Сырт ел баспасөзи Өзбекстан ҳаққында
Иорданияның «Ammаn News» редакциясы «Өзбекстанның Ғәрезсизлик күни халықты бирлестирген, кеўиллерди меҳир-мухаббатқа толтыратуғын күн» атамасындағы мақала жәриялады.
Мақалада Мәмлекетимиз ғәрезсизлигиниң 33 жыллығы мүнәсибети менен «Бир болсақ-бир халықпыз, бирлессек-Ўатанбыз!» деген ийгиликли идея астында «Жаңа Өзбекстан» бағында байрам салтанаты болып өткени, Президент Шавкат Мирзиёев халқымызды усы уллы әйяям менен қутлықлап, шығып сөйлегени толық сәўлеленген.
Автор елимизде ҳүким сүрип атырған тынышлық-татыўлық, миллет-халықлардың татыўлығы, мийрим-шәпәәт орталығы, жәрдем ҳәм итибарға мүтәж инсанларға көрсетилип атырған турақлы ғамхорлық мәмлекетлик сиясаттың үзликсиз бөлегине айланғанын атап өткен.
– Тынышлық ҳәм парахатшылық, пуқаралар татыўлығы, диний кеңпейиллик, ҳәр қыйлы мәденият ўәкиллериниң жәмийетлик турмыстағы теңдей қатнасы Жаңа Өзбекстанның өзине тән өзгешелиги болып, бул тәжирийбе динлер аралық ҳәм мәдениятлар аралық қарым-қатнасты раўажландырады, хошаметлейди,-деп жазған басылым Президентимиздиң байрам қуўанышында сөйлеген сөзинен төмендеги сөзлерин де келтирген:
– Ғәрезсизлик себепли миллий мәмлекетшилигимиз қайта тикленди. Өзбекстан жаңа тарийхый дәўирге қәдем қойды. Усы ғәрезсизлик себепли Дүнья жәмийетшилигинен мүнәсип орын ийеледик. Оның менен қанша мақтансақ арзыйды. Усындай қутлы күнде Өзбекстанның ғәрезсизлиги ушын гүрескен ўатансүйиўши ата-бабаларымыз естелигин миннетдаршылық пенен еске алыўымыз, тәбийғый, әлбетте. Бул пидайы инсанлардың атларын ҳеш қашан умытпаймыз. Олардың естелиги кеўиллеримизде, жүрегимизде ҳәмийше жасайды!
Салтанатлы концерт бағдарламасының көрсетилгени, қосықларда халқымыздың бай көркем өнери ҳәм қәдирияты, фольклор жәмәәтлериниң шығыўларында миллетлер аралық татыўлық көзге тасланғаны атап өтилген.
Илаж даўамында аспанда самолётлар Өзбекстан байрағын пайда еткени салтанатлар Ғәрезсизлик күнине бағышланған саўлатлы салют пенен жуўмақланғанына итибар берилген.
Муҳаррама Пирматова, ӨзА