Норвегия «балаларды интернеттеги зыянлы контенттен ҳәм алгоритмлердиң унамсыз тәсиринен қорғаў» ушын социаллық тармақлардан пайдаланыў ушын қатаң минимал жас – 15 жасты еңгизбекши. Ҳәзирги ўақытта мәмлекетте социаллық тармақлардан пайдаланыў жасы 13 жасты қурайды.
Бул жаңа нызамды әмелге асырыў ушын ҳүкимет 15 жасқа шекемги болған пайдаланыўшылар социаллық тармақлар арқалы жеке мағлыўматларды қайта ислеўге разы болмаўын тәмийинлеў ушын жеке мағлыўматлар ҳаққындағы нызамға өзгерис киргизиўди режелестирмекте. Буннан тысқары, жас шеклеўлерин шетлеп өтиўдиң алдын алыў ушын жасты тексериў системасы ислеп шығылады.
Мәмлекет бас министри үлкен технология компанияларының жумысын тәртипке салыўда дус келетуғын қыйыншылықларды тән алды. Кжерсти Топпе, Балалар ҳәм шаңарақлар министри, ата-аналарға социаллық тармақларға «жоқ» деў имканиятын бериў зәрүрлигин атап өтип, көпшилик «балаларына Интернеттен пайдаланыўшыға рухсат бериў ушын» басым астында екенин тән алды.
Қарақалпақстан хабар агентлиги