Президент Шавкат Мирзиёев халықтың турмысы, аймақлардың раўажланыўы менен жақыннан танысыў мақсетинде 11-июль күни Ферғана ўәлаятына келди.

Мәмлекетимизде транспорт инфраструктурасы тараўында кең көлемли жумыслар алып барылмақта. Тек ғана ҳаўа жоллары тармағында Самарқанд, Термиз, Мойнақ, Замин аэропортлары жаңаланып, иске түсирилди. Ташкент ҳәм Үргенш халықаралық ҳаўа портлары оңланбақта, “Ташкент- Шығыс” қайта қурылмақта.

Усы жыл март айында Қоқанд аэропорты да жаңадан ашылған еди. 11-июль күни Өзбекстан Президентиниң самолёты  биринши рет  сол жерге қонды.

Бул аэропорт 1977-жылы қурылған болып, жақын жөнелислерге пәрўазлар әмелге асырылған. Соң тек ғана әскерий хаўа күшлери тәрепинен пайдаланылған. Модернизация нәтийжесинде бул аэропорт арқалы және пуқаралық авиация пәрўазлары жолға қойылды.

Мәмлекетимиз басшысы бул жердеги қурылыс жумыслары менен танысты.

Аэропортта 100 жолаўшыға мөлшерленген жаңа терминал қурылған, ушыў-қоныў коридорының қапламалары оңланған. Заманагөй аэронавигация үскенелери орнатылған. Бул жумыслар нәтийжесинде аэропорт А320-200 ҳәм ATR 72-600  маркалы самолётларды қабыл етиў имканиятына ийе болды.

Президентимиз енди бул аэропорт халқымызға пайда келтириўи керек екенлигин атап өтти. Буның ушын баҳа ҳәм хызметлерди адамларға қолайлы етип, пәрўазларды көбейтиў бойынша көрсетпелер берилди.

Ишки туризм имканиятларынан  пайдаланыў жақсы нәтийже беретуғыны, халықаралық рейслерди де жолға қойыў мүмкин екенлиги атап өтилди.

Буннан соң Шавкат Мирзиёев «Indorama Kokand Fertilizers and Chemicals» акционерлик жәмийетиниң жумысы менен танысты.

Мәмлекетимизде химия санааты жедел раўажланбақта. Кейинги бес жылда бул тараўда өним ислеп шығарыў көлеми дерлик 2 есеге артып, 45 триллион сумға жетти. Атап айтқанда, жаңа қуўатлылықлар есабынан минерал төгинлер ислеп шығарыў көлеми 17 процентке көбейип, жылына 1,4 миллион тоннадан артты. Бунда нәтийжели инвестициялық жойбарлар үлкен орын ийелемекте.

Бурынғы Қоқанд суперфосфат заводы қаржылай саламатландырыў ҳәм диверсификациялаў мақсетинде 2019-жылы Сингапурдың «Indorama Holdings BV» компаниясына инвестициялық миннетлемелер менен сатылған еди. Оның негизинде «Indorama Kokand Fertilizers and Chemicals» кәрханасы шөлкемлестирилди. 70 миллион доллар сырт ел инвестициясы тартылып, өндирис технологиялары модернизацияланды. Испания, АҚШ, Қытай, Ҳиндстан, Түркия, ҳәм Россия мәмлекетлериниң жетекши компанияларынан заманагөй үскенелер алып келинип орнатылды. Қосымша 150 жумыс орны жаратылды.

2021-жылы модернизация жумысларының биринши басқышы шеңберинде аммонийлескен суперфосфат, суўда тез ериўшең комплексли минерал төгинлер, азот-фосфат-калийли (NPK) минерал төгинлер ислеп шығарыў жолға қойылды. Завод қуўатлылығы жылына 75 мың тоннадан 450 мың тоннаға жеткерилди.

