Өзбекстанда Ислам цивилизациясы орайы ҳәм Өзбекстан мәдений мийрасын үйрениў, сақлаў ҳәм ғалабала ен жайдырыў бойынша Пүткил жер жүзилик  жәмийети (WOSCU) тәрепинен елимизде «Уллы ата-бабалардың мийрасы – Үшинши ренессанс тийкары» темасында VIII халықаралық конгресси өткерилмекте.

Онда ИРСИКА, АЙСЕСКО, ТУРКСОЙ сыяқлы халықаралық шөлкемлер, «Ал-Фурқон» фонды, Халықаралық Түркий академиясының басшы ҳәм хызметкерлери, дүньяның 35 мәмлекетинен 300 ге шамалас илимпазлар, қәнигелер, изертлеўшилер қатнаспақта.

Мәмлекетимиз пайтахтында 23-август күни басланған илажлар ҳәзирги ўақытта Самарқандта даўам етпекте.

Дәслеп, Өзбекстан Республикасы Презденти Шавкат Мирзиёевтиң әнжуман қатнасыўшыларына қутлықлаўын Президенттиң кеңесгөйи Хайриддин Султанов оқып еситтирди.

Қутлықлаўда мәмлекетимизде уллы ата-бабаларымыздың мәнаўий мийрасын үйрениў ҳәм үгит-нәсиятлаўға айрықша итибар  қаратылып атырғаны айтылып, бул конгресс те усы мақсетке хызмет етип атырғаны атап өтилген.  Бул бағдарда Өзбекстанның мәдений мийрасын сақлаў, үйрениў ҳәм ғалаба ен жайдырыў бойынша пүткил дүнья жәмийетшилиги тәрепинен өткерилип атырған халықаралық әнжуманлар үлкен әҳмийетке ийе екенлиги тән алынған.

Атап айтқанда, «Өзбекстанның мәдений мийрасы дүнья топламларында» жойбары шеңберинде 70 томлық китап-альбомлар басып шығарылып, елимиз ҳәм сырт еллердеги ең белгили китапханалар, жоқары оқыў орны ҳәм музейлер, абырайлы илим-ағартыўшылық орайларына жеткерип берилди. Әне, усы жумыслардың даўамы сыпатында әнжуман күнлеринде усы дүркиндеги және 10 жаңа  томның презентациясы өткерилиўи де әҳмийетли мәдений илаж болып есапланады, деп атап өтилген қутлықлаўда.

Өзбекстандағы Ислам цивилизациясы орайының директоры, Өзбекстанның мәдений мийрасын сақлаў, үйрениў ҳәм ғалаба ен жайдырыў бойынша пүткил дүнья жәмийетшилигиниң басқарма баслығы Фирдавс Абдухолиқов конгресс қатнасыўшыларына қутлықлаў  жоллағаны ушын Президент Шавкат Мирзиёевқа қатнасыўшылардың  атынан миннетдаршылық билдирди.

– Мәмлекетимизде Үшинши Ренессанс тырнағын жаратыў бойынша үлкен  жумыслар исленбекте, илим, билимлендириў ҳәм мәденият раўажланбақта, – деди Ф.Абдухолиқов. Буннан жети жыл алдын әне, усы жақсы мақсетлерди әмелге асырыў ушын Президентимиздиң пәрманы тийкарында Өзбекстандағы Ислам  цивилизациясы орайы шөлкемлестирилген еди. Бүгин бул бағдардағы жумыслар өз нәтийжесин  көрсетпекте.

Конгресстиң ашылыў мәресиминде Ислам тарийхы, көркем өнери ҳәм мәденияты изертлеўлер орайы – ИРСИКА директоры Маҳмуд Эрод Қилич, Халықаралық түркий мәденият шөлкеми – ТУРКСОЙдың бас хаткери Султон Раев, Россия Илимлер академиясы Шығыс қолжазбалар институтының директоры Ирина Попова, Францияның Араб дүньясы институтының директоры Натали Бондиль, Түркия Илимлер академиясының президенти Музаффар Шекер, «Ал-Фурқон» Ислам мийрасы фондының менеджери Сали Шаҳсивари ҳәм басқалар шығып сөйледи, Өзбекстанда  бай мәдений мийрасты үйрениў ҳәм қәстерлеп-сақлаў бағдарында әмелге асырылып атырған жумыслар, бул бағдардағы халықаралық бирге ислесиўге жоқары баҳа берди. Өзбекстанның мәдений мийрасын үйрениў, сақлаў ҳәм ғалаба ен жайдырыў бойынша Пүткил жер жүзилик жәмийетиниң бул бағдардағы жумысы  тән алынды.

