Ўзбекистон Республикаси Олий Мажлиси Сенатининг ўн биринчи ялпи мажлиси тўғрисида ахборот

2017-жыл 24-август күни Ташкент қаласында Өзбекистан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының он биринши жалпы мәжилиси болып өтти. Онда Министрлер Кабинетиниң мирәт етилген ағзалары, министрликлер менен ведомстволардың басшылары, басқа да шөлкемлердиң, ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери қатнасты.

Мәжилисти Олий Мажлис Сенатының Баслығы Н.Йўлдошев басқарды.

Сенаторлар жумысты «Ҳуқықый мәлимлемени тарқатыў ҳәм оннан пайдаланыўды тәмийинлеў ҳаққында»ғы Өзбекистан Республикасы нызамын көрип шығыўдан баслады. Нызам 2017-2021-жылларда Өзбекистан Республикасын раўажландырыўдың бес тийкарғы бағдары бойынша Ҳәрекетлер стратегиясын Халық пенен пикирлесиў ҳәм инсан мәплери жылында әмелге асырыўға байланыслы Мәмлекетлик бағдарламасында ҳәм Өзбекистан Республикасы Президентиниң 2017-жыл 8-февральда қабыл етилген «Нызам ҳүжжетлерин тарқатыў системасын түп-тийкарынан жетилистириў илажлары ҳаққында»ғы ПҚ-2761-санлы қарарына муўапық ислеп шығылған.

Сенаторлардың пикиринше, қабыл етилген нызам ҳүжжетлерин орынлаўшыларға жеткериў, олардың мазмун-мәнисин халық арасында түсиндириў усы ҳүжжетлердиң сөзсиз орынланыўы, демек, жәмийетте нызамлылықты ҳәм ҳуқық-қорғаўды тәмийинлеўдиң әҳмийетли шәрти болып табылады.

Сенаторлардың атап өткениндей, усы нызам ҳуқықый мәлимлеме тарқатыў саласындағы анаў ямаса мынаў қатнасықларды тәртипке салатуғын жигирмадан аслам нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлерди өзинде жәмлеп, бул саладағы ҳуқықый басқарыўдың системалы болыўын тәмийинлейди.

Нызамда заманагөй халықаралық стандартларды есапқа алған ҳалда тийкарғы ҳуқықый түсиниклер беккемленген болып, онда мәмлекетлик уйымлар, яғный министрликлер менен ведомстволар, орынлардағы мәмлекетлик ҳәкимият уйымлары, сондай-ақ, пуқаралық жәмийети институтларының ҳуқықый мәлимлемени тарқатыў саласындағы ўәкилликлери белгиленген. Онда ҳуқықый мәлимлемени тарқатыўды шөлкемлестириў, бул бағдардағы барлық жумысларды муўапықластырыў ушын жуўапкер болған ўәкилликли уйым деп Өзбекистан Республикасы Әдиллик министрлиги белгиленген.

Нызам менен ҳуқықый мәлимлемени тарқатыўдың анық тәртиби және усыллары белгилеп берилген. Атап айтқанда, қабыл етилген нызам ҳүжжетлерин рәсмий ҳәм рәсмий емес тарқатпа түринде тарқатыў, оларды Нызам ҳүжжетлери мағлыўматлары миллий базасында ҳәм мәмлекетлик уйымлардың веб-сайтларында орналастырыў тәртиби орнатылмақта.

Нызам менен мәмлекетлик уйымларда нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлерди системаластырылған түрде есапқа алыўдың мәжбүрий тәртиби енгизилип, оның сөзсиз орынланыўы үстинен қадағалаў системасы беккемлеп қойылмақта.

Нызамда ҳуқықый үгит-нәсиятлаўды жүргизиў ҳуқықый мәлимлеме тарқатыўдың нәтийжели усылларынан бири сыпатында тәрийпленген болып, оны әмелге асырыўдың усыллары беккемлеп қойылған: конференция, ушырасыў, семинар, дөгерек сәўбетлери менен пикирлесиўлер өткериў; қабыл етилген нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлердиң, әмелдеги нызам ҳүжжетлериниң мазмун-мәнисин ашып беретуғын теле- ҳәм радиобағдарламаларды шөлкемлестириў, баспа ҳәм электрон ғалаба хабар қуралларында материалларды жайластырыў, шолыўлар, китапшалар, плакатлар, буклетлер тарқатыў усылардың қатарына киреди.

Сенаторлардың пикиринше, усы нызамды мәмлекетлик уйымлар менен шөлкемлерге, орынлаўшыларға, ҳәр бир мәҳәллеге, китапханаға ҳәм билимлендириў мәкемесине мүмкиншилиги болғанынша тезирек жеткериў әҳмийетли ўазыйпа болып табылады. Нызамға муўапық бул орынларда елимиздиң ҳәр бир пуқарасы ушын ҳақыйқый мәлимлемеден еркин пайдаланыў имканияты тәмийинлениўи шәрт. Нызам бойынша сөзге шыққан сенаторлар оның орынланыўы үстинен нәтийжели мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик қадағалаўды әмелге асырыў да әҳмийетли ўазыйпа екенлигин атап өтти. Бул халықтың ҳуқықый саўатлылығын, ҳуқықый мәдениятын арттырыў, елимизде нызамлылықты,  атқарыў тәртибин тәмийинлеўдиң әҳмийетли факторына айланыўы лазым. Нызам сенаторлар тәрепинен мақулланды.

Буннан соң сенаторлар «Балаларды олардың денсаўлығына зыян келтиретуғын мәлимлемеден қорғаў ҳаққында»ғы Өзбекистан Республикасының нызамын көрип шықты. Атап  өтилгениндей, бул нызам Өзбекистан Республикасы Президентиниң 2017-жыл 14-мартта қабыл етилген «Ҳуқықбузарлықлар профилактикасын ҳәм жынаятшылыққа қарсы гүресиў системасын буннан былай да жетилистириў илажлары ҳаққында»ғы қарарына муўапық ислеп шығылған.

