Корея Республикасы Президенти Юн Сок Ёль елимизге мәмлекетлик сапары шеңбериндеги илажлар жуўмағында Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында Самарқандтың тарийхый естеликлери менен танысты.

Әййемги ҳәм нәўқыран қалада мәмлекет басшылары өмирлик жолдаслары менен бирге мәмлекетимиздиң «сапар қағазы», ата-бабалырымыздың дөретиўшилик потенциалының гөззал көриниси – дүнья жүзине белгили Регистан майданына барды. Мырза Улығбек, Шердор ҳәм Тиллақори медреселериниң саўлаты, өзине тән архитектурасы ҳәммени таң қалдырып ҳәўесин келтиреди.

Жоқары мәртебели мийманлар Регистандағы ҳәр бир естелик, миллий өнерментшилик өнимлериниң көргизбелерин таң қаларлық пенен тамашалады. Оларға медреселердиң қурылыс тарийхы, дийўаллардағы нағыс ҳәм белгилердиң мазмуны ҳаққында айтып берилди.

Әмир Темур мақбарасын зыярат етиў ўақтында мийманларға уллы ата-бабамыздың мәмлекетшилик сиясаты, әскерий шеберлиги, түрли мәмлекетлер менен дипломатиялық байланыслары ҳаққында айтып берилди. Саҳыпқыран бабамыз ҳәм темурийлер мәмлекети өз дәўириниң ең үлкен ҳәм раўажланған мәмлекети болғаны мийманларда үлкен тәсир қалдырды.

Буннан кейин Президентлер ҳәм олардың өмирлик жолдаслары «Афрасиаб» музейине барды.

Бул музей Самарқанд қаласының үш мың жыллық тарийхынан сөз етеди. Бул жердеги сийрек ушырасатуғын экспонат ҳәм дийўал сүўретлер пүткил дүнья жүзи туристлерин, соның ишинде, кореялыларды өзине тартып турады.

VII әсирге байланыслы дийўалдағы сүўретлерден биринде Самарқанд ҳүкимдарының ески Корея – Когурё елшилерин қаббылаў мәресими де сәўлеленген. Бул халықларымыз арасындағы дослық байланысларының көп әсирлик тарийхынан дәрек береди.

Жақында кореялы қәнигелердиң қатнасыўында музейди реставрациялаў жумыслары жуўмақланған болып, олар шеңберинде имараттың ишки ҳәм сыртқы келбети ири оңланып жаңаланды.


Қубла Корея Президенти тарийхый затларды таңланыўшылық пенен тамашалап, халықларымыз арасындағы байланыслар узақ өтмишке барып тақалатуғынын, бул дослық ҳәм бирге ислесиў буннан былай да даўамлы болатуғынын атап өтти.

Жетекшилер мәдений мийрасты қәстерлер сақлаў бағдарындағы еки тәреплеме бирге ислесиўди буннан былай да раўажландырыў әҳмийетли екенин атап өтти.

Буннан кейин жоқары мәртебели мийманлар Мырза Улығбек обсерваториясы ҳәм музейинде болды.

Әмир Темурдың сүйикли ақлығы болған Муҳаммед Тарағай Мырза Улығбек уллы астроном илимпаз ҳәм ҳүкимдар сыпатында илим ҳәм мәденияттың раўажланыўына үлкен үлес қосқан. Орта әсирлерде-ақ сийрек ушырасатуғын обсерватория қурып, аспан денелерин оғада анық үйренген. Оның «Зижи жадиди Кўрагоний» шығармасы дүнья жүзи астрономиясында әҳмийетли қолланба болып хызмет еткен.

Экскурсияның соңғы мәнзили «Уллы жипек жолы» халықаралық туризм орайындағы «Мәңги қала» тарийхый-этнографиялық комплекси болды. Бул жерде мийманларға