Жаңа китап

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң “Өзбекстан” баспасында шыққан жаңа китабы усылай аталады.

Өзбекстанның бүгинги жаңа көриниси, мәмлекетимиздиң дүньяның раўажланыўында тутқан орны ҳәм позициясы, әҳмийетли халықаралық жәмийетлик-сиясий процесслердеги жедел қатнасы, әҳмийетли мәселелер бойынша алға қойып атырған көплеген басламалардың мазмун-мәниси усы кең көлемли, фундаментал шығармада терең таллаўлар ҳәм дәлиллер, анық ой-пикирлер тийкарында кеңнен сәўлелендирилип берилген.

Автордың көп жыллық жәмийетлик-сиясий көзқараслары, реалыққа жаңаша ҳәм терең көзқараслардың жемиси болған китап төмендеги сөзлер менен басланады’

“Тарийх сынақларынан өткен ҳақыйқат сол, өзин өзгертиўге ылайық болған, ўақытты-имканиятқа, имканиятты жеңиске, жеңисти раўажланыў тийкарына айландыра алған халық- уллы халық болып есапланады.

Бундай халық, әлбетте, өмирди де, социаллық орталықты да өзгерте алады, гөзленген мурат-мақсетлерине әлбетте ериседи.

Мен, әне, усындай уллы исеним менен жасап атырған халыққа басшы болып, адамларды өмирден разы етиў, олардың қәлбиндеги ийгиликли арзыў-нийетлерин жүзеге шығарыў жолында хызмет етиўди өзим ушын үлкен абырай ҳәм жуўапкершилик деп билемен”.

Ҳақыйқатында да, Президент Шавкат Мирзиёев көп тәреплемели жумысының мазмунына айланған, кейинги жети жыл даўамында мәмлекетимизде алып барылып атырған барлық реформалардың орайында болып атырған миллий ғәрезсизлигимизди ҳәр тәреплеме беккемлеў, елимизде тынышлық ҳәм турақлылықты тәмийинлеў, адамларды өмирден разы етиў, инсан қәдирин баҳалаў сыяқлы жақсы түсиниклер бул китаптың баслы идеясы, тийкарғы лейтмотивин қурайды.

Мәмлекетимиз басшысы тәрепинен алға қойылған, Жаңа Өзбекстанды қурыў стратегиясының тийкарғы мақсети ҳәм негизинде жәмленген идея ҳәм умтылыслар бүгинги күнде мәрт ҳәм  уллы халқымыздың пидәкерлиги, ақыл-парасаты менен реал көриниске айланып бармақта. Китапты оқыў процесинде бул ҳақыйқатты және де тереңнен сезинемиз ҳәм әне, усындай тарийхый өзгерислер дәўиринде бул уллы өзгерислердиң тек ғана гүўасы болмастан, ал белсенди қатнасыўшысы болып жасап атырғанымыз бенен мақтанамыз.

Жәми 6 баптан ибарат китаптың “Инсаният таңлаған турақлы раўажланыў жолы” деп аталған дәслепки бабында автор оқыўшы итибарын ҳәзирги замандағы тийкарғы қәўиплерге қаратады. Бул қәўип-қәтерлерди келтирип шығарған факторларды ҳәр тәреплеме анализлеп, оларды сапластырыў бойынша анық әмелий шешимлерди усыныс етеди.

Дөретпениң “Жаңа Өзбекстан – социаллық мәмлекет” деп аталған екинши бабы мәмлекетимизде  социаллық тараўда әмелге асырылып атырған үлкен жумыслар ҳәм олардың нәтийжелерин таллаўға бағышланған. Автор билимлендириў, тәрбия, илим ҳәм мәденият, халықты социаллық қорғаў, атап айтқанда, кәмбағаллыққа қарсы гүресиў, денсаўлықты сақлаў ҳәм спорт мәселелери бүгинги күнде Өзбекстанда инсан қәдирин жоқарлатыў, оның ҳуқық ҳәм еркинликлери, турмыслық мәплерин тәмийинлеўге қаратылған әҳмийетли реформалардың ажыралмас бир бөлегине айланып, анық нәтийже берип атырғанын турмыслық  мысаллар арқалы көрсетип береди.

“Мениң ең үлкен нийетим – мәмлекетимизде кәмбағаллық ҳәм жумыссызлыққа пүткиллей сапластырыў болып есапланады, деп жазады Президентимиз. – Усы күнлердиң келиўине исенимим кәмил ҳәм бул ушын бар күш ҳәм имканиятларымды, барлығымды бағышлаўға таярман”.