Сенаторлардың пикиринше, жасларға  байланыслы мәмлекетлик сиясат шеңберинде қабыл етилген усы нызам ҳәр тәреплеме раўажланған, бәркамал жас әўладты тәрбиялаўда әҳмийетли орын тутады.

Додалаў ўақтында сенаторлардың атап өткениндей, әмелдеги нызам ҳүжжетлери, атап айтқанда, 2008-жылы қабыл етилген «Балалар ҳуқықларының кепилликлери ҳаққында»ғы нызам менен мийримсизлик, зорлық ҳәм балаларға зыянлы тәсир ететуғын басқа да мәлимлемени сәўлелендиретуғын әдебиятлардың тарқатылыўын, фильмлердиң көрсетилиўин қадаған етеуғын нормативлер нәзерде тутылған. Соның менен бирге, глобалласыў, мәлимлеме-коммуникация технологиялары, Интернет тармағы кең раўажланған бир шараятта балалардың денсаўлығына зыян келтиретуғын. сондай-ақ, халқымыздың жаслар тәрбиясы негизин қәлиплестиретуғын руўхыйлық тийкарларын жемириўши мәлимлемеден олардың қорғалыўын тәмийинлейтуғын және нәтийжели ҳуқықый, экономикалық ҳәм шөлкемлестириўшилик шараятларды қәлиплестириў әҳмийетли ўазыйпаға айланды.

Көрип шығылған нызамда мәмлекетлик уйымлардың усы саладағы ўәкилликлери, бул жумыста пуқаралық жәмийети институтлары қатнасының механизмлери анық белгиленген. Усы нызамға муўапық мәмлекетлик уйымлар, пуқаралық институтлары, билимлендириў мәкемелери менен ғалаба хабар қуралларының усы саладағы жумысын муўапықластырыў ушын жуўапкер ўәкилликли мәмлекетлик уйым етип Өзбекистан баспасөз ҳәм хабар агентлиги белгиленген. Нызамда балаларға зыян келтиретуғын мәлимлеме түрлери тәрийипленген. Балаларды өз өмирине ҳәм денсаўлығына қәўип туўдыратуғын ис- ҳәрекетлерди ислеўге шақыратуғын, оларда наркотик затлар, алкоголли ҳәм темеки өнимлерин тутыныў, қумар ойынларында қатнасыў нийетин пайда ететуғын мәлимлемениң тарқатылыўы толық қадаған етилген. Шаңарақлық қәдриятларды бийкарлайтуғын ҳәр қыйлы нызамсыз ис-ҳәрекетлер, мийримсизлик, физикалық ҳәм руўхый зорлық, жәмийетке қарсы басқа да ис-ҳәрекетлерди ақлайтуғын мәлимлемениң тарқатылыўы қадаған етилген.

Нызам менен зыянлы мәлимлемеден ибарат медиа-өнимлердиң айланысына ҳәм тарқатылыўына улыўма талаплар орнатылған. Атап айтқанда, баспа түрдеги зыянлы мәлимлемеден ибарат өнимниң балалардың кириўи мүмкин болған орынларда тек қалың оралған ыдысларда тарқатылыўы белгиленген. Балалардың денсаўлығына зыян келтиретуғын мәлимлеме өниминиң балалар ушын мөлшерленген билимлендириў, медицина, санаторий-курорт, денетәрбиясы ҳәм спорт, мәденият ҳәм саламатландырыў мәкемелеринде тарқатылыўына жол қойылмайтуғыны белгиленген.

Нызамда атап өтилгениндей, мәлимлемени балалардың жасына қарай классификациялаўдың толық тәртиби, сондай-ақ, оларды анаў ямаса мынаў категорияға киргизиўдиң өлшемлери Министрлер Кабинети тәрепинен тастыйықланған айрықша реже менен белгиленеди.

Нызамда мәлимлеме өниминиң экспертизасын өткериў ҳәм балалардың арасында қадаған етилген мәлимлеме өнимлериниң реестрин алып барыў шәртлери, тәртиби орнатылмақта. Усы Реестрди дүзиў ҳәм оны жүргизиў Өзбекистан Республикасы Мәлимлеме технологияларын ҳәм коммуникацияларын раўажландырыў министрлигине жүкленген. Сенаторлардың пикиринше, нызамның нормалары балалардың заманагөй илим, мәденият, билимлендириў жетискенликлерине байланыслы мәлимлемеден пайдаланыў имканиятын шеклемейди. Оның қағыйдалары халықаралық ҳуқықтың улыўма қабыл етилген нормалары менен принциплерине, атап айтқанда, Балалар ҳуқықларының декларациясы (1959-жыл), БМШ тың Балалар ҳуқықлары ҳаққындағы конвенциясы сыяқлы ҳүжжетлерге ҳәм басқаларға толық сәйкес келеди. Нызам сенаторлар тәрепинен мақулланды.

«Өзбекистан Республикасы Президенти жанындағы Исбилерменлик субъектлериниң ҳуқықлары менен нызамлы мәплерин қорғаў бойынша ўәкил ҳаққында»ғы Өзбекистан Республикасы нызамын додалаў ўақтында сенаторлардың атап өткениндей, бул нызам мәмлекетимиз басшысы тәрепинен алып барылып атырған исбилерменлик субъектлериниң ҳуқықлары менен нызамлы мәплерин қорғаўдың кепилликлерин күшейтиўге, мәмлекетлик уйымлар ҳәм басқа да шөлкемлердиң олардың жумысына тийкарсыз араласыўының алдын алыўға қаратылған избе-из сиясаттың әмелдеги көриниси болып табылады. Әне, сол мақсетте  Өзбекистан Республикасы Президентиниң 2017-жыл 5-майдағы Пәрманы менен Өзбекистан Республикасы Президенти жанындағы Исбилерменлик субъектлериниң ҳуқықлары менен нызамлы мәплерин қорғаў бойынша ўәкил институты шөлкемлестирилди, оның жумысының ҳуқықый механизмлери белгилеп берилди.

