«Майыплықты белгилеў системасын жетилистириў бойынша қосымша илажлар ҳаққында»ғы Президент қарары қабыл етилди.

Қарарға бола, Майыплықты белгилеўдиң төмендеги тәртиби енгизиледи:

2024-жыл 1-сентябрьден Ташкент қаласы ҳәм Наўайы ўәлаятының район (қала)ларында басқышпа-басқыш эксперимент тәризинде, 2025-жыл 1-сентябрьге шекем республиканың қалған аймақларында:

– пуқараларға майыплықты белгилеў бойынша БИМХП (my.gov.uz), «Инсан» социаллық хызметлер орайлары ямаса социаллық хызметлер арқалы шаңарақлық шыпакерлерге мүрәжат етиў имканияты жаратылады;

– медициналық-социаллық экспертиза комиссиясы (МСЭК) тексериўи ушын пуқаралардың медициналық ҳүжжетлерин жоллаў шаңарақлық шыпакерлер тәрепинен электрон тәризде әмелге асырылады;

– «Инсан» орайлары хызметкерлери тәрепинен 18 жас ҳәм оннан үлкен жастағы шахслардың функционаллығын баҳалаў тәртиби енгизиледи. Онда баҳалаў нәтийжелери 2025-жыл 1-сентябрьге шекем майыплықты белгилеў ушын тийкар есапланбайды;

– шахс денсаўлығының жағдайына бола «Инсан» орайларына барыў имканиятына ийе болмағанда денсаўлығының жағдайы ҳәм функционаллықты баҳалаў шахстың үйинде ямаса емлениўде болған стационарда өткериледи;

– 2024-жыл 1-октябрьден қәнигелестирилген (психиатрия, фтизиатрия ҳәм пульмонология, педиатрия) МСЭКлер тәрепинен майыплықты белгилеў тәртиби бийкар етилип, майыплық районлараралық ҳәм район (қала)лық МСЭКлер тәрепинен белгиленеди.

ӨзА