Министрлер Кабинетиниӊ 2024 -жыл 13-июльдағы “Лицензиялаў ҳәм рухсат бериў тәртип-қағыйдаларыныӊ әпиўайыластырылыўы мүнәсибети менен Өзбекстан Республикасы Ҳүкиметиниӊ айырым қарарларына өзгерис ҳәм қосымшалар киргизиў, сондай-ақ, айырымларын өз күшин жоғалтқан деп есаплаў ҳаққында”ғы қарарына тийкарланып бир қатар жаӊалықлар енгизилмекте.

Әдиллик министрлиги мәлимлеме хызметиниӊ басшысы Севара Ўринбоева ҳүжжеттиӊ мазмун-мәниси ҳаққында мағлыўмат берди:

– Ҳүжжет тийкарында 10 нан аслам лицензия ҳәм рухсат бериў өзгешелигине ийе ҳүжжетлерди алыўда талапкерлерден талап етилетуғын 30 дан аслам ҳүжжет қысқартылды. Ендигиден былай санитария-гигиена, жанар май қәўипсизлиги, санаат қәўипсизлиги талапларына муўапықлығы ҳаққындағы ҳәм басқа усы сыяқлы жуўмақлары лицензия ҳәм рухсатнама алыў процесинде бир ўақыттыӊ өзинде тийисли шөлкемлер тәрепинен берилиўи жолға қойылады.

Төрт лицензия ҳәм хабарнамалардан артықша талаплар шығарып тасланды. Мысалы ушын, бажы алынбайтуғын саўда дүкәны жумысын лицензиялаўда лицензиялаўшы уйым тәрепинен белгиленген тәртипте бажыхана уйымларына есабат бериўи талабы қойылмайды.

Кадрлардыӊ маманлығын арттырыў, оларды қайта таярлаў жумысы тек ғана көшпели түрде әмелге асырылғанда, мүлклик яки басқа материаллық ҳуқықлар тийкарында имаратлардыӊ бар болыўы ҳаққындағы талап бийкар етилди.

Баҳалы металлардан ҳәм баҳалы таслардан зергерлик буйымлары ҳәм басқа буйымлар ислеп шығарыў жумысын баслап атырғаны яки оны тамамлағанлығы ҳаққында хабарнама жибериўде Санитария-эпидемиологиялық тынышлық ҳәм жәмийет саламатлығы комитети тәрепинен берилетуғын жуўмақ талап етилмейди.

Жолаўшы ҳәм жүклерди автомобиль транспортында тасыў ушын лицензия талабында автотранспортлардан пайдаланыў ушын жуўапкер болған қәниге сыпатында орта-арнаўлы мағлыўматлы шахсларды да тайынлаў мүмкинлиги белгиленди.

Лицензиялаў ҳәм рухсат бериў тәртип-қағыйдаларын әмелге асырыўда мүддетлерди жумыс күнинде есаплаў жолға қойылды.

Төрт түрдеги лицензия, рухсатнама ҳәм хабарнамаларыӊ паспортлары тастыйықланды. Атап айтқанда, темеки өнимлери менен көтере саўда етиўди баслағанлығы яки тамамлағанлығы ҳаққында хабарнама паспорты; темеки өнимлери менен усақлап саўда етиўди баслағанлығы яки тамамлағанлығы ҳаққында хабарнама паспорты; Өзбекстан Республикасы Президенти ҳәм Ҳүкимети қарарына муўапық алып шығылатуғын буйымлар ҳәм өнимлерди экспорт етиў ушын рухсатнама паспорты; арнаўлы түрдеги товарларды экспорт ҳәм импорт етиў ушын лицензия паспорты системаластырылды.

Н.Абдураимова,  ӨзА