Өзбекстан Республикасы Орайлық банки сырт ел валюталарының өзбек сумына салыстырғанда 31-октябрь күни әмелде болатуғын баҳасын белгиледи.
Оған бола, доллардың рәсмий курсы 10,63 сумға түсти ҳәм 12 774,34 сумды қурады.
Евро курсы 17,88 сумға көтерилип, 13 830,78 сум етип белгиленди.
Россия рубли 0,72 сумға көтерилип, 132,17 сумды қурады.
Қарақалпақстан хабар агентлиги