Әлбетте, тарихый қысқа мүддетте мәмлекетимизде избе-из экономикалық өсиўди тәмийинлеў, экономикалық раўажланыўға ерисиў тийкарында халқымыздың турмыс дәрежеси ҳәм сапасын жақсылаў бойынша көплеген жумыслар әмелге асырылды. Әсиресе, салық, банк-қаржы системасындағы жаңаланыўлар, соның ишинде, валюта базарының еркинлестирилгени, нақ пул менен байланыслы машқалалардың сапластырылғаны, халықаралық қаржы операцияларының дүнья стандартлары тийкарында  әмелге асырылып атырғанлығы, жаңа инновациялық, жоқары технологиялық кәрханалар қурылып атырғаны, заманагөй коммуникация системалары , санлы технологиялар турмысымызға жедел кирип келип атырғанлығы, исбилерменлик  ушын кең жол ашылып атырғанын айрықша атап өтиў орынлы.

Дөретпениң “Жаңа Өзбекстан турақлы экономикалық раўажланыў” атамасындағы үшинши бабында әне, усы бағдардағы реформаларға  айрықша атап өтилип, бул бағдарда ерисилген нәтийжелер есап-санақ етиледи, жақын перспективада қандай экономикалық реже ҳәм стратегиялық мақсетлер алдымызда турғаны, оларды әмелге асырыў ушын нелер ислеў зәрүр екенлигине итибар қаратылады. Бул мәселелер “Макроэкономикалық турақлылықты тәмийинлеўA, “Исбилерменлик  ҳәм киши бизнести раўажландырыў”, “Санаатты жедел раўажландырыў перспективалары”, “Жаңа Өзбекстан – санлы экономика тәрепке”, “Аграр тараўды раўажландырыў ҳәм азық-аўқат қәўипсизлигин тәмийинлеў”, “Жаңа Өзбекстан’ турақлы ҳәм жасаўшы туризм”, “Жасыл энергетика”- турақлы раўажланыў гиреўи”, “Күшли аймақлар- күшли Өзбекстан  болып есапланады” сыяқлы темалар арқалы ҳәр тәреплеме ашып бериледи.

Халқымыз ҳәм дүнья жәмийетшилиги арасында Жаңа Өзбекстанның қурыўшысы сыпатында тән алынып атырған Президентимиздиң бул китабындағы “Планетамыз ҳәм Жаңа Өзбекстан экологиялық қәўиплер қарсысында”  деп аталған төртинши бабы да дыққатқа ылайық. Автор онда “ҳәзирги дәўирде дүнья көлеминде үш дағдарыс, яғный, климат өзгериси, биологиялық көп түрлиликтиң қысқарыўы ҳәм қоршаған орталықтың патасланыўы, тәбийғый ресурслардың жедел даўам етип атырғаны” ҳаққында терең тәшўиш ҳәм уўайым менен пикир жүргизеди, дүнья жәмийетшилигин бул қәўиплерге қарсы биргеликте гүресиўге шақырады.

Мысалы, суў машқаласы Өзбекстан алдында турған ең әҳмийетли мәселелерден бири болып табылады. Шавкат Мирзиёев бул бағдарда бар жағдайды түп тийкарынан реформалаў, Жаратқанның бийбаҳа жемиси болған суў ресурсларын үнемлеў ҳәм олардан нәтийжели пайдаланыў бойынша илимий тийкарланған, системалы илажлардың усы тараўды жақыннан билетуғын жетик қәниге сыпатында бирме-бир атап өтип трансшегаралық дарьялардың суўынан халықаралық нызамшылық тийкарында пайдаланыў, бул бағдарда қоңсы мәмлекетлер менен бирге ислесиў мәселесине айрықша тоқтап өтеди.

Усы баптан орын алған “Арал апатшылығы- улыўма дүньялық апатшылық”, “Мақсетимиз халықтың қолайлы экологиялық орталықта жасаў ҳуқықын тәмийинлеў”, “Жасыл мәкан” улыўма миллий жойбары- экологиялық жағдайды турақластырыў гиреўи”, “Климат машқалалары-турақлы раўажланыў жолындағы ең үлкен қәўип” сыяқлы темалар талланған әҳмийетли ой-пикирлер саламат пикирли ҳеш бир инсанды бийпарық қалдырмайды.

Бизге белгили, Шавкат Мирзиёев мәмлекет басшысы болып жумыс баслаған дәслепки күнлерден баслап “Халық мәмлекетлик уйымларға емес, мәмлекетлик а уйымлар халқымызға хызмет етиўи керек”, “Халық бизден разы болса, жаратқанда бизден разы болады”, деген уллы идея ҳәм мақсетлерди алға қойып, Өзбекстандағы үлкен-киши барлық басшылардан өз жумысын әне усы нормалар тийкарында алып барыўды талап етти. Өткен жыллар даўамында мәмлекетимизде жүз берген түпкиликли өзгерис ҳәм жаңаланыўлар, ўатанласларымыздың турмысындағы унамлы нәтийжелер әне, усындай халықшыл сиясат нәтийжеси болып табылады.