Шийки затлар жергиликли кәрханалардан алып келинеди. Мәселен, фосфорит уны Қызылқумнан, сульфат кислотасы Алмалықтан, аммоний сульфат Шыршықтан, аммиак «Ферғанаазот» ҳәм «Наўайыазот»тан келтириледи. Бул өнимниң өзине түсер баҳасын турақлы сақлаў имканиятын берип атыр.

Және бир әҳмийетли тәрепи, модернизация нәтийжесинде өндириске жумсалатуғын электр энергиясы ҳәм тәбийғый газ қәрежетлерин 35-40 процентке қысқартыўға ерисилген. Буннан тысқары, қоршаған орталықты патасландырмаў ушын тийкарғы өндирис цехларына төрт басқышлы тазалаў үскенелери орнатылған. Бурын тек ғана еки басқышлы болған.

Кәрхана жылына 30 миллион доллар өнимди экспорт етиў қуўатлылығына ийе. Бүгинги күнде ҒМДА, Европа, Африка ҳәм Азияның 16 мәмлекетине минерал төгинлер экспорт етилмекте.

Мәмлекетимиз басшысы завод бойлап жүрип, өндирис процесин көзден өткерди. Кәрхана ири химия кластерине айланып, тек ғана экономикалық емес, ал социаллық үлги болыўы керек екени атап өтилди. Завод хызметкерлери ушын заманагөй турақ жайлар қурыў, келешекте мектеп ҳәм емлеўхана жойбарларын да нәзерде тутыў бойынша пикир алысты.

Кәрхана избе-из раўажланбақта ҳәм кейинги басқышлар бойынша да жумыс алып барылмақта. Екинши басқыш шеңберинде 50 миллион доллар инвестиция өзлестирилди. Швейцария, Германия, Ҳиндстан, Қытай ҳәм Италиядан заманагөй технологиялық үскенелер алып келинип орнатылды. Бул басқышта жылына 24 миллион доллар муғдарында калий сульфат, сульфат кислотасы ҳәм аммоний-хлорид төгинлери ислеп шығарылады. 120 жаңа жумыс орны жаратылады.

Үшинши басқыш жумыслары 2025-2028-жыллары әмелге асырылады. Онда моно ҳәм дикальций фосфат, калий-нитрат, азот-фосфор-калийли комплексли минерал төгин, кальций хлорид, моно аммоний фосфат, моно калий фосфат ислеп шығарыў жолға қойылады. Жойбардың баҳасы – 100 миллион доллар. 235 жумыс орны жаратылады.

Мәмлекетимиз басшысы Ферғана ўәлаятында режелестирилген жаңа инвестициялық   жойбарлар менен танысты.

Кейинги жети жыл ишинде Ферғана ўәлаятында дерлик 77 триллион сумлық инвестициялар тартылған. Олардың нәтийжесинде 116 мың жумыс орны ҳәм 4,5 миллиард долларлық экспорт имканияты жаратылған.

Усы жылы ўәлаятта 1,3 миллиард долларлық мыңнан аслам жойбар әмелге асырылмақта.

Енди Ферғана ўәлаятында сырт елли инвесторлар ҳәм жергиликли исбилерменлер тәрепинен улыўма баҳасы 7 миллиард доллардан аслам  132 жойбар қәлиплестирилген. Соннан, 2,1 миллиард долларлық 25и мәмлекетимиз басшысына таныстырылды.

Жойбарларға Австрия, АҚШ, Қытай, Россия, Түркия, Германия, Саудия Арабстаны, Кубейт, Япония ҳәм Әзербайжан сыяқлы мәмлекетлердиң компаниялары инвестиция киргизбекте. Олар  тоқымашылық, азық – аўқат, медицина, электротехника, қурылыс материаллары, хызмет көрсетиў ҳәм басқа тармақларды өз ишине алған.

