Ҳүжжетке қол қойылыўы нәтийжесинде СРИИ ҳәм СБМИ арасындағы нәтийжели бирге ислесиўге қосымша түртки бериўи, экспертлер сөйлесиўиниң буннан былай да избе-из раўажланыўына үлес қосыўы күтилмекте.

18-июль күни Қырғыз Республикасы Президенти Садир Жапаровтың Өзбекстанға мәмлекетлик сапары шеңберинде, Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Стратегиялық ҳәм регионлараралық изертлеўлер институты (СРИИ) ҳәм Қырғыз Республикасы Президенти жанындағы Стратегиялық басламалар миллий институты (СБМИ) арасында бирге ислесиў ҳаққындағы меморандумға қол қойылды.

Ҳүжжетке СРИИ директоры Элдор Арипов ҳәм СБМИ директоры Санжар Муканбектов тәрепинен қол қойылды.

Еки мәмлекет таллаў орайлары арасында өз-ара сапарлар ҳәм турақлы жумысшы байланысларды даўам еттириў, форумлар, семинарлар ҳәм дөгерек сәўбетлерин шөлкемлестириў, басылымлар ҳәм изертлеў мағлыўматлары менен өз-ара алмасыў Меморандумда нәзерде тутылған бирге ислесиўдиң тийкарғы бағдарлары болып есапланады.

Ҳүжжетке қол қойылыўы нәтийжесинде СРИИ ҳәм СБМИ арасындағы табыслы бирге ислесиўге қосымша түртки бериўи, экспертлер сөйлесиўиниң және де избе-из раўажланыўына үлес қосыўы күтилмекте.

Мағлыўмат ушын: Қырғыз Республикасы Президенти жанындағы Стратегиялық басламалар миллий институты усы жылдың апрель айында Стратегиялық изертлеўлер институты ҳәм Экономикалық сиясат изертлеўлери институтын бирлестириў жолы менен шөлкемлестирилген.

ӨзА