Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатында «Кем тәмийинленген шаңарақларға балалар напақалары ҳәм материаллық жәрдем төлеў нормаларын жетилистириў» темасында семинар шөлкемлестирилди.

Онда кем тәмийинленген шаңарақларға балалар напақалары ҳәм материаллық жәрдем төлеў механизминиң қалай ислеп атырғанына итибар қаратылды.

Халықты социаллық жақтан қорғаў системасын және де жетилистириў мақсетинде балалар напақалары ҳәм материаллық жәрдем төлеў бойынша шөлкемлестирилген «Социаллық қорғаўдың бирден-бир реестри» мәлимлеме системасының қолайлықлары, сондай-ақ, бул бағдардағы машқала ҳәм кемшиликлер бойынша пикир алысылды.

Атап өтилгениндей, заманагөй мәлимлеме-коммуникация технологияларын енгизиў арқалы инсан факторын сапластырыў мақсетинде ҳәм сырт ел компаниясын жаллаған ҳалда «Социаллық қорғаўдың бирден-бир реестри» мәлимлеме системасы ислеп шығылды.

Бул система 2019-жылы Сырдәрья ўәлаятында сынақтан өткерилип, 2020-жылдың ақырына шекем басқышпа-басқыш республиканың барлық аймағына енгизилди.

Ҳәзирги күнде напақа тайынлаў ямаса бийкарлаў процесинде инсан факторы толық сапластырылып, мәлимлеме системасына 16 министрлик ҳәм уйымның мәлимлеме системаларынан 56 түрдеги мағлыўматлар электрон түрде алынбақта.

Балаларға напақа ҳәм баланы тәрбиялаў напақасы орнына бирден-бир балалар напақасы енгизилгенин атап өтиў керек. Балалар напақасы төлем мүддети әмелдеги 14 жастан 18 жасқа шекем арттырылды. Балалар напақасы муғдары шаңарақтағы балалар санынан келип шығып белгиленеди. Шаңарақтың ҳәр бир ағзасына бир айлық орташа дәрамат минимал тутыныў қәрежетлери муғдарынан (ҳәзирги күнде – 648 мың сум) артпағанда, шаңарақ кем тәмийинленген, деп тән алынады. Балалар напақасы ҳәм материаллық жәрдем пулын банк карталары арқалы алыўшыларға 1 процент муғдарында қосымша төлем енгизилди. Булардың барлығы социаллық қорғаўға мүтәж шаңарақларды қоллап-қуўатлаўға қаратылған.

Кейинги 5 жылда мәмлекетимизде социаллық напақа алыўшы шаңарақлар саны 5,1 есеге артқан ҳәм ҳәзирги ўақытта 1,2 миллионнан артық шаңараққа жылына 10,3 триллион сум напақа төлеп келинип атыр.

Семинарда «Социаллық қорғаўдың бирден-бир реестри» мәлимлеме системасын және де жетилистириў, кем тәмийинленген шаңарақлардың социаллық жағдайын ашық-айдын баҳалаў механизмин ислеп шығыў зәрүрлигине итибар қаратылды.

Сенаторлар, министрлик ҳәм уйымлардың жуўапкерлери ҳәм ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери қатнасқан илаж соңында мәлимлеме системасын жетилистириў ҳәм кем тәмийинленген шаңарақларға балалар напақаларын ҳәм материаллық жәрдем төлеў бойынша пикир-усыныслар билдирилди.

Н.АБДУРАИМОВА,

ӨзАның хабаршысы