Өмирде өзи қыйыншылықларға қарсы гүресип, бахытлы күнлерге жетисиў менен бирге, басқаларды да күш-қуўатқа толып, турмыстан кеўли тоқ жасаўға ийтермелейтуғын «ғамхор» инсанлар ушырасады. Өмирдиң қыйыншылықларына қарсы «иммунитет» қәлиплестирген бундай адамлар дәслеп сүрнигип, соң қайтадан турыў арқалы усы дәрежеге жеткен.
Жерлесимиз II топар майыбы Саламат Авезов та усындай инсанлардың бири. Ол балалығынан церебраллық ләң (детский церебральный паралич) болыўына қарамастан, Өзбекстанда майыплар ушын арналған бирден-бир сайттың авторы.
Усы жыл 27-июльде Жаслар аўқамы Қарақалпақстан Республикасы кеңеси Жаслар орайында “mehrtilsimi.uz” атамасындағы усы сайтты таныстырыў (презентация) мәресими болып өтти. Тийкарынан майыплығы бар пуқаралардың өмири, умтылыслары ҳәм ҳәммемиз ушын өрнек бола алатуғын жасаўға деген талпыныслары өз сәўлелениўин тапқан сайт усы бағдардағы Өзбекстанда жаратылған дәслепки сайт болып табылады.
27-июльде отыз бесинши бәҳәрин қарсылаған Саламат Авезов пайтахтымыздағы 32-санлы улыўма орта билим бериў мектебинде оқып жүрген ўақытларында информациялық технологияларға қызығып баслаған.
Ол пайтахтымыздағы «Прогресс» билимлендириў ҳәм раўажландырыў орайында инглиз тилин үйренгеннен кейин 2004-жылы БМШ ҳәм IATP IREX пенен биргеликте шөлкемлестирилген «Өзбекстан мектеплеринде интернет» бағдарламасының администраторлары Наталье Бондаренко менен Александр Мирошниченкодан веб-сайт жаратыў жолларын үйренеди.
2007-жылы «Келажак овози» таңлаўының мәлимлеме-коммуникациялық технологиялар бағдары бойынша финальлық басқышында Өзбекстан Қаҳарманы, Қарақалпақстан халық жазыўшысы Төлепберген Қайыпбергеновтың жеке веб-сайтын жаратып, жеңимпаз болды ҳәм Ташкент информациялық технологиялары университети Нөкис филиалының студенти болыўға ериседи. 2012-жылы «Интернетте пайдаланылатуғын графика ҳәм мультимедиа» темасында питкериў қәнигелик жумысын жақлап, табыслы питкерип шығады. Сол жылдан университетте лаборант болып жумыс ислеп келмекте. Быйыл усы жоқары оқыў орнының магистратура басқышында оқыў нийети менен ҳүжжет тапсырған.
– Әкем мениң тийкарғы сүйенишим болып, қаяққа барсам да қасым да жүреди. Оқыўшы, студент ўақтымда да ҳеш кимге исенбей өзи әкелип, өзи әкететуғын еди. Әкемнен жүдә миннетдарман, – дейди кеселлиги себепли сөйлеўге қыйналып, электрон түрде сораўларымызға жуўап берген Саламат Авезов. – Өмирде жүдә көп сүрниктим, бирақ ҳәр сапары аяққа туратуғын едим. Буған себеп кеўлимде ийгилик, өзимде ҳәрекет бар еди.
Ҳәзирги ўақытта сайтта Қарақалпақстан Республикасы ҳәм пүткил Өзбекстан бойынша имканияты шекленген, бирақ қәлби күш-жигерге толып, бир өнердиң маманы болып жетискен инсанлар ҳаққында мағлыўматлар, усы бағдардағы жаңалықлар, ҳуқықый-психологиялық мәсләҳәтлер, тараў бойынша жуўапкер уйымлар менен байланысыў жоллары ҳаққында мақалалар, рубрикалар бар.
Саламат Авезов сыяқлы кем кеўил болыўына қарамастан, өзи ҳәм басқалардың да өмиринде үмит оята алатуғын инсанлар, шүкиршилик пенен жасайтуғын заманласларымыз бар екенинен қуўанышқа бөленесең.
М.ПИРНАЗАРОВА,
Қарақалпақстан хабар агентлигиниң хабаршысы