Республикамыздың барлық қала ҳәм районларында 1-июнь халықаралық балаларды қорғаў күнине арналған түрли байрам илажлары өткерилди.
Қарақалпақстан Республикасы Минитрлер Кеңесиниң Баслығы Қ.Сариев Хожелидеги 1-санлы «Меҳрибанлық үйи»нде болып, тәрбияланыўшыларды байрам менен қутлықлады ҳәм бул жерде жаратылған шараятлар менен танысты.
Байрамға бағышланып өткерилген илажда атап өтилгениндей, Ҳүрметли Президентимиз Ш.Мирзиёевтың басшылығында елимизде жас әўладты ҳәр тәреплеме бәркамал ҳәм саламат инсан етип тәрбиялаўға қаратылып атырған айрықша итибардың нәтийжесинде олардың пухта билим алыўы, кәсип-өнер үйрениўи, спорт пенен шуғылланыўлары ушын барлық шараятлар жаратылған. Буны «Меҳрибанлық үйи» тәрбияланыўшылары мысалында көриўимизге болады. Бул жерде 5 мың дана китап қорына ийе китапхана, бассейн, спорт майданшалары, түрли дөгереклер шөлкемлестирилген болып, олар заманагөй әсбап-үскенелер, зәрүр инвентарлар менен тәмийинленген. Усындай имканиятлардың нәтийжесинде тәрбияланыўшылар тек республикамызда ғана емес, ал елимиз көлеминдеги таңлаўларға, спорт жарысларына қатнасып, сыйлы орынларды ийелеп келмекте.
Илаж соңында балаларға саўғалар тапсырылды. Байрам тамашалары «Меҳрибанлық үйи» жанындағы «Қарс» миллий фольклор ҳәм «Таң ғумшалары» ансамбллери ағзаларының концерт бағдарламасына уласты.
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығының орынбасары А.Ҳамраев Тақыятас қаласындағы Балалар үйинде болып, балаларды ҳәм қатнасыўшыларды байрам менен қутлықлады. Бул жерде тәрбияланып атырған 42 нәресте ушын барлық шараят жаратылған. Балалар үйиниң имаратына капитал реконструкция исленип, материаллық-техникалық базасын беккемлеў бағдарында кең көлемли жумыслар әмелге асырылды. Республикамыз басшыларының, ҳуқық қорғаў уйымларының, министрликлер менен шөлкемлердиң, ҳәкимликлердиң тиккелей ғамхорлығында ҳәр жылы балалардың сүннет тойлары кең түрде өткерилип келинбекте.
Байрам мүнәсибети менен өткерилген илажда Қарақалпақ мәмлекетлик жас тамашагөйлер ҳәм Қуўыршақ театрлары жәмәәтлери тәрепинен таярланған қызықлы концерт бағдарламасы нәрестелерди шадлыққа бөледи. Балаларға қәўендер мәкемелер тәрепинен таярланған саўғалар тапсырылды.
Республикамыздағы барлық дем алыў орайлары усы күни балалар менен толы болды. Орынларда шөлкемлестирилген концерт бағдарламалары, спорт жарыслары, түрли таңлаў жеңимпазлары қәўенлерлер тәрепинен сыйлықланды. Қызықлы ойын-заўықлар оларға айрықша қуўаныш бағышлады.
Д.АБИБУЛЛАЕВ,
Қарақалпақстан хабар агентлигиниң хабаршысы.