Исбилерменликти, исбилерменлик субъектлериниң ҳуқықлары менен мәплерин қорғаў саласында мәмлекетлик сиясаттың әмелге асырылыўында қатнасыў, оларды ҳуқықый жақтан қоллап-қуўатлаў, қабыл етилген ҳүжжетлердиң исбилерменлик саласына тәсирин баҳалаў, қабыл етилген ҳүжжетлердиң исбилерменлик жумысының раўажланыўына тәсириниң нәтийжелилигин баҳалаў, бул саладағы нызам ҳүжжетлерин жетилистириўге байланыслы усынысларды таярлаў Ўәкилдиң тийкарғы ўазыйпалары етип белгиленген.

Нызам ўәкилге салада қадағалаўды әмелге асырыў, исбилерменлердиң ҳуқықлары менен нызамлы мәплерине сөзсиз әмел етилип атырғаны үстинен қадағалаўды әмелге асырыў бойынша кең ўәкилликлер береди. Атап айтқанда, ол мәмлекетлик уйымлардың (шөлкемлердиң) қарарлары, олар лаўазымлы шахслардың исбилерменлердиң ҳуқықларын бузатуғын ҳәрекетлери үстинен шағымларды көрип шығады, олардың жумысын тексериўдиң нызамлылығы үстинен мониторинг өткереди, арзалар ҳәм даўалар менен судларға мүрәжат етеди, мәмлекетлик уйымлардың мәжилислеринде қатнасады, исбилерменлердиң ҳуқықларын қорғаўға байланыслы басқа да ўәкилликлерди әмелге асырады.

Соның менен бирге, нызамда Ўәкил тәрепинен көрип шығылмайтуғын мәселелер де белгиленген. Исбилерменлердиң арасындағы экономикалық келиспеўшиликлер, шаңарақлық, мийнет ҳәм исбилерменликке байланыслы болмаған басқа да ҳуқықый қатнасықлардан келип шығатуғын келиспеўшиликлер, сондай-ақ, судтың, оператив-излеў жумысын, тергеўди, сорастырыўды ҳәм жазаның орынланыўын әмелге асыратуғын уйымлардың ўәкиллик шеңберине киретуғын мәселелер усылардың қатарына киреди.

Исбилерменлердиң мәплерине қол қататуғын ең әҳмийетли, тийкарғы мәселелерди шешиўде Ўәкилдиң бийғәрезлигин тәмийинлеў мақсетинде Ўәкил нызамға муўапық Өзбекистан Республикасы Президенти тәрепинен лаўазамға тайынланады ҳәм лаўазымнан азат етиледи. Ол Президенттиң келисимисиз жынайый жуўапкершиликке тартылыўы, услап турылыўы, қамаққа алыныўы ямаса ҳәкимшилик жаза  шараларына тартылыўы мүмкин емес.

Ўәкил институты нызамға муўапық тек ғана елимиздиң исбилерменлик субъектлери ҳуқықлары менен нызамлы мәплерин емес, ал Өзбекистан Республикасында өз бизнесин жүргизип атырған шет елли компаниялардың ҳуқықлары менен нызамлы мәплериниң қорғалыўын тәмийинлеўи лазым. Сенаторлардың пикиринше, бул Өзбекистанның инвестицияларды тартыў имканиятларын арттырыўға, елимизде исбилерменлик орталығын жақсылаўға көмеклеседи. Нызам сенаторлар тәрепинен мақулланды.

Сенаторлар исбилерменлердиң ҳуқықларын қорғайтуғын, судтан өзгеше түрде, жаңа институттың енгизилиўи елимизди социаллық-экономикалық раўажландырыў ўазыйпаларын шешиўде исбилерменлердиң ролин арттырыўда үлкен әҳмийетке ийе болатуғынын айрықша атап өтти.

Буннан соң сенаторлар «Физикалық ҳәм юридикалық шахслардың мүрәжатлары ҳаққында»ғы Өзбекистан Республикасы Нызамына өзгерислер менен қосымшалар киргизиў ҳаққында»ғы Өзбекистан Республикасының нызамын көрип шықты. Нызам Ҳәрекетлер стратегиясын әмелге асырыўға байланыслы мәмлекетлик бағдарлама шеңберинде ислеп шығылған ҳәм Олий Мажлис Нызамшылық палатасының бир топар депутатлары тәрепинен парламент көрип шығыўы ушын киргизилген.

Додалаў ўақтында сенаторлар тәрепинен атап өтилгениндей, бул нызам мәмлекетлик уйымлар системасын пуқаралардың ең әҳмийетли машқалаларын шешиўге жумсаўға қаратылған мәмлекетлик сиясаттың әҳмийетли қурамлық бөлеклеринен бири болып табылады. Усы сиясаттың мазмун-мәниси Өзбекистан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев тәрепинен қысқаша «халық мәмлекетлик уйымларға емес, мәмлекетлик уйымлар халқымызға хызмет етиўи керек», деп белгилеп берилген.

Атап өтилгениндей, жаңа нызамның қағыйдалары физикалық ҳәм юридикалық шахслардың мүрәжатлары менен ислесиўдиң ҳуқықый механизмлерин айқынластырады, бул болса усы саладағы ҳуқықты қолланыў әмелиятын жақсылаўға хызмет етеди. Сенаторлардың пикиринше, нызамның әҳмийетлилиги төмендегилерден ибарат.