-Соңғы жылларда Жаңа Өзбекстанда руўхый-ағартыўшылық, сиясий-экономикалық бағдарларда кең көлемли жаңа реформалар әмелге асырылмақта, – деди ТУРКСОЙдың бас хаткери Султон Раев. – Президент Шавкат Мирзиёев ортаға таслаған Жаңа Өзбекстан түсиниги бүгин мәмлекетте әмелге асырылып атырған барлық  реформалардың тийкарын қурайды. Усы идея бойынша алға  қойылып атырған идеология, алдынғы басламалар бүгин Өзбекстанның жаңа мәнаўий келбетин дүньяға көрсетпекте ҳәм көплеген мәмлекетлерге ибрат болмақта. Себеби Өзбекстан дүнья тарийхында өз орнына ийе  болған Әмир Темур, Мырза Бабур сыяқлы мәмлекетлик ғайраткерлер, Әбиў Әли ибн Сино, Ал Хорезмий, Мырза Улығбек, Әлийшер  Наўайы  сыяқлы пүткил илимниң раўажланыўына үлкен үлес қосқан көплеген илимпазлар, орта әсирлер ислам дини негизин беккемленген Имам Бухарий, Баҳаўддин Нақшбанд, Абдухолиқ Ғиждуўаний сыяқлы уллы инсанларға бесик болған, оларды кәмалға келтирген. Бир неше әсирлер  өтсе де олардың илимий мийрасы  ҳәм оның әҳмийети артып бармақта.

Түркий Илимлер академиясының президенти Музаффар Шекер кейинги жылларда Өзбекстанда диний-ағартыўшылық тараўда әмелге асырылып атырған жумысларды тән алар екен,  әсиресе, Ислам цивилизациясы орайы ҳәм Имам Бухарий комплексинде алып барылып атырған жумыслар өзбек халқының мәнаўий қүдиретин  дүньяға көрсететуғынын атап өтти.

«Ал-Фурқон» Ислам мийрасы фонды менеджери Сали Шаҳсивари болса бүгинги күнде дүньядағы көплеген ири коллекциялар ҳәм белгили музейлерде Өзбекстанның материаллық ҳәм материаллық емес мийрасына байланыслы сийрек ушырасатуғын дүрданалар сақланып атырғанын атап өтип, оларды үйрениўде ҳәм бул ҳаққында мағлыўматлар жыйнаўда Өзбекстан мәдений  мийрасын үйрениў, сақлаў ҳәм ғалаба ен жайдырыў бойынша пүткил жер жүзилик жәмийетиниң хызметлери шексиз екенлигин тән алды.

-Қысқа  ўақыт ишинде «Өзбекстанның мәдений мийрасы дүнья топламларында» жойбары шеңберинде 70 томлық китап-альбомлардың таярланыўы аңсат болатуғын процесс емес, оның тийкарында қанша мийнет, қыйыншылық бар екенлигин жақсы билемиз – деди Сали Шаҳсивари. – Соның ушын биз WOSCUдиң бул бағдардағы жумысларын қоллап-қуўатлаймыз ҳәм усы шөлкем менен буннан былай да бирге ислесиўге таярмыз.

Конгресстиң ашылыў мәресиминде Өзбекстандағы  Ислам цивилизациясы орайы ҳаққындағы видеоролик көрсетилди.

Халықаралық форум жалпы мәжилисинде Ислам цивилизациясы орайы ҳәм  Имам Бухарий комплекси музейиниң жойбар ҳәм концепциялары додаланды. Жергиликли  ҳәм сырт елли қәнигелердиң жойбарлары көрип шығылды.

Конгресстиң  жети сектор мәжилислеринде де Ислам цивилизациясы орайы ҳәм Имам Бухарий музейлериниң экспозициялары бойынша усыныс етилген жойбарлар додаланбақта. Сондай-ақ, илаж шеңберинде «Жаңа Ренессанс: Мәдений мийрасты сақлаўда кино ҳәм медианың орны» темасында ТУРКСОЙ халықаралық форумы өткерилмекте. Онда түркий тиллес мәмлекетлердиң кино санааты ўәкиллериниң қатнасыўында «Кино – мийрас қорғаўшысы: мәдений жойбарлар ҳәм басламалар презентациясы», «Глобал медиа бирге ислесиў: мийрасты сақлаў бойынша мәдениятлараралық  жойбарлар» сыяқлы илажларды өткериў режелестирилген. Сондай-ақ, Ислам цивилизациясы орайы мультимедиа блоги ушын таярланған видеороликлер дүркини презентациясы, «Бактрия тарийхы», «Өзбекстанның археологиялық дүрданалары», «Клавихо», «Худойберген Девонов ҳәм немис  меннонитлери», «Мухтар Аўезов» жойбарларының презентациясы өткериледи.

Халықаралық конгресс даўамында Өзбекстандағы Ислам цивилизациясы орайы,  Өзбекстан мәдений мийрасын үйрениў, сақлаў ҳәм ғалаба ен жайдырыў бойынша пүткил жер жүзилик жәмийети менен бирге ислесиў бойынша бир қатар халықаралық шөлкемлер, академиялар арасында меморандумларға қол қойылды.

Форум өз жумысын даўам еттирмекте.

Ғолиб ҲАСАНОВ,

ӨзАның хабаршысы