Германияда жумыссызлық дәрежеси октябрь айында 6,1 процентке жетти. Бул 2021-жылдың февральнан берли ең жоқары көрсеткиш болып есапланады. Бул ҳаққында Германия бәнтлик федерал агентлиги материалларына сүйенип, «Интерфакс» хабар бермекте.
Ақырғы бир ай ишинде немислер саны 27 мың адамға көбейди. Бул аналитиклер күткенинен дерлик еки есеге көп. Қәнигелер Германияда жумыссызлар саны 15 мың адамға көбейиўин болжады.
Соның менен бирге, республика бойынша ашық бос жумыс орынларының саны сентябрьге салыстырғанда 7 мыңға азайды ҳәм 689 мың усынысты қурады. Бир жыл алдын бул көрсеткиш 749 мың еди.
Қарақалпақстан хабар агентлиги