Нызам менен мәмлекетимиз басшысының басламасы менен мәмлекетлик басқарыў системасына енгизилген Халық қабыллаўханалары ҳәм Өзбекистан Республикасы Президентиниң Виртуал қабыллаўханалары институтының ҳуқықый статусы беккемлеп қойылған. Бул институт, сенаторлардың пикиринше, инсан ҳуқықлары менен еркинликлерин, сондай-ақ, пуқаралардың мүрәжат етиўге байланыслы конституциялық ҳуқықын қорғаўдың әҳмийетли механизми болып табылады.

Нызамның күши бурынғыдай мәмлекетлик уйымларға енгизилип қалмайды, ал мәмлекет тәрепинен ямаса оның қатнасында шөлкемлестирилген, Мәмлекетлик бюджеттен қаржыландырылатуғын ҳәм пуқараларға мәмлекетлик хызметлерди көрсететуғын шөлкемлерге де енгизиледи.

Нызамда пуқаралардың мүрәжатларын көрип шығыўдың ҳуқықый принциплери белгилеп берилмекте. Атап айтқанда, мүрәжатларды өз ўақтында және толық көрип шығыў, мүрәжатлеарды көрип шығыў ўақтында бюрократлық ҳәм немқурайдылық жағдайларына жол қоймаў, мүрәжатларды көрип шығыўда мәмлекетлик уйымлар, басқа да шөлкемлер ҳәм лаўазымлы шахслардың жумысының ашық-айдынлығы сыяқлы принциплер солардың қатарына киреди.

Нызамшылық, ҳуқықты қолланыў әмелиятына мүрәжатлардың жаңа түрлери, атап айтқанда, мәмлекетлик уйымлардың ҳәм басқа да шөлкемлердиң исеним телефонлары «тиккелей байланыс линиялары» арқалы, видеоконференсбайланыс қуралында келип түскен мүрәжатлар, рәсмий веб-сайт, виртуал қабыллаўхана арқалы ҳәм басқалар киргизилмекте. Физикалық ҳәм юридикалық шахслардың ўәкиллерин қабыл етиўдиң жаңа түрлери менен тәртиби киргизилмекте: көшпели, жеке ҳәм көпшилик қабыллаўлар, видеоконференсбайланыс қуралындағы, аудио ҳәм видеожазыўды қолланыў арқалы қабыллаўлар ҳәм басқалар усылардың қатарына киреди.

Сенаторлардың атап өткениндей, бул нызамның қабыл етилиўи мәмлектлик уйымлардың, шөлкемлердиң халық пенен нәтийжели қайта байланысын беккемлеў, мәмлекетлик уйымлардың ашық-айдынлық дәрежесин арттырыў, олардың инсанларды ойландырып атырған анық машқалаларды шешиў бойынша жумыс нәтийжелилигин арттырыўға хызмет етеди. Нызам сенаторлар тәрепинен мақулланды.

Соң сенаторлар «Ташкент қаласы халық депутатлары районлық Кеңеслерине сайлаў ҳаққында»ғы Өзбекистан Республикасының нызамын көрип шықты.

Нызам Ташкент қаласының районларында халық депутатлары Кеңеслерин дүзиў ушын шөлкемлестириўшилик-ҳуқықый шараятлар жаратып береди. Бул болса ҳәкимияттың жергиликли уйымлардың бюджет ўәкилликлери әмелге асырылыўы үстинен қадағалаўды орнатыўға, олардың елимиз пайтахты районларын жәмийетлик-сиясий раўажландырыўдың әҳмийетли мәселелерин шешиўдеги орнын беккемлеўге, реформаларды жүзеге шығарыўдағы роли менен әҳмийетин буннан былай да арттырыўға хызмет етеди.

Усы мәселени додалаў ўақтында атап өтилгениндей, әмелдеги нызам ҳүжжетлеринде (Конституцияның 99-статьясы, «Жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият ҳаққында»ғы нызамның 1-статьясы) Ташкент қаласында халық депутатлары жергиликли Кеңеслерин дүзиў нәзерде тутылмаған. Соның менен бирге, әмелдеги нызам ҳүжжетлериниң бул қағыйдасы пайтахт районларына (олардың саны Ташкентте 11) жергиликли бюджетлер жойбарлары, олардың орынланыўын додалаўды өткериўге жол қоймайды, себеби, мәселен, бюджет кодексине муўапық, районлар (қалалар) бюджетлериниң көрип шығылыўы және қабыл етилиўи, сондай-ақ, олардың орынланыўы ҳаққындағы есаплардың тыңланыўы халық депутатлары Кеңеслери ўәкилликлерине киреди.

Усы мүнәсибет пенен нызам арқалы Өзбекистан Республикасы Конституциясына, «Жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият ҳаққында»ғы, «Халық депутатлары ўәлаятлық, районлық ҳәм қалалық Кеңеслерине сайлаў ҳаққында»ғы, «Географиялық объектлердиң атамалары ҳаққында»ғы Өзбекистан Республикасы нызамларына Ташкент қаласы халық депутатлары районлық Кеңеслерине сайлаў 2017-жыл декабрь айының үшинши он күнлигиниң биринши екшембисинде өткерилиўи арқалы оларды дүзиўди нәзерде тутатуғын бир қатар өзгерислер киргизилмекте.

Халық депутатлары Ташкент қалалық Кеңесине «Халық депутатлары ўәлаятлық, районлық ҳәм қалалық Кеңеслерине сайлаў ҳаққында»ғы Өзбекистан Республикасы нызамына муўапық сайлаўды шөлкемлестириў ҳәм оны өткериў ушын районлық сайлаў комиссияларының дүзилиўи усыныс етилмекте.

