Бирлескен Миллетлер Шөлкеминиӊ Азық-аўқат ҳәм аўыл хожалығы шөлкеми (ФАО) Аўыл хожалығы министрлиги менен биргеликте аймақларда аграр тараўды раўажландырыў арқалы халықтыӊ дәраматларын арттырыў бойынша бир қатар жойбарларды әмелге асырып келмекте.

Атап айтқанда, Қарақалпақстанныӊ Кегейли, Қараөзек ҳәм Шымбай районларында аўыл халқына альтернатив дәрамат дәреги сыпатында суў үнемлеўши технологиялар орнатып берилди. Ҳәр бир районнан 15 шаӊараққа жәми 45 тамшылатып суўғарыў системасыныӊ орнатылыўы Аралбойы аймақларында жасайтуғын халыққа бир қанша жеӊилликлер жаратты.

Бул технологиялар өсимликлерди суўғарыўды автоматластырыў, суў ҳәм минерал төгинлер ушын қәрежетлерди жумсаўды 40-50 процентке азайтыў, сондай-ақ, түрли өсимликлер кеселликлериниӊ алдын алыў ҳәм топырақтыӊ ығаллығын сақлаў имканиятын берип, өнимдарлықты арттырыўға хызмет етеди.

Бул үскенелер ФАО тәрепинен БМШтыӊ Раўажланыў Бағдарламасы ҳәм БМШтыӊ Балалар Қоры (UNICEF) менен биргеликте әмелге асырылып атырған “Аралбойы аймағын жасыл ҳәм инновациялық раўажланыў арқалы жаслардыӊ жарқын келешекке қарай ҳуқық ҳәм имканиятларын арттырыў” биргеликтеги жойбары шеӊберинде орнатып берилди. Жойбар БМШтыӊ Аралбойы регионы ушын Инсан қәўипсизлиги бойынша көп тәреплеме шериклик тийкарындағы траст фонды тәрепинен қаржыландырылмақта.

Тамшылатып суўғарыў усылы өзиниӊ жоқары нәтийжелилиги, яғный суў ресурсларын шекленген шараятта аз суў жумсап, турақлы жоқары өним алыў имканиятын беретуғыны менен ажыралып туратуғынын атап өтиў керек.

Муҳайё Тошқораева, ӨзА