Ислам бирге ислесиў саммити шөлкеми мәлимлеме агентликлери аўқамы – UNA-OIC мәлим етиўинше, Саудия Арабстанында Мағлыўматлар ҳәм жасалма интеллект басқармасы (SDAIA) тәрепинен шөлкемлестирилген үшинши Дүнья жасалма интеллект саммити даўам етпекте.
Әнжуманда Билимлендириў, илим ҳәм мәденият бойынша Ислам шөлкеми (ISESCO) Бас директоры доктор Салим бин Муҳаммад Ал-Малик басшылығындағы делегация да қатнаспақта.
Ар-Риёдтағы Патша Абдулазиз халықаралық конференция орайы резиденциясында жергиликли, регионаллық ҳәм халықаралық ғайраткерлер, экономикалық сиясатшылар, пикир жетекшилери ҳәм қәнигелер топланған. Олар бир қатар сессия ҳәм семинарларда дүньяның түрли мүйешлеринен келген кәсиплеслери менен тараў аспектлери, раўажланыў ҳәм келешекти қәлиплестириў менен байланыслы көплеген әҳмийетли темаларды додаламақта. Илаж бағдарламасында «Жасалма интеллектти басқарыў ҳәм раўажландырыў принциплери», «Жасалма интеллект әсиринде санааттың санлы трансформациясын тезлестириў» темаларына байланыслы жәми 150 ден аслам баянат режелестирилген.
ISESCO басшысы Патшалық пенен бирге ислесиў нәтийжеси сыпатында иске түсетуғын «Ислам дүньясы ушын жасалма интеллект бойынша Ар-Риёд Хартиясы»н жәриялайды.
«Жасалма интеллектте стратегиялық басқарыў: нызам ҳәм әдеп-икрамлылық арасында» темасындағы жумысшы сессияда Уллы Британияның “Oxford Insight Foundation” бас директоры Ричард Стирлинг, «Оман Султанлығында жоқары оқыў орнынан кейинги билимлендириў, изертлеў ҳәм инновация бойынша әмелий изертлеў» бағдарламасында Технология ҳәм илим университети вице-президенти Саид Жабуб, сондай-ақ, Париждеги санлы инженерлик мектеби жасалма интеллектти қолланыўда этика мәселеси бойынша профессоры Эммануэль Жоффе шығып сөйлейди.
Муҳаррама Пирматова, ӨзА