Усы нызамға муўапық халық депутатлары районлық Кеңеслериниң жаңадан сайланған депутатлары сайлаў нәтийжелери бойынша олардың жаңа қурамлары қәлиплескенге шекем өз ўәкилликлерин әмелге асырады.

Буннан тысқары, нызамда қалаларда районлардың ҳәкимлери лаўазымларына тастыйықлаў, сондай-ақ, жаңа Кеңеслердиң дүзилиўи мүнәсибетлери менен халық депутатлары районлық Кеңеслери тәрепинен олардың есапларын тыңлаў тәртиби белгилеп берилмекте.

Сенаторлардың пикиринше, усыныс етилип атырған өзгерислер Ташкент қаласында социаллық-экономикалық, жәмийетлик-сиясий реформаларды жүзеге шығарыўда ҳәкимият ўәкилликли уйымларының, пайтахт жәмийетшилигиниң ролин күшейтиўге, жергиликли бюджетти қәлиплестириўге ҳәм орынлаўға, районлардың аймағын раўажландырыўдың перспективалы бағдарламаларын әмелге асырыўға, нызам ҳүжжетлерине муўапық жергиликли салықлар менен басқа да мәжбүрий төлемлерди белгилеў үстинен халық депутатлары районлық Кеңеслери тәрепинен қадағалаў механизмин орнатыўға көмеклеседи. Нызам сенаторлар тәрепинен мақулланды.

Буннан соң сенаторлар 30-июнь күни «Өзбекистан Республикасы жаслары күни» деп белгиленетуғын «Өзбекистан Республикасы жаслары күнин белгилеў ҳаққында»ғы  нызамды көрип шықты.

Сенаторлардың атап өткениндей, жасларға байланыслы мәмлекетлик сиясаттың мазмун-мәниси жасларды ўатанды сүйиўшиликкке, миллий қәдриятларға ҳүрмет руўхында тәрбиялаўдан, руўхый жетик ҳәм физикалық жақтан саламат әўладты қәлиплестириўден, олардың ҳуқықлары менен мәплерин қорғаўдан ибарат. «Жасларға байланыслы мәмлекетлик сиясат ҳаққында»ғы Өзбекистан Республикасының нызамы ҳәр тәреплеме жетик, кең дүнья қарасқа ийе, елимиздиң келешеги ушын жуўапкершиликти мойнына алыўға таяр, халықтың мәплерин тәмийинлеў жолында бар потенциалын жумсай алатуғын жасларды тәрбиялаўдың ҳуқықый негизин буннан былай да беккемлеўге көмеклеспекте.

Усы мәселеге үлкен әҳмийет берген ҳалда кең жәмийетшиликтиң, бәринен бурын, жаслардың пикир-усынысларын есапқа алып, 2017-жыл 30-июньде болып өткен «Камолот» жаслар жәмийетлик ҳәрекетиниң 8V қуралтайында Өзбекистан жаслар аўқамын дүзиў ҳаққында қарар қабыл етилди. Усы қуралтайда 30-июнь күнин елимизде Өзбекистан жаслары күни, деп жәриялаў усыныс етилди.

Сенаторлардың пикиринше, нызамның қабыл етилиўи жасларға байланыслы мәмлекетлик сиясатты избе-из ҳәм нәтийжели жүзеге шығарыўға, жасларды ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаўға, олардың ҳуқықлары менен нызамлы мәплерин қорғаў ситемасын түп-тийкарынан реформалаўға көмеклеседи.

Буннан соң сенаторлар Өзбекистан Республикасы Аўыл хожалығы хызметкерлери күни етип декабрь айының екинши екшембисин белгилеўди нәзерде тутатуғын «Өзбекистан Республикасы аўыл хожалығы хызметкерлери күнин белгилеў ҳаққында»ғы Өзбекистан Республикасының нызамын көрип шықты.

Сенаторлар аўыл хожалығында терең экономикалық реформаларды әмелге асырыўдың нәтийжесинде аграр тармақтың базар экономикасы талапларына жуўап беретуғын жаңа системасы қәлиплескенин атап өтти. Ҳәзирги ўақытта 3,6 миллион хызметкер ҳәм жумысшы аграр тармақта жумыс алып бармақта. Аўыл хожалығының елимиздиң жалпы ишки өниминдеги үлеси 17,2 процентти, жыллық өсим 6-7 процентти қурамақта.

Бундай нәтийжелерге ерисиўде тармақтың барлық хызметкерлери ҳәм жумысшылары – фермерлер, дийқанлар, механизаторлар, пиллекешлер менен шарўалар, аўылдағы исбилерменлер, аграр секторда жумыс алып барып атырған қәниге және илимпазлардың роли үлкен.

Сенаторлардың пикиринше, «Өзбекистан Республикасы аўыл хожалығы хызметкерлери күнин белгилеў ҳаққында»ғы Өзбекистан Республикасы нызамының қабыл етилиўи аўыл мийнеткешлериниң белсендилигин, мәмлекетимиз ғәрезсизлигин беккемлеўге, елимиздиң гүллеп-жаснаўына олардың қосып атырған үлесин тән алыў болып табылады. Нызам сенаторлар тәрепинен мақулланды.

Сенаторлар Ҳәрекетлер стратегиясын әмелге асырыўға байланыслы мәмлекетлик бағдарламаға муўапық таярланған «Өзбекистан Республикасы Олий Мажлисиниң Инсан ҳуқықлары бойынша ўәкили (омбудсман) ҳаққында»ғы Өзбекистан Республикасы Нызамына өзгерислер менен қосымшалар киргизиў ҳаққында»ғы Өзбекистан Республикасының нызамын көрип шықты.

Сенаторлар елимизде алып барылып атырған демократиялық реформалар процесинде инсан ҳуқықларын қорғаў бойынша миллий институтларыдың нәтийжели системасын қәлиплестириўге, Олий Мажлистиң Инсан ҳуқықлары бойынша ўәкили (омбудсман) институтын раўажландырыўға байланыслы көлемли ҳәм мазмуны жағынан үлкен жумыслар әмелге асырылғанын атап өтти.

