Хорватия сайланды командасы үстинен 4:2 есабында жеңиске ерискен Франция сайланды командасының футболшылары өз тарийхында екинши мәрте жәҳән чемпионы болды.
Ойынның 18-минутында Марио Манджукич күтилмегенде өз дәрўазасына топ өткерип, Францияны есапта алдыға алып шықты. Арадан көп ўақыт өтпей Иван Перишич есапты теңлестирди. 38-минутта бас төреши Хорватия дәрўазасына 11 метрлик жәрийма тобын белгиледи. Оны Антуан Гризманн анық дәрўазаға жоллап, есапты 2:1 жеткерди. Екинши бөлим толық франциялылардың үстинлигинде өтти. 65-минутта Килиан Мваппе, 69-минутта Поль Погба есапты 4:1 жеткерди. Ойынның тамамланыўына 21 минут қалғанда Марио Манджукич есапты бир топқа қысқартты.
Англия сайланды командасын 2:0 есабында жеңилиске ушыратқан Бельгия жәҳән чемпионатының қола медалы менен сыйлықланды.
Хорватия сайланды командасының футболшысы Лука Модрич жәҳән чемпионатының ең жақсы ойыншысы, франциялы Килиан Мваппе ең жақсы жас ойыншы, қарсыласлар дәрўазасына 6 топ өткерген англиялы Харри Кейн жәҳән чемпионатының топурары, Белгия сайланды командасынан Куртуа ең жақсы дәрўазаман деп табылды.
Солай етип, күтилмеген нәтийжелерге бай болған жәҳән чемпионаты жуўмақланды. Келеси жәҳән чемпионаты 2022-жылы Катар мәмлекетинде болып өтеди.
Қарақалпақстан хабар агентлиги.