Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң қарарында Өзбекстанда жер үсти аналоглы телееситтириўлерди басқышпа-басқыш тоқтатыў кестеси тастыйықланған болып, кестеге муўапық 2018-жылдың 5-декабрине шекем альтернатив форматтағы телееситтириўлердиң тоқтатылыўы белгиленген. Бул ҳаққында ӨзА хабар бермекте.

Усы кесте тийкарында 2018-жылдың 15-январынан Ферғана, Әндижан, Наманган ҳәм Ташкент ўәлаятларында альтернативлик форматтағы телебағдарламалар эфири тоқтатылған еди.

Сондай-ақ, 15-апрельден Сырдәрья, 15-майдан Жиззақ, 1-июньнан Самарқанд, 15-июньнан Бухара ҳәм Наўайы, 1-июльдан Хорезм ҳәм 15-июльдан Ташкент қаласында усындай форматтағы телееситтириўлер тоқтатылды.

Ҳәзирги ўақытта Өзбекстан көлеминде тек ғана Қарақалпақстан Республикасы (10-сентябрьге шекем), Қашқадәрья (5-декабрьге шекем) ҳәм Сурхандәрья (5-ноябрьге шекем) ўәлаятларында аналоглы телевидениени көриў мүмкиншилиги сақланып қалған.

2018-жылдың декабрь айында соңғы аналоглы узатқышлардың өширилиўи менен Өзбекстан санлы телевидениеге толық өткен мәмлекетлердиң қатарына киреди.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги