен Наўайы ўәлаятында қуўатлылығы 300 МВт болған қуяш фотоэлектр станциясы, 75 МВт қуўатлылыққа ийе электр энергиясын сақлаў системасы ҳәм ҳаўа электр узатыў тармақларын қурыў инвестициялық жойбары әмелге асырылмақта.

Ҳәзирги күнде «Sinoma EC Investment» компаниясы қурылыс материаллары ҳәм қурылыста қолланылатуғын өнимлер ислеп шығарыў бойынша өз орнына ийе. Ол Қытай миллий қурылыс материалларын ислеп шығарыў ири мәмлекетлик корпорациясы қурамына киреди ҳәм 13 жыл даўамында «Fortune 500» дизиминен орын алған.

Ушырасыў соңында тәреплер республика аймақларында геотермал энергетика ҳәм алдыңғы технологиялар тийкарында энергия үнемлеўши қурылыс материалларын ислеп шығарыў бойынша биргеликтеги жойбарларды әмелге асырыўға келисип алды.

Н.Зиёдуллаева, ӨзА