Бул ҳаққында МҒКАда өткерилген брифингте Шаңарақ ҳәм ҳаял-қызлар комитети мәлимлеме хызмети башысы Саодат Боймирзаева мәлим етти.

Ҳаял-қызлардың жәмийеттеги ролин арттырыў, гендер теңлик ҳәм шаңарақ мәселелери бойынша республикалық комиссиясы, Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының Ҳаял-қызлар ҳәм гендер теңлик мәселелери комитети, Шаңарақ ҳәм ҳаял-қызлар комитети «Гендер теңлик белсендиси» миллий таңлаўын жәриялайды.

Таңлаўды өткериўден мақсет ҳәр бир шөлкемде гендер теңликти тәмийинлеўге қаратылған сиясатты қәлиплестириў, шөлкемлердиң жумысына гендер  көзқарасларды енгизиў, гендер теңликке ерисиў мәселелерине жәмийетшиликтиң итибарын кеңнентартыў, түрли структуралар хызметине гендер теңликти сиңдириўден ибарат.

Таңлаўда гендер теңликти тәмийинлеў тараўында жоқары нәтийжелерге ерискен, бул бағдарда жәмийеттиң раўажланыўы жолында баслама көрсетип атырған, ҳаял-қызлардың ҳуқықларын қорғаў, өз тараўына тийисли бағдарларда әҳмийетли ўазыйпаларды әмелге асырып атырған министрлик ҳәм уйымлар, мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлер, ҳәкимликлер, исбилерменлик субъектлери ҳәм ғалаба хабар қураллары қатнасыўы мүмкин.

Танлаў 7 тийкарғы ҳәм 3 қосымша номинация бойынша төмендеги басқышларда өткериледи:

-биринши басқыш –район ҳәм қалаларда 20-30-сентябрь күнлери;

-екинши басқыш –Қарақалпақстан Республикасы, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласында 5-20-октябрь күнлери;

-үшинши басқыш- республикалық басқышы ноябрь айында болып өтеди.

Мағлыўмат орнында атап өтиўимиз керек, бул таңлаў 2020-жылдан берли өткерилип киятырған болып, онда 80 нен аслам министрлик ҳәм уйымлар, мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкем, ҳәкимлик, исбилерменлик субъекти ҳәм ғалаба хабар қураллары жеңимпаз болған.

 

ӨзА