Дөретпениң “Халық хызметиндеги мәмлекет ел журт ушын уллы ығбалA деп аталған және бир әҳмийетли бабында суд-ҳуқық системасында әмелге асырылып атырған реформалар, мәмлекетлик уйымлар ҳәм жергиликли өзин-өзи басқарыў уйымларының жумысы, коррупцияға қарсы гүресиў мәселелери ҳаққында сөз етиледи.

Бәршемизге белгили Өзбекстан Республикасының жаңаланған Конституциясында мәмлекетимиздиң тынышлықты сүйиўши ҳәм раўажланыўға тийкарланған сыртқы сиясаты төмендеги ең әҳмийетли принциплер менен беккемлеп қойылған’

Өзбекстанның сыртқы сиясаты мәмлекетлердиң суверен теңлиги, күш ислетпеў яки күш пенен қәўип туўдырмаў, шегаралардың бузылмаўы, мәмлекетлердиң аймақлық  пүтинлиги, келиспеўшиликлерди тыныш жол менен шешиў, басқа мәмлекетлердиң ишки ислерине араласпаў принциплерине ҳәм халықаралық ҳуқықтың улыўма тән алынған принцип ҳәм нормаларына тийкарланады.

Бул конституциялық норма Жаңа Өзбекстан сиясатында өзиниң толық әмелий көринисин таппақта. Бүгинги күнде республикамыз дүньяға кеңнен ашылып, дүньядағы барлық тынышлықты сүйиўши мәмлекетлер менен тең ҳуқықлы ҳәм өз-ара мәп тийкарында дослық ҳәм бирге ислесиў байланысларын жедел алып барып атырған мәмлекетке айланды.

Жақында мәмлекетимизге келген Бирлескен Миллетлер Шөлкеми Бас хаткери Антониу Гутерриш мырза ҳақылы түрде тән алғанындай регионымызда интеграция процесслерин күшейтиў,  “Орайлық Азия руўхы”н қәлиплестириўде Жаңа Өзбекстанның орны ҳәм тәсири теңсиз болып табылады. Бүгин бул ҳақыйқатты дүнья жәмийетшилиги тән алмақта.

Китаптың “Жаңа Өзбекстан- қәўипсиз ҳәм тынышлықты сүйиўши мәмлекет” деп аталған соңғы бабында “Жаңа Өзбекстанның регионаллық сиясаты” ҳәм улыўма, бүгинги сиясий ҳәм социаллық көриниси қандай болатуғынлығы “Жаңа Өзбекстанның өз-ара исеним ҳәм бирге ислесиўге тийкарланған экономикалық дипломатиясы”, “Өзбекстанның жаңа сиясатының векторлары’ ўатанласлар менен бирге ислесиў ҳәм мигрантлардың ҳуқықларын қорғаў”, “Әскерий-жаўынгерлик қүдырет ҳәм жоқары руўхый потенциал- Өзбекстан Қураллы Күшлериниң еки уллы сүйениши”, қоңсы Аўғанстан менен қатнасықлар перспективасы “Бизге тыныш ҳәм турақлы, өз-ара пайдалы шериклик ушын ашық Аўғанстан керек” сыяқлы темалар таллаўлар арқалы толық сәўлелендирилип берилген.

Жуўмақлап айтқанда,  “Ҳәзирги заман ҳам Жаңа Өзбекстан” китабында мәмлекетимиздиң бүгинги раўажланыў пәтлери, оның дүнья майданындағы барған сайын артып баратырған абырай-мәртебеси ҳәм орны, узақ ҳәм жақын перспективаға мөлшерленген мақсет ҳәм ўазыйпалары қандай исенимли негизге тийкарланыўы, қандай факторлар есабынан тәмийинленип атырғаны ҳәр тәреплме терең талланған. Өзбекстандағы көп тәреплемели сиясий-ҳуқықый, социаллық-экономикалық ҳәм руўхый-ағартыўшылық реформалардың, мәмлекетимиз ҳәм дүнья жәмийетшилиги арасындағы қатнасықлардың хеш бир бағдары автордың итибарынан шетте қалмаған.

Ҳәзирги заманның күшли ҳәм қарама-қарсылықлы раўажланыў принциплерин қурамалы ҳәм қәўипли дәўир көзқарасынан түсиниў, бүгинги тыныш ҳәм абадан турмысымыздың қәдирине жетиў, келешекке үлкен исеним менен қарап, Жаңа Өзбекстанды қурыў процесслеринде саналы ҳәм дөретиўши пуқара сыпатында мүнәсип қатнасыўда, жаңа ўатансүйиўши әўладты тәрбиялаўда бул дөретпениң әҳмийети айрықша болып табылады.

ӨзА