Сенат тәрепинен көрип шығылып атырған нызамға муўапық «Өзбекистан Республикасы Олий Мажлисиниң Инсан ҳуқықлары бойынша ўәкили (омбудсман) ҳаққында»ғы нызамға Ўәкилдиң жумысы ҳаққындағы есабатты Олий Мажлис палаталары тәрепинен тыңлаў тәртиби ҳаққындағы нормаларды және Ўәкил тәрепинен мүрәжатларды көрип шығыў тәртибин ҳәм шағым бериў мүддетлерин айқынластыратуғын өзгерислер менен қосымшалар киргизилмекте.

Соның ишинде, Ўәкилге арзалар, усыныслар ҳәм шағымлар тәризиндеги мүрәжатлар аўыз-еки, жазба ямаса электрон тәризде берилиўи мүмкин. «Өзбекистан Республикасы Олий Мажлисиниң Инсан ҳуқықлары бойынша ўәкили (омбудсман) ҳаққында»ғы нызам пуқаралардың ҳуқықый санасын арттырыўға, халықаралық бирге ислесиўди раўажландырыўға байланыслы Ўәкилдиң ўазыйпаларын белгилеп беретуғын жаңа нормалар менен толықтырылды. Ўәкилдиң регионаллық ўәкиллериниң жумысын, омбудсманның судлар менен бирге ислесиўин шөлкемлестириў механизмлери анық сыпатланып берилди.

Сенаторлардың атап өткениндей, нызамның қабыл етилиўи мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик қурылыста әдиллик, инсанның қәдир-қымбатын ҳүрмет етиў, инсанның ҳуқықлары менен еркинликлериниң үстинлигин тәмийинлеў прнициплерин беккемлеўде омбудсманның ролин арттырыўға көмеклеседи.

Буннан соң сенаторлар «Сорастырыў институты жетилистирилиўи мүнәсибети менен Өзбекистан Республикасының айырым нызам ҳүжжетлерине өзгерислер менен қосымшалар киргизиў ҳаққында»ғы  Өзбекистан Республикасының нызамын көрип шықты. Нызам Өзбекистан Республикасы Президентиниң 2016-жыл 21-октябрьдеги Пәрманы менен тастыйықланған суд-ҳуқық системасын буннан былай да реформалаў, пуқаралардың ҳуқықлары менен еркинликлерин исенимли қорғаўдың кепилликлерин күшейтиў бойынша комплексли илажлар бағдарламасын, сондай-ақ, Ҳәрекетлер стратегиясын әмелге асырыўға байланыслы Мәмлекетлик бағдарламаны орынлаў мақсетинде ислеп шығылды.

Сенаторлар Өзбекистан Республикасының Жынаят ҳәм Жынаят процессуал кодекслерине және «Оператив-излеў жумысы ҳаққында»ғы  Өзбекистан Республикасының нызамына киргизилип атырған өзгерислер менен қосымшалардың әҳмийетлилигин атап өтти. Бул қосымшаларда әмелде тергеўге шекем тексериў институтын тәкирарлайтуғын сорастырыў институтын жынаят процессуал нызам ҳүжжетлеринен алып таслаў нәзерде тутылмақта. Нызам жәмийетке үлкен қәўип туўдырмайтуғын жынаятлар ҳаққындағы жумысларды судқа шекем жүргизиўдиң әпиўайыластырылған тәртибин белгилеп береди.

Сорастырыў жүргизиў ҳуқықы  ишки ислер уйымларына, Бас прокуратура жанындағы Салық, валютаға байланыслы жынаятларға ҳәм жынайый дәраматларды легалластырыўға қарсы гүресиў департаментине, Бас прокуратура жанындағы Мәжбүрий орынлаў бюросына ҳәм мәмлекетлик бажыхана уйымларына берилмекте.

Нызам менен социаллық қәўипли бир қанша жынаятларды ишки ислер уйымларынан прокуратура уйымлары тергеўине өткериў нәзерде тутылмақта.

Сенаторлардың пикиринше, нызамның қабыл етилиўи тексериўдиң жеделлик пенен өткерилиўин тәмийинлеўге, тергеўшилердиң жумыс сапасын арттырыўға, сондай-ақ, жынаят ислерин тексериўде бирин-бири тәкирарлаўдың алдын алыўға ҳәм немқурайдылықты сапластырыўға көмеклеседи. Нызам сенаторлар тәрепинен мақулланды.

Сенаторлар Ҳәрекетлер стратегиясын әмелге асырыўға байланыслы Мәмлекетлик бағдарламаға муўапық ислеп шығылған «Өзбекистан Республикасының айырым нызам ҳүжжетлерине өзгерислер менен қосымшалар киргизиў, сондай-ақ, айырым нызам ҳүжжетлерин өз күшин жойытқан деп табыў ҳаққында»ғы Өзбекистан Республикасының нызамын көрип шықты. Нызам менен елимиздиң әмелдеги бир қанша нызам ҳүжжетлерине өзгерислер менен қосымшалар киргизилмекте.

Бул нызам Ҳәрекетлер стратегиясында, Президенттиң пәрманлары менен қарарларында және басқа да нызам ҳүжжетлеринде жазылған ўазыйпаларды атқарыў мақсетинде депутатлар, Ҳүкимет, Бас прокуратура ҳәм нызамшылық басламасының басқа да субъектлери тәрепинен Олий Мажлис Нызамшылық палатасына киргизилген 15 нызам жойбарын бирлестиреди. Сенаторлар суд-ҳуқық системасын буннан былай да реформалаўға қаратылған әмелдеги нызам ҳүжжетлерине киргизилип атырған өзгерислер менен қосымшаларды ҳәр тәреплеме додалады.

Өзбекистан Республикасы Президентиниң 2017-жыл 14-марттағы «Ҳуқықбузарлықлар профилактикасы ҳәм жынаятшылыққа қарсы гүресиў системасын буннан былай да жетилистириў илажлары ҳаққында»ғы қарарына муўапық «Прокуратура ҳаққында»ғы, «Мәмлекетлик ҳәкимият ҳәм басқарыў уйымлары жумысының ашық-айдынлығы ҳаққында»ғы, «Жас өспиримлер арасында қадағалаўсызлық ҳәм ҳуқықбузарлықлардың профилактикасы ҳаққында»ғы, сондай-ақ, Өзбекистан Республикасының Жынаят, Жынаят- процессуал, Мийнет, Салық, Шаңарақ кодекслерине ҳәм Өзбекистан Республикасының Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодексине өзгерислер менен қосымшалар киргизилмекте. Бул өзгерислер менен қосымшаларда ҳуқықбузарлықлар профилактикасы ҳәм жынаятшылыққа қарсы гүресиў бойынша республикалық ведомстволараралық комиссиялардың жумысына Бас прокуратураның муўапықластырыўшы ролин белгилеп қойыў нәзерде тутылмақта. Нызамда мәмлекетлик ҳәкимият ҳәм басқарыў уйымларының рәсмий сайтларының профилактика илажларының мазмуны менен әҳмийетине бағышланған материалларды, нызамшылықтың жағдайы ҳәм жынаятшылықтың дәрежеси ҳаққындағы мағлыўматларды орналастырыў ҳаққындағы нормалар келтирилген.

Өзбекистан Республикасы Президентиниң 2017-жыл 3-февральдағы «Мәҳәлле институтын буннан былай да жетилистириў илажлары ҳаққында»ғы Пәрманына муўапық Өзбекистан Республикасының Салық кодексине ҳәм «Пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымлары ҳаққында»ғы Өзбекистан Республикасының нызамына өзгерислер менен қосымшалар киргизилмекте. Соның ишинде, Салық кодексине киргизилип атырған дүзетиўлерге бола, Пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымларының жумысын муўапықластырыў бойынша республикалық кеңес және Қарақалпақстан Республикасы, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қалалық пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымларының жумысын муўапықластырыў бойынша аймақлық кеңеслери пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымларының мәплерин гөзлеп исленген даўалар менен судқа мүрәжат еткенде, сондай-ақ, мәмлекетлик ҳәм хожалық басқарыўы уйымларының, жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият уйымларының қарарлары, олардың лаўазымлы шахсларының ҳәрекетлери (ҳәрекетсизлиги) үстинен судқа шағым еткенде мәмлекетлик бажы төлеўден азат етиледи.

Пуқаралар жыйынының ўәкилликлери кеңейтилмекте. Нызамда пуқаралар жыйыны баслығының, оның орынбасарларының, мәсләҳәтшилердиң, пуқаралар жыйыны жумысының тийкарғы бағдарлары бойынша комиссиялар және қадағалаў комиссиясы баслықларының есапларын ҳәр шеректе тыңлаў тәртиби белгилеп қойылмақта. Нызам менен «Мәҳәлле сақшысы» жәмийетлик структурасы басшысының, пуқаралар жыйынының диний ағартыўшылық ҳәм руўхый-әдеп-икрамлылық тәрбия мәселелери бойынша мәсләҳәтшисиниң, сондай-ақ, орынлардағы профилактика инспекторларының, билимлендириў мәкемелери менен аўыллық шыпакерлик пунктлери басшыларының пуқаралар алдында есап бериў системасы белгилеп берилмекте. Пуқаралар жыйыны кеңеси қурамына пуқаралар жыйыны баслығы (ақсақалы) орынбасарлары (пуқаралар жыйыны баслығының кекселер ҳәм ветеранлар ислери және жаслар мәселелери бойынша мәсләҳәтшилери), орынлардағы профилактика инспекторлары, билимлендириў мәкемелериниң, шаңарақлық поликлиникалар ҳәм аўыллық шыпакерлик пунктлериниң басшылары киреди. Нызам ҳүжжетлерине киргизилип атырған усы ҳәм бир қатар басқа да өзгерислер пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымлары жумысының нәтийжелилигин арттырыўдың, мәҳәлле институтын халыққа ең жақын болған структураға айландырыўдың, сондай-ақ, олардың мәмлекетлик уйымлар ҳәм пуқаралық жәмийети институтлары менен бирге ислесиўин буннан былай да раўажландырыўдың әҳмийетли факторына айланыўы лазым.

Ҳәрекетлир стратегиясын әмелге асырыўға байланыслы Мәмлекетлик бағдарламаға муўапық «Мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлер жумысының кепилликлери ҳаққында»ғы ҳәм «Социаллық шериклик ҳаққында»ғы нызамларға өзгерислер менен қосымшалар киргизилмекте. Бул өзгерислер менен қосымшаларда мәмлекетлик ҳәкимият ҳәм басқарыў уйымларына социаллық әҳмийетке ийе ўазыйпаларды әмелге асырыў ушын мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлерге ҳәм пуқаралық жәмийетиниң басқа да институтларына бюджеттен тысқары қаржылардың есабынан тиккелей мәмлекетлик социаллық буйыртпаларды бериў ҳуқықын бериў, сондай-ақ, мәмлекетлик ҳәкимият ҳәм басқарыў уйымларын әмелдеги нызам ҳүжжетлерине муўапық мәмлекетлик социаллық буйыртпаларды бериў мәмлекетлик буйыртпашылардың дизимине киргизиў нәзерде тутылмақта.

Сенаторлардың пикиринше, Ҳәрекетлер стратегиясына муўапық «Прокуратура ҳаққында»ғы ҳәм «Жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият ҳаққында»ғы нызамларға киргизилген өзгерислер менен қосымшалар мәмлекетлик басқарыў системасын буннан былай да демократияластырыўға, ҳәкимият уйымларының жумысы үстинен жәмийетлик ҳәм депутатлық қадағалаўдың ролин арттырыўға көмеклеседи. Усы дүзетиўлерге муўапық Қарақалпақстан Республикасы, ўәлаятлар, Ташкент қаласы, районлар ҳәм қалалардың прокурорлары тийисли рәўиште Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесине, халық депутатлары Кеңеслерине есаплар береди, зәрүр жағдайларда пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымларын нызамшылық пенен ҳәм жынаятшылыққа қарсы гүресиў жағдайы ҳаққында хабардар етеди.

Нызам менен прокурорлардың есапларын Өзбекистан Республикасы Ишки ислер министрлиги аймақлық бөлимшелери басшыларының есапларын, денсаўлықты сақлаў басқармасы уйымлары, районлық (қалалық) медицина бирлеспелери, районлық орайлық көп тармақлы поликлиникалардың басшыларының есапларын тыңлаў халық депутатлары ўәлаятлық, районлық, қалалық Кеңесиниң тийкарғы ўәкилликлерине киргизилди.

Дүзетиўлерге муўапық жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият ҳаққындағы нызам ҳүжжетлерине ўәлаят, район, қала ҳәкимлери тәрепинен өз жумысы ҳаққында пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымларына есап бериў системасы енгизилмекте.

Нызамға муўапық буннан былай профилактика инспекторлары халық депутатлары районлық (қалалық) Кеңесиниң қарары менен лаўазымға тайынланады. Нызам сенаторлар тәрепинен мақулланды.

Усы нызам менен «Банкротлық ҳаққында»ғы, «Нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлер ҳаққында»ғы нызамларға да өзгерислер менен қосымшалар киргизилмекте.

Сенаторлар «Тәбиятты қорғаў ҳаққында»ғы ҳәм «Жер асты байлықлары ҳаққында»ғы нызамларға киргизилген өзгерислер менен қосымшаларға айрықша итибар қаратты. Өзбекистан Республикасы Президентиниң 2017-жыл 21-апрельдеги «Экология ҳәм қоршаған орталықты қорғаў саласында мәмлекетлик басқарыў системасын жетилистириў ҳаққында»ғы Пәрманына және 2017-жыл 21-апрельдеги «Экология ҳәм қоршаған орталықты қорғаў саласында мәмлекетлик басқарыў системасын жетилистириў ҳаққында»ғы қарарына муўапық «Тәбиятты қорғаў ҳаққында»ғы ҳәм «Жер асты байлықлары ҳаққында»ғы нызамларға киргизилген өзгерислерге бола, Өзбекистан Республикасы Тәбиятты қорғаў бойынша мәмлекетлик комитети Өзбекистан Республикасы Экология ҳәм қоршаған орталықты қорғаў бойынша мәмлекетлик комитети етип қайтадан шөлкемлестирилди, сондай-ақ, тәбиятты қорғаў қорлары Экология, қоршаған орталықты қорғаў ҳәм шығындылар менен байланыслы жумысларды әмелге асырыў қоры етип қайта шөлкемлестирилди. Нызамға муўапық Өзбекистан Республикасы Тәбиятты қорғаў бойынша мәмлекетлик комитети Өзбекистан Республикасы Министрлер Кабинетине есап беретуғыны белгилеп қойылды, оның ўәкилликлерине анықлық киргизилди.

Буннан соң сенаторлар Ташкент ўәлаятының Тойтепа қаласы ҳәм Орта Шыршық районының шегараларын өзгертиў және Тойтепа қаласын ўәлаятқа қараслы қалалар қатарына киргизиў, сондай-ақ, Тойтепа қаласын Ташкент ўәлаятының ҳәкимшилик орайы етип белгилеў ҳаққындағы, Ташкент ўәлаятының Янгийўл қаласын ҳәм Янгийўл районының шегараларын өзгертиў, сондай-ақ, Янгийўл қаласын ўәлаятқа қараслы қалалар қатарына киргизиў ҳаққындағы, Ташкент ўәлаятының Ахангаран қаласы ҳәм Ахангаран районының шегараларын өзгертиў, сондай-ақ, Ахангаран қаласын ўәлаятқа қараслы қалалар қатарына киргизиў ҳаққындағы  мәселелерди көрип шықты. Елимиз ҳүкимети тәрепинен киргизилген бул усыныслардың мақулланыўы Ташкент ўәлаятының ҳәкимшилик-аймақлық дүзилисин жетилистириўге, аймақларды нәтийжели басқарыўға, халық ушын шараятларды буннан былай да жақсылаўға көмеклеседи, туризм саласының раўажланыўына түртки береди.

Сенат жалпы мәжилисиниң биринши күни Өзбекистан Республикасы Президентиниң Мәмлекетлик басқарыў мәселелерине байланыслы бир қатар пәрманларын тастыйықлаў, сондай-ақ, жақында қабыл етилген «Өзбекистан Республикасының Конституциялық судтың ҳаққында»ғы Конституциялық нызамына муўапық Конституциялық судтың жаңа қурамын сайлаў менен жуўмақланды.

Жалпы мәжилисте Өзбекистан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының ўәкиллигине киретуғын басқа да мәселелер көрип шығылды. Тийисли қарарлар қабыл етилди.

Усының менен Өзбекистан Республикасы Олий Мажлиси Сенаты он биринши жалпы мәжлисиниң биринши жумыс күни өз жумысын жуўмақлады.

 

Өзбекистан Республикасы

Олий Мажлис Сенатының

Мәлимлеме хызмети