БМШтиң Инсан ҳуқықлары бойынша кеңесиниң Мүнәсип турақ жай мәселелери бойынша арнаўлы баянатшысы Балакришнан Ражагопал  Өзбекстанға сапары шеңберинде Олий Мажлистиң Инсан ҳуқықлары бойынша ўәкили (Омбудсман) менен ушырасты.

Б.Ражагопал Өзбекстандағы турақ жай ҳуқықын қорғаў бойынша нызамшылық ҳәм оның орынланыўы, соның ишинде, турақ жайдың арзан екенлиги, ҳәм жарамлылығы, хызметлерден пайдаланыў имканиятлары ҳәм мәжбүрий көшириў мәселелерин үйренип шығатуғынлығын айтып өтиўимиз керек.

Омбудсман Феруза Эшматова арнаўлы баянатшы Балакришнан Ражагопал ҳәм арнаўлы баянатшы секретариатының баслығы Гуннар Тейссен менен ушырасыўда инсан ҳуқықларын қорғаў тараўында әмелге асырылып атырған реформалар ҳаққында мағлыўмат берди.

Өзбекстанда пуқаралардың ҳуқықлары менен мәплерин қорғаў, олардың мүрәжатлерин көрип шығыў бойынша анық механизмлер жаратылғаны ҳәм бул бойынша нызамшылық турақлы түрде раўажландырылып атырғанына айрықша итибар қаратылды.

2020-2023-жыллар даўамында Омбудсманға турақ жай менен байланыслы мәселеде пуқаралардан 5 мыңнан аслам мүрәжат келип түскен. Бул мүрәжатлердиң көрип шығылыўы нәтийжесинде пуқаралар пайдасына 1 миллиард 305 миллион сум компенсация пуллары өндирилген.

Өз-ара сөйлесиў даўамында усы бағдарда халықтың ҳуқықый билими ҳәм хабардарлығын арттырып барыў кереклиги атап өтилди. Усы мүнәсибет пенен республика бойлап пуқаралардың ҳуқықый хабардарлығын арттырыўға қаратылған «Омбудсман мектеби» илажларының әҳмийетлилиги атап өтилди.

Ушырасыўда Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Исбилерменлик субъектлериниң ҳуқықлары ҳәм нызамлы мәплерин қорғаў бойынша ўәкил ҳәм Балалар омбудсман ўәкиллери де өз пикирлери менен ортақласты.

Сөйлесиў даўамында арнаўлы баянатшы Балакришнан Ражагопал Өзбекстанда пуқаралардың турақ жайға болған ҳуқықларын қорғаўдың ҳуқықый тийкарларын беккемлеў бойынша әмелге асырылған реформаларды атап өтер екен, бул бойынша Омбудсман институты жумысының әҳмийетлилигине тоқтап өтти.

Сондай-ақ, Омбудсман институтлары менен тығыз бирге ислесиў байланысларын беккемлеўден мәпдар екенлигин билдирди.

ӨзА