Мәмлекетимиз басшысы район ҳәм қалалардың мастер-режелерин ислеп шығыўға байланыслы презентация менен танысты.

Бул ҳаққында усы жылы 16-январьда болып өткен экономикадағы тийкарғы ўазыйпаларға бағышланған видеоселектор мәжилисинде тапсырма берилген еди. Жуўапкерлер бул бағдарда исленген дәслепки жумыслар, мастер-режелерден күтилип атырған нәтийжелер ҳаққында мәлимлеме берди.

Өткен ўақытта 14 район ҳәм қала бойынша мастер-реже ислеп шығылған. Оларда 759 көп қабатлы турақ жай, 22 саўда комплекси, 800 ден аслам хызмет көрсетиў объектин қурыў имканияты анықланған.

Усы тәризде 112 район ҳәм қаладағы драйвер бағдарлар тийкарында және 136 мастер-реже таярланыўы нәзерде тутылған.

Мәселен, халқы тез өсип атырған 38 район орайлары ҳәм қалаларда жетерли турақ жайлар қурыў, халықтың сейил етиўи ҳәм дем алыўы ушын қолайлы орынлар ҳәм дем алыў парклерин қурыў зәрүр.

Туристлик имканияты жоқары 20 районда мийманханаларды көбейтиў, пляж, экологиялық, медициналық, спорт ҳәм экстремал туризмди раўажландырыў арқалы туристлер ағымын 2,5 есеге арттырыў имканияты бар.

Аймағынан магистраль жоллар өткен 68 районда 400 ден аслам мотель, кемпинг, асхана, дүкан ҳәм автосервислер шөлкемлестириў мүмкин.

Улыўма етип айтқанда, мастер-режелер тийкарында болатуғын жойбарлар есабынан 40 мың жумыс орны жаратылыўы, бюджетке жылына қосымша 350 миллиард сум дәрамат түсиўи күтилмекте.

Мәмлекетимиз басшысы халық ушын қолайлы инфраструктура, саўда ҳәм кеўилашар орынлар, жоқары дәраматлы жумыс орынларын шөлкемлестириўди ҳәзирден баслаў керек екенин атап өтти.

Мастер-режелер ислеп шығылыўы ҳәм мониторинги бойынша вертикаль система жаратыў ўазыйпасы қойылды.

ӨзА