«Телеграм»ныӊ тийкарын салыўшысы Павел Дуров жасларға ҳеш қашан спиртли ишимлик ишпеўди мәсләҳәт берди. Ол социаллық тармақ арқалы былай жазған:

– Егер меннен қандайда бир үлкен жумыс ислемекши болған 20 жастағы өспиримлер мәсләҳәт сораса, «Ҳеш қашан спиртли ишимлик ишпең!» – деген болар едим.

Павелдиӊ атап өтиўинше, өзи дерлик 20 жылдан берли спиртли ишимлик ишпейди, сол дәўир ишинде табысқа ерискен жүдә көп адамлар ишимлик себепли денсаўлығынан айырылғанына гүўа болған.

– Қысқа ғана заўық узақ мүддетли азап-ақырет келтиреди, – деп атап өтеди Дуров. – Инсанның социаллық басымға қарсылық көрсетиўи қыйын жумыс, бирақ көпшилик зыянлы әдети менен өзин-өзи ўайран етеди.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги