28-август күни Ташкент қаласында Олий Мажлис Сенаты мәжилислер залында Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының елиў алтыншы жалпы мәжилиси болып өтти.
Онда Сенат, ҳүкимет ағзалары, министрлик ҳәм уйымлардың ўәкиллери, Сенат жанындағы Жаслар парламенти ағзалары ҳәм ғалаба хабар қураллары хызметкерлери қатнасты.
Видеоконференцбайланыс тәризинде өткерилген жалпы мәжилисти Олий Мажлис Сенаты Баслығы Танзила Норбоева алып барды.
Жалпы мәжилис Сенаттың YouTube тармағындағы бети арқалы тиккелей сәўлелендирилип барылды.
Дәслеп Олий Мажлис Сенатының елиў алтыншы жалпы мәжилисинде «Өзбекстан Республикасының «Өзбекстан Республикасында хызмет көрсеткен исбилермен» ҳүрметли атағын шөлкемлестириў ҳаққында»ғы нызамы көрип шығылды.
Нызам менен «Өзбекстан Республикасында хызмет көрсеткен исбилермен» ҳүрметли атағы бизнестиң жаңа, жоқары дәраматлы бағдарларын жолға қойған, тараўға инновацияларды кеңнен енгизиў, заманагөй өндирис қуўатлықларын қурыў, экспорт потенциалын арттырыў, сырт ел ҳәм жергиликли инвестицияларды жедел тартыў, жаңа жумыс орынларын жаратыў арқалы мәмлекетимиз экономикасын раўажландырыў ҳәм халықтың абаданлығын жоқарылатыўға мүнәсип үлес қосып киятырған, сондай-ақ, өз жумысы даўамында мәмлекетлик уйымлар менен бирге өз-ара бирге ислесиўди әмелге асырып, социаллық жойбарлардағы белсендилиги менен басқаларға үлги болып атырған, бизнес жүргизиўде үлкен тәжирийбеги ийе, алдынғы ҳәм интакер исбилерменлик субъектлери басшылары ҳәм шөлкемлестириўшилерине берилиўи нәзерде тутылған.
Нызамға бола, «Өзбекстан Республикасында хызмет көрсеткен исбилермен» ҳүрметли атағының шөлкемлестирилиўи мүнәсибети менен «Өзбекстан Республикасының ҳүрметли атақларын шөлкемлестириў ҳаққында»ғы ҳәм «Мәмлекетлик сыйлықлар ҳаққында»ғы нызамларына тийисли өзгерис ҳәм қосымшалар киргизилмекте.
Атап өтилгениндей, нызамның қабыл еитилиўи ммлекетимизде экономиканың өсиўин, исбилерменликтиң және де раўажланыўын, жаңа жумыс орынларын жаратыўды тәмийинлеўде бәршеге үлги болып атырған, түрли тараўларда жоқары нәтийжелерге ерисип киятырған исбилерменлердиң жумысын хошаметлеў имканиятын береди.
Додалаўдан соң нызам мақулланды.
Буннан соң сенаторлар «Өзбекстан Республикасының Жынаят, Жынаят-процессуал кодекслерине ҳәм Өзбекстан Республикасының Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодексине жерди ҳәм жер асты байлықларын сақлап қалыўға ҳәм қорғаўға қаратылған қосымша ҳәм өзгерислер киргизиў ҳаққында»ғы нызамды додалады.
Атап өтилгениндей, соңғы жыллары мәмлекетимизде жерди ҳәм жер асты байлықларын сақлаў ҳәм қорғаў, сондай-ақ, жер участкаларынан ағылға уғрас ҳәм мақсетли пайдаланыўды тәмийинлеў бағдарында систмалы жумыслар әмелге асырылмақта.
Республикамызда 2676 пайдалы қазылма кәни болып, олардан рухсатнама тийкарында исбилерменлик субъектлери тәрепинен 2 мыңнан аслам пайдалы қазылма қазып алынбақта.
Әсиресе, баҳалы металларды алтын излеўшилер усылында қазып алыў раўажланбақта. Президентимиздиң 2018-жыл ноябрьдеги тийисли қарары менен исбилерменликтиң бир түри сыпатында бул жумыстың да ҳуқықый тийкарлары жаратылды. 2019-2023-жыллар даўамында баҳалы металларды алтын қазып алыўшылар усылында қазып алыў жумысы ушын 300 ден аслам рухсатнама рәсмийлестирилип, исбилерменлик жумысының нызамлылығы тәмийинленген.
Бирақ, көрилип атырған илажларға қарамастан, баҳалы металларды нызамсыз қазып алыў менен байланыслы жағдайлар еле де бақданбақта. Өткен бир жылда баҳалы металларды нызамсыз жол арқалы қазып алыўға байланыслы 100 ден аслам жағдай анықланған.
Жиззақ, Самарқанд, Наўайы ҳәм Ташкент ўәлаятларында жәми 79 физикалық тәрепке жынаят ислери қозғатылған. Тараўда ҳуқықбузарлық жағдайларының артып барыўы бул қылмысларды әмелге асырғанлығы ушын жуўапкершилик күшейтилиўин талап етеди.
Соның ушын Жынаят кодексинде пайдалы қазылмаларды нызамға қарсы түрде қазып алыў ушын ҳәкимшилик жаза қолланылғаннан кейин қайта әмелге асырғанлығы ушын, сондай-ақ, пайдалы қызалмаларды алтын излеўшилер усылында рухсатнамасыз қазып алғанлығы ушын жынайый жуўапкершиликти нәзерде тутатуғын нормалар беккемленбекте.
Буннан тысқары, ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодексте жер участкаларын өзбасымшалық пенен ийелеп алыў, өзбасымшалық пенен ийелеп алынған жер участкаларында қурылыс жумысларын әмелге асырыў, сондай-ақ, жер бериў тәртибин бузыў менен байланыслы ҳуқықбузарлықларды әмелге асырған шахсларға ҳәкимшилик баянлама дүзиў бойынша ишки ислер уйымларына зәрүр ўәкилликлер берилмекте.
Сенаторлардың пикиринше, бул нызам жерди ҳәм жер асты байлықларын сақлап қалыў ҳәм қорғаў ҳаққындағы нызамшылыққа әмел етилиўин, сондай-ақ, бул тараўдағы ҳуқықбузарлықлардың нәтийжели профилактикасын тәмийинлеўге хызмет етеди.
Нызам сенаторлар тәрепинен мақулланды.
Сондай-ақ, Сенаттың 56-жалпы мәжилисиниң додалаў орайында «Өзбекстан Республикасының айырым нызам ҳүжжетлерине судларға жумысларды көриўде прокурордың ўәкилликлерин тәмийинлеўге қаратылған өзгерис ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында»ғы нызам болды.
Нызам менен суд жумысларын жүргизиўде тәреплердиң тартысыўы принципин және де анықластырыўға қаратылған тийисли өзгерис ҳәм қосымашалар киргизиў нәзерде тутылмақта. Буннан тысқары, мәмлекет мәплери нәтийжели қорғалыўын тәмийинлеў бағдарында судлар тәрепинен пуқаралық, экономикалық ҳәм ҳәкимшилик ислерин көриўде прокурордың қатнасыўына, сондай-ақ, ислерди көрип шығыў нәтийжелери бойынша қабыл етилген суд ҳүжжетлери үстинен шағым етиўге байланыслы процессуал нормалар да айқынластырылмақта.
Нызам менен прокурор мәмлекеттиң нызам менен қорғаланатуғын мәплерин қорғаў мақсетинде пуқаралық ҳәм экономикалық судлардағы жерге байланыслы ҳуқықый қатнасықлар, мәмлекетлик мүлк, мәмлекетке жеткерилген зыянның орнын қаплаў, қоршаған орталықты қорғаў ҳаққындағы нызамшылықты бузыў, мәмлекетлик бюджеттен өндириўлер, жеке меншик мүлк сыпатында ийелик етиў ҳәм оннан пайдаланыў фактин анықлаў, бажыхана төлемлерин өндириўге байланыслы жумысларда қатнасыўы мүмкин екени билдирилмекте.
Сондай-ақ, прокурор пуқаралық ислери бойынша судларға мәмлекет мәплерин қорғаўға байланыслы мәселелер бойынша арза менен мүрәжат етиў ҳуқықына ийе екени нәзерде тутылмақта.
Буннан тысқары, прокурордың қатнасыўы нәзерде тутылған пуқаралық, экономикалық ҳәм ҳәкимшилик ислер бойынша прокурор суд мәжилиси ўақты ҳәм орны ҳаққында белгиленген тәртипте хабардар етилмеген болса, прокурор бул ислерди судтан талап етип алып үйрениўи ҳәм олар бойынша протест келтириўи мүмкин екени нәзерде тутылмақта.
Сенаторлардың атап өтиўинше, нызамның қабыл етилиўи прокуратура уйымларының әдил судлаўды әмелге асырыўға жәрдемлесиўи бағдарындағы жумысының нәтийжелилигин және де арттырыўға, пуқаралардың ҳуқық ҳәм еркинликлерин, жәмийет ҳәм мәмлекеттиң нызам менен қорғаланатуғын мәплерин толық қорғаўға, сондай-ақ, судларда ислерди додалаўда нызамлылықты беккемлеўге хызмет етеди.
Додалаў жуўмағында сенаторлар нызамды мақуллады.
Буннан тысқары, Олий Мажлис Сенатының жалпы мәжилисинде «Өзбекстан Республикасының айырым нызам ҳүжжетлерине коммуналлық төлемлерди суд арқалы өнидириўде қолайлықлар жаратыўға қаратылған қосымша ҳәм өзгерислер киргизиў ҳаққында»ғы нызам додаланды.
Нызам менен Пуқаралық процессуал кодекси ҳәм «Мәмлекетлик бажы ҳаққында»ғы нызамға өзгерис ҳәм қосымшалар киргизилмекте.
Оған бола көп квартиралы жайларды басқарыў уйымлары өзлери тәрепинен өз алдына көрсетилген хызметлер ушын мәжбүрий төлемлер бойынша қарыздарлықты өндириў ҳаққындағы даўалар, арзалар ҳәм шағымлар менен пуқаралық ислери бойынша ҳәм экономикалық судларға мүрәжат етиўде мәмлекетлик бажыны төлеўден азат етиледи.
Сондай-ақ, халықтың артықша әўерегершилигиниң алдын алыў ҳәм әдил судлаўды тәмийинлеў мақсетинде Пуқаралық процессуал кодексине де өзгерислер ҳәм қоысамшалар киргизилмекте.
Атап айтқанда, пуқаралық ислери бойынша ҳәм экономикалық судларға көп квартиралы жайдың орынлары мүлк ийелеринен мәжбүрий төлемлерди өндириў бойынша суд буйрығын бериў ҳаққындағы арза менен мүрәжат етиўде арзаға қосымша етилиўи керек болған ҳүжжетлердиң дизими қатаң белгиленип қойылмақта.
Сенаторлардың пикиринше, бул нызамның қабыл етилиўи пуқаралардың ҳәм исбилерменлик субъектлериниң нызамлы мәплерин қорғаўды сорап судқа мүрәжат етиў ҳуқықы кепилликлерин және де күшейтиўге, сондай-ақ, әдил судлаўға ерисиў имканиятларын және де кеңейтиўге хызмет етеди.
Додалаўдан соң нызам мақулланды.
Сенаторлар тәрепинен «Өзбекстан Республикасының айырым нызам ҳүжжетлерине өзгерис ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында»ғы нызам да көрип шығылды.
Бул нызам ҳәр бир пуқараның тең сайлаў ҳуқықлары кепилликлерин беккемлеў, «шаңарақлық» даўыс бериў жағдайларының алдын алыў ҳәм сайлаў кампанияларында қаржы операцияларының ашық-айданлығын тәмийинлеўге қаратылғанлығы атап өтилди.
Нызам менен Өзбекстан Республикасының Жынаят ҳәм Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодексине сайлаў процеси менен байланыслы болған айырым дүзетиўлер киргизилмекте.
Атап айтқанда, сайлаў (даўыс бериў) бюллетенлерин бериў тәртибин бузғанлығы ушын базалық есаплаў муғдарының бир есесине шекемги муғдарда жәрийма салыныўы белгиленбекте.
Буннан тысқары, нызам сайлаўда қатнасыў ушын ажыратылған мәмлекет қаржылары бойынша қаржылай есабатларды бериў тәртибин бузғанлығы ушын ҳәкимшилик жуўапкершилик белгиленўди нәзерде тутады. Оған бола, сайлаўда қатнасыў ушын ажыратылған мәмлекет қаржылары ҳаққындағы аралық яки жуўмақлаўшы есабатты бермеў яки ўақтында бермеў ямаса есабатта биле тура надурыс мағлыўматларды бериў, лаўазымлы шахсқа базалық есаплаў муғдарының бес есесинен он есесине шекемги муғдарда жәрийма салыўға себеп болады.
Сенаторлар тәрепинен бул нызам ҳәр бир пуқараның тең сайлаў ҳуқықы кепилликлерин және де беккемлеўге, сайлаў кампаниясы ўақтында пайдаланылған Мәмлекетлик бюджет қаржылары ҳаққында тез ҳәм исенимли мәлимлеме бериўдиң ҳуқықый тийкарларын жетилистириўге, сиясий партиялардың Мәмлекетлик бюджет қаржыларынан пайдаланыў бойынша қаржылай есап бериўшилик жуўапкершилигин күшейтиўге хызмет ететуғыны атап өтилди.
Нызам сенаторлар тәрепинен мақулланды.
Сенаттың жалпы мәжилисинде «Өзбекстан Республикасының айырым нызам ҳүжжетлерине өзгерис ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында»ғы нызам додаланды.
Әмелдеги нызам ҳүжжетлерин жаңа редакциядағы Конституцияға муўапықластырыў мақсетинде ислеп шығылған бул нызам жаңаланған Конституцияда беккемленген принциплерди әмелге асырыўға қаратылған бир қатар әҳмийетли дөзетиўлерди өз ишине алғаны атап өтилди.
Атап айтқанда, 26 нызам ҳүжжетлериниң, соның менен бир қатарда, 6 кодекс ҳәм 20 нызам нормалары жаңаланған Конституцияның 19-статьясында белгиленген «Өзбекстан Республикасында барлық пуқаралар бирдей ҳуқық ҳәм еркинликлерге ийе болып, жынысы, рассасы, миллети, тили, дини, исеними, социаллық келип шығыўы, социаллық статусына қарамастан нызам алдында тең» деген қағыйдаға муўапықластырылмақта.
Сондай-ақ, бул нызам арқалы «Ғалаба хабар қураллары ҳаққында»ғы нызамға ғалаба хабар қуралларының еркинлиги ҳәм ғәрезсизлиги ҳәм нызамға муўапық жумыс алып барыўы ҳаққындағы норма менен толықтырылмақта.
Және әҳмийетли өзгерислерден бири Мийнет кодекси ҳәм «Мәмлекетлик пуқаралық хызмети ҳаққында»ғы нызамға туўысқанының судланғанлығына қарап жумысқа қабыл етиўди бийкарлаў сыяқлы кемситиўлердиң алдын алыўға байланыслы өзгерислер киргизилмекте.
Сенаторлар тәрепинен бул нызам пуқараларды қорғаўдың ҳуқықый кепилликлерин және де беккемлеўге, олардың ҳуқықларын әмелге асырыўда, соның менен бир қатарда, жумысқа қабыл етиўде теңдей имканиятларды тәмийинлеўге, сондай-ақ, ғалаба хабар қураллары жумысының еркинлиги кепилликлерин күшейтиўге хызмет ететуғыны атап өтилди.
Сенаторлар тәрепинен Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенаты Кенгаши қарарларын тастыйықлаў ҳаққындағы мәселе де көрип шығылды.
Жалпы мәжилисте жәмийетлик турмыстың барлық тараўларының ҳуқықый тийкарларын беккемлеўге ҳәм мәмлекетте әмелге асырылып атырған кең көлемли реформалардың нәтийжелилигин арттырыўға, халықаралық бирге ислесиўди раўажландырыўға қаратылған 7 мәселе, соның ишинде, 6 нызам додаланды.
Соның менен Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының елиў алтыншы жалпы мәжилиси жуўмақланды.
Өзбекстан Республикасы
Олий Мажлиси Сенаты
Мәлимлеме хызмети