Мәселен, Қытай инвесторлары менен биргеликте Үшкөпир районында баҳасы 50 миллион долларлық керамикалық плиталар ислеп шығарыў жойбары әмелге асырылмақта. Оның нәтийжесинде 500 жумыс орны жаратылады. Қува районында Саудия Арабстаны инвесторлары менен биргеликте ысытыў ҳәм суўытқыш системаларының аўысық бөлеклерин ислеп шығарыў жолға қойылады. Баҳасы 50 миллион долларлық бул жойбар жуўмақланғаннан соң 350 адамның бәнтлиги тәмийинленеди.

Усы 132 жойбардың иске қосылыўы нәтийжесинде 23 мыңнан аслам халық жумыс пенен тәмийинленеди.

Президентимиз жуўапкерлерге жойбарлардың ҳуқықый – шөлкемлестириўшилик тийкарларын теслестириў, инвесторлар ушын барлық шараятларды тәмийинлеў бойынша қосымша көрсетпелер берди.

Шараят ҳәм талапшаңлық себепли бүгин барлық аймақларда  жумыс тезлиги жоқары. Бир кәрхана иске қосылып, басқалары қурылып атыр. Әсиресе, санаат тармақларында жойбарлар соншелли көп, ҳәммесине үлгериў қыйын.

Сол себепли мәмлекетимиз басшысының сапары ўақтында ең әҳмийетли жойбарларға тоқтап өтиў дәстүрге айланған. Ферғана ўәлаятында да жаңа кәрханаларды иске қосыў ҳәм қурылысын баслаў мәресими болды.

Президент Шавкат Мирзиёев сөзиниң басында соңғы бес жылда Ферғанада санаат көлеми 1,3 есеге көбейгенин атап өтти. Экспорт көлеми дерлик 2 есеге артып, 722 миллион долларды қураған.

Инвестициялар муғдары да жыл сайын өсип бармақта. 2018-жылы ўәлаят тек ғана 90 миллион доллар қаржы өзлестирген болса, өткен жылы бул көрсеткиш 1 миллиард 300 миллион доллар болған. Сырт ел капиталы қатнасыўындағы кәрханалар саны 470 ке жеткен.

Ўәлаятта 6 миллиард долларлық сырт ел исвестициялары  есабынан 110 ҳәм және 1,1 миллиард долларлық 22 жергиликли жойбар бойынша жумыслар жедел бармақта. Оларда 20 мыңнан аслам жумыс орны болады.

Алдын ўәлаятта 6  жойбарды ислеў мүмкин емес еди. Бүгин 6 миллиард долларлық жойбарлар ҳаққында айтып атырмыз. Не ушын? Өстик, раўажландық, инвесторларды исендирдик, шараят жараттық. Бундай жумысларды және даўам еттиремиз,- деди Шавкат Мирзиёев.

Тек ғана “Қоқанд” еркин экономикалық зонасында 370 миллион долларлық  жүзге шамалас жойбар орынланып, 9 мың жаңа жумыс орны жаратылды. Олар тәрепинен усы жылдың биринши ярымында 1 триллион 500 миллиард сумлық өним ислеп шығарылып, 60 миллион долларлық экспорт етилди.

Күни кеше қабыл етилген Президент қарарына бола, бул санаат зонасы Қувасай қаласы бойлап 210 гектарға кеңейтиледи. Онда баҳасы 1 миллиард долларлық 185 жойбар жайластырылып, 12 мың жумыс орны жаратылады. Оннан тысқары  Қоқанд қаласында 230 гектар майданда “Өзбекстан- Қытай” арнаўлы санаат зонасы шөлкемлестириледи.

Ўәлаяттағы табыслы жойбарлардан бири- Сингапурдың “Индорама” компаниясы менен биргеликтеги минерал төгинлер заводы. Енди оның жоқары нәтийжели комплексли өнимлер ислеп шығарыў бойынша 2- басқышы иске түсирилмекте ҳәм 3-басқышы басланбақта. Олардың нәтийжесинде жылына 300 мың тоннадан аслам өним ислеп шығарылып, қосымша 50 миллион долларлық экспорт тәмийинленеди.

Мәресимдеги және төрт жойбар энергетика тараўында. Олар-  Бесарық районындағы қуяш электр станциясы, Өзбекстан районындағы электр энергиясын сақлаў системасы, Ферғана районындағы киши гидроэлектр станциялары.

Экономикамызда электр энергияға болған талап жылына орташа 6 процентке артып бармақта. Сол себепли дәстүрий дәреклер менен бирге қайта тиклениўши қуўатлылықлар да раўажландырылмақта.

Соңғы үш жылда 2 миллиард доллар сырт ел инвестициялары есабынан қуўатлылығы 2,4 гигаватт болған 10 қуяш ҳәм самал электр станциясы тармаққа жалғанды. Жыл ақырына барып және 12 станцияның дерлик 2,6 гигаватт қуўатлылықлары жалғанады. Сондай-ақ, ҳәзирги күнде жәми 19 миллиард долларлық, 18,3 гигаватлы 32 “жасыл” жойбар әмелге асырылмақта. Әҳмийетлиси, ондай жойбарлар ҳәр бир ўәлаятта бар.

Атап айтқанда, Ферғананың Бесарық районында Германияның “Hyper Partners” компаниясы менен 500 мегаваттлы қуяш электр станциясының қурылысы басланбақта. 350 миллион долларлық бул жойбардың дәслепки 200 мегаватты усы жылдың өзинде тармаққа жалғанып, келеси жылы толық иске түсириледи. Онда жылына 1 миллиард 600 миллион киловатт саат яки 675 мың шаңарақтың бир жыллық пайдасына тең “жасыл” энергия ислеп шығарылады. Нәтийжеде 466 миллион метр куб тәбийғый газ үнемленеди.

Өзбекстан районында 144 миллион доллар сырт ел инвестициясы есабынан 150 мегаваттлы биринши электр энергиясын сақлаў системасы қурылады. Қытайдың “Gezhouba Group” компаниясы менен биргеликтеги бул комплекс усы жылдың ақырына шекем иске түсириледи. Ол электр энергиясына талап артқан ўақытта автомат түрде иске қосылып, энергетика системасының турақлылығын тәмийинлейди.

Бул заманагөй станциялар энергетика қәўипсизлигин тәмийинлеўге, экономикалық нәтийжелилигин арттырыўға, экологиялық турақлылықты жақсылаўға хызмет етеди.

Тараўдағы және бир бағдар- суў ресурсларынан нәтийжели пайдаланыў. Соңғы жети жылда 630 миллион доллар инвестиция есабынан 400 мегаваттан аслам жаңа қуўатлықлар пайда болып, гидроэлектр станцияларының қуўатлылығы 2,2 гигаваттқа жеткерилди.

Излениўлер даўам еттирилип, елимизде 56 мегаватт қуўатлылықтағы 200 киши ҳәм микро ГЭСлер қурыў имканияты анықланды. Бул бойынша айрықша бағдарлама қабыл етилди. Оның шеңберинде Ферғана районының шетки аймақларында 2 киши ГЭС қурылды. Бириншиси, Шоҳимардон аўылында қурылған 2,2 мегаваттлы, екиншиси, Жоқары Водил аўылындағы 430 киловаттлы станциялар болып есапланады. Олар жақын мәҳәллелерде жасаўшыларды үзликсиз электр энергиясы менен тәмийинлейди.

Мәмлекетимиз басшысы символикалық түймени басып, қурылып питкен кәрханалардың жумысын ҳәм жаңа жойбарлардың қурылысын баслап берди.

Соң Президент Шавкат Мирзиёев Қоқанд университетинде жаратылған шараятлар менен танысты.

Министрлер Кабинетиниң 2019-жыл 17-август күнги қарары тийкарында шөлкемлестирилген бул билимлендириў орайы 6 мың 400 орынға мөлшерленген. Оқыў имаратлары, 500 орынлық 2  студентлер турақ жайы ҳәм мәлимлеме-китапхана орайында жаслар ушын барлық шараятлар жаратылған. Студентлерге 233 профессор-оқытыўшы сабақ бермекте.

Ол жерде сырт ел университетлери менен нәтийжели бирге ислесиў жолға қойылған. Соның ишинде, 80 ге шамалас сырт ел университети менен шартнамаларға қол қойылған. Университет Түркий тиллес мәмлекетлер университетлери кеңеси ағзасы. Өткен оқыў жылында Кеңестиң тәлим грантлары тийкарында 22 оқытыўшы Түркия, Әзербайжан, Қазақстанда тәжирийбе арттырып қайтты. 15 сырт елли оқытыўшы болса Қоқанд университетинде тәжирийбе арттырды.

Аймақта алты қабатлы, еки мың орынға мөлшерленген жаңа оқыў имараты қурылмақта. Ол жерде оқыў кәрханалары, илимий лабораториялар, типография жайласады. Сондай-ақ, еки қабатлы жаслар IT академиясы қурылмақта. Оларды усы жыл сентябрь айында пайдаланыўға тапсырыў режелестирилген.

2022-жылы университеттиң туризм факультети ушын мың орынлық жаңа имарат қурылған.

Мәмлекетимиз басшысы миллий усылдағы бул конференцияны көзден өткерди. Сырт елден профессорларды мирәт етип, дуал билимлендириў системасын кеңнен қолланыў , туризм шөлкемлериниң буйыртпасы тийкарында студентлерди мақсетли таярлаў зәрүр екенлиги атап өтилди. Бул тараўда жетик теориялық ҳəм əмелий билимлерге ийе кадрлар ислеўин тəмийинлейди.

Бул жерде Ферғана туризм айланба жолын жаратыўға байланыслы концепция көрсетилди.

Өткен жылы Ферғанаға 430 мың сырт елли туристлер келген. Бирақ ўәлаяттың тарийхы, гөззал тəбиятына салыстырғанда, бул аз.

Ферғана туризм айланба жолынан мақсет сырт ел ҳәм жергиликли туристлериң ўәлаятта қалыў мүддетин 3 күннен 7 күнге шекем созыў, объектлердиң санын 2 есеге асырыў болып есапланады. Оның ушын Ферғана, Алтыарық, Қува, Үшкөпир районларындағы дыққатқа ылайық орынлар туризм бағдарларына киргизиледи. Улыўма, айланба жолда 577 орай болады, 50 ден аслам саўда хызмет түрлери көрсетиледи.

Президентимиз университет жанындағы Тепақўрған археологиялық естеликлерин де көзден өткерди.

Естелик қаланың жасын анықлағаны ҳәм қәдимги орда орнында жайласқаны менен әҳмийетли. Яғный, ол жер Қоқанд қаласының ең әййемги тийкаршысы болып есапланады.

Қоқанд бизиң эрамызға шекемги тек ғана ири қала емес, ал киши мәмлекет пайтахты болған. Бул ҳаққында көплеген тарийхый дәреклерде жазылған. Қорған қараўсыз қалғаннан соң, узақ жыллар даўамында қойымшылық болған. Ол жерде көплеген уламалар,   жазыўшы ҳәм мударрислер жерленген.

Бул естелик 2019-жылы мәдений мийрас объектлери миллий дизимине киргизилген. 2022-жылы алып барылған археологиялық қазыў жумыслары нәтийжесинде естелик аркиниң дүзилиси анықланған.

Мәмлкетимиз басшысы бул археологиялық естелик орнын қайта оңлаў ҳәм консервациялаў, “ашық аспан астындағы музей”ге айландырыў басламасын билдирди.

Зыярат өзи қайырлы ис. Бирақ миллет тарийхын зыярат етиў және де уллы нарсе. Бул жерде әне, сондай шараят жаратыў керек. Бул  адамларға, әсиресе, жасларымызға  билим, ҳәм мақтаныш бағышлайды. Қорған ҳаққында сырт еллердеги дәреклерди үйренип, мағлыўматларды байытып барыў да зәрүр, деди Президент.

Мәмлекетимиз басшысы Бағдат районындағы Юксалиш мәҳәллесинде болып, халықтың турмыс шараяты менен танысты.

Өнерментшилик, Өндирис ҳәм хызмет көрсетиўге қәнигелескен бул мәҳәлледе 3 мың 300 ге шамалас халық жасайды. 560 тан аслам шаңарақтың барлығында қыйтақ жер, оннан артық ыссыхана бар. Олардан жақсы пайдаланып, еки мәртеден өним алынбақта.

Және айырым шаңарақлар ағаш усташылығы, темиршилик, кестешилик пенен шуғылланады. Бүгинги күнде мәҳәлледе исбилерменлик субъектлериниң саны 20 дан асты. Мектеп, бақша ҳәм поликлиникалар. Оларда аймақ халқының бир бөлеги турақлы жумыс пенен бәнт.

Өткен жылы 131 адам жумысқа жайластырылған. Халықты исбилерменликке тартыў ушын 22 жойбарға 240 миллион сум кредит ажыратылған.

Мәмлекетимиз басшысы мәҳәлледеги “Гулнора Матқулобод бодомлари” кәрханасының жумысы менен танысты. Бағдатта бадам жақсы өседи. Кәрхана 11 мәҳәлледеги 500 ден аслам шаңарақларға бадам тарқатып, сатыўға таярлатады. Бир күнде 3 тоннаға шекем өним қайта исленеди. Ҳәзирги күнде қабығы жумсартылған мазалы бадамлар пайтахтымыз ҳәм ўәлаятарға жеткерилип берилмекте. Исбилермен ҳаял енди оны экспорт етиўди режелестирип атырғанын айтты.

Президентимиз исбилермен ҳәм жумысты үйге алып ислеўши ҳаяллар менен қызғын сәўбетлести. Интакерлиги ҳәм мийнет сүйгишлиги, реформаларды қоллап қуўатлап, ҳаял-қызларды жумыслы етип атырғаны ушын оларға миннетдаршылық билдирди.

Мәҳәлле бюджетинде 83 миллион сум бар. Көшелер абат, шаңарақлар азада. Мәҳәлле орайында ҳуқық қорғаў уйымы, шығындыны жыйнаў пункти қурылған.

Быйыл 25-июнь күни мәмлекетимиз басшысының басшылығы менен өткен мәжилисте мәҳәллелерде сервис компаниясын шөлкемлестириў илажлары белгиленген еди. Усы тийкарда бул жерде де “Юксалиш” мәҳәлле тери сервис компаниясы шөлкемлестирилди.

Сервис компаниясы Бағдат районындағы 5 мәҳәллеге хызмет көрсетеди.

24 саатлық жумыс жолға қойылған. 22 жумысшы, онға шамалас жүк тасыўшы ҳәм арнаўлы транспортлар, оңлаў үскенелери ел хызметинде.

Төлемлерди өндириўде  “Мениң үйим”  электрон бағдарламасынан пайдаланылады. Бул мәкемениң ҳәўлисинде де өнерментлер ушын шараят жаратылған.

Бул тәжирийбени кеңейтип, мәҳәллелерди абат етиў, бәнтлик ҳәм тазалыққа айрықша итибар қаратыў әҳмийетли екенлиги атап өтилди.

Ферғана ўәлаятының Марғулан қаласында халық тығыз жасайды. Жақын келешекте бул жағдай артып барады. Жас шаңарақларға ҳәм келешек әўладларға мүнәсип шараят жаратыў мақсетинде Президентимиз қалада жаңа массив қурыў идеясын алға қойды. Сапар етиў ўақтында бул бағдарда марғуланлы нуранийлер, жәмийетшилик ўәкиллери менен мәсләҳәтлесилди.

– Мәмлекетимиздиң көп орынларында жаңа массивлер, қалашалар қурып атырмыз. Марғуланлылардың жасаў шараятларынан, турақ жайларға зәрүр екенлигинен хабарым бар. Усы талап ҳәм тилеклерди, көплеген шаңарақлардың нийетлерин инабатқа алып, заманагөй имаратлар қурыўды ойлап атырмыз,- деди Шавкат Мирзиёев.

Жойбарға бола, 110 гектар майданда қурылыс жумыслары алып барылады. Атап айтқанда, 25 мың халыққа мөлшерленген 5 мың квартиралы көп қабатлы жайлар қурылады. Сондай-ақ, Бурҳанаддин Марғиланий халықаралық илимий-изертлеў орайы, Мақам театры, юридикалық институт, 4 мийманхана, шайыр ҳәм қосықшылар майданы, саўда ҳәм хызмет комплекслери болады. Дем алыў бағы оған жағымлы ҳаўа бағышлайды.

Жәмийетшилик атынан шығып сөйлеген нуранийлер бул халық күткен жойбар екенин айтып, миннетдаршылық билдирди. Бул жақсы иске табыслар тилеп пәтия етилди.

-Бүгин барып көрдик, Ферғанада үлкен санаат кәрханалары ислеп атыр. Жаңа электр станцияларын иске түсирдик. Не ушын? Халқымыздың шараяты болыўы ушын, кәрханалар турақлы ислеўи ушын. Енди сизлер де реформаларды қоллап-қуўатлап, мәҳәллелердиң жумыссызлық ҳәм кәмбағаллықтан арылыўына жәрдем бериўиңизди қәлер едим, -деди Президент.

Жуўапкерлерге массивти сырт ел тәжирийбеси тийкарыда пухта жойбарластырыў, жайлар ҳәм инфраструктураны узақты гөзлеп қурыў бойынша көрсетпелер берилди.

Президент Шавкат Мирзиёевтиң Ферғанаға сапары ўақтында Лола Муратова атындағы аўыл хожалығына қәнигелескен кәсип-өнер мектеби ашылды.

Лола Муратова Өзбекстан Қаҳраманы, Өзбекстан Республикасына хызмет көрсеткен аўыл хожалығы хызметкери, “Эл-юрт ҳүрмати” ҳәм “Фидокорона хизматлари учун” орденлери ийеси болған. Пүткил өмирин усы тараўға бағышлап, үлкен табысларға ҳәм ҳүрметке ийе болған.

Бул бай тәжирийбени жасларға жеркериў, аўыл хожалығында орта буўын кадрларды таярлаў мақсетинде усы билимлендириў орайы шөлкемлестирилди.

Мәмлекетимиз басшысы ол жерде жаратылған шараятларды көзден өткерди.

Кәсип-өнер мектеби 480 орынға мөлшерленген болып, онда басланғыш профессионал билимлендириў басқышында кадрлар таярланады. Отыздан аслам аудиториялар, жети лаборатория, компьютер ханалары, белсендилер залы ҳәм музей қурылған. Сондай-ақ, 150 орынлық турақ жай, спорт залы, мини-футбол майданшасы, устахана, ыссыхана ҳәм шынығыўлар ушын автодром оқыўшылар ықтыярында болады.

Орайға улыўма билимлендириў мектеплериниң 9-классын питкериўшилер оқыўға қабыл етиледи. Оқыў процеси басланғыш профессионал билимлендириў бағдарлары тийкарында, әмелият пенен байланыслы ҳалда алып барылады.

Шавкат Мирзиёев Лола Муратованың  көп жыллық мийнети, инсаныйлық пазыйлетлерин еске алды.

-Лола апа өзбек ҳаялының нелерге уқыплы екенлигин көрсетти, соның менен бирге, жүдә кеңпейил ҳәм әпиўайы инсан еди. Пидайылығы, мийнетсүйгишлиги менен елимиздиң раўажланыўына ҳәм абаданлығына үлкен үлес қосқан еди. Бул тәреплери жасларға өрнек болыўы, олар кәсипти жақсы үйрениўи керек,- деди мәмлекетимиз басшысы.

Мектепте Германия тәжирийбеси тийкарында оқыўшыларды аўыл хожалығы тараўында исбилерменлик көнликпелерине оқытыў енгизиледи. Билимлендириў процесин сапалы шөлкемлестириў, методикалық жәрдем көрсетиў ушын мектеп Ферғана мәмлекетлик университетине бириктирилди. Сондай-ақ , орайда “Фермерлер мектеби”н де шөлкемлестириў нәзерде тутылған. Онда буйыртпашылардың қаржылары есабынан фермерлердиң  маманлығын арттырыў курслары жолға қойылады.

Президент Шавкат Мирзиёев Ферғана қаласында қурылып атырған “Жаңа Өзбекстан”  массивин де барып көрди.

Халыққа мүнәсип жасаў шараятларын жаратыў, социаллық инфраструктураны раўажландырыў мәмлекетимиз басшысының турақлы итибарында. Сол себепли барлық аймақларда бундай жойбарлар әмелге асырылмақта.

Президентимиз 2022-жылы ҳәм өткен жылы Ферғана қаласындағы бул массивтиң қурылысын көзден өткерген еди. 300 гектарлық аймақта 65 мың халыққа мөлшерленген 365 көп қабатлы жайлар басқышпа-басқыш қурылмақта. Бул жайлар 7, 9, 12, 16, ҳәм 25 қабатлы болып, ўәлаят қала қурылысында өзине тән жаңалық болып есапланады.

Ҳәзирги күнде дәслепки жайлар ҳәм бағлар абат халық мәнзилине айланып үлгерди. 2 мың 887 квартиралы 75 жай пайдаланыўға тапсырылды. Олардың негизинде Нурафшан мәҳәллеси шөлкемлестирилди. Жайларға 500 ден аслам шаңарақ көшип келди. Еки мектеп, үш бақша ҳәм поликлиника ашылды.

Көшедеги ойын майданшаларындағы балалардың қуўанышлы күлкиси кеўиллерди көтереди. Усы жылы және 25 жай қурылады.

Халық тығыз жасайтуғын аймақлар ушын бундай массивлер керекли социаллық әҳмийетке ийе. Турақ жайлардың сапасы ҳәм өзине түсер баҳасы халқымыз имканиятына сай келетуғынына итибар қаратылмақта.

Бул жерде заманагөй билимлендириў орайлары, медицина орайлары, спорт комплекси, саўда ҳәм турмыслық хызмет шақапшалары бой тиклемекте.

Халықты жумыс пенен тәмийинлеў ушын массив аймағының 50 гектарында киши санаат зонасы шөлкемлестириледи. Азық-аўқат, тигиўшилик, тоқымашылық, териден исленген аяқ кийим, фармацевтика, мебел қурылысы ҳәм электротехника өнимлерин ислеп шығаратуғын кәрханалар жумыс баслайды. Бүгинге шекем 423 миллиард сумлық 5 жойбар жайластырылды. Олардың нәтийжесинде 700 жаңа жумыс орны жаратылады.

Массивти экоқала деп айтыў мүмкин. Себеби 70 гектар майданда “ Жаңа Өзбекстан бағы”,  сулыў майданлар, жасалма көллер, төрт мың орынлық амфитеатр қурылды. Бағ аймағына пута ҳәм саяманлы тереклер егилген. Түрли аттракционлар орнатылған.

Мәмлекетимиз басшысы массив бойлап жүрип, гөззал мәканды көзден өткерди. Бағда қурылған амфитеатрда қысқа концерт бағдарламасы қойылды. Президент Шавкат Мирзиёевтиң Ферғана ўәлаятына сапары даўам етпекте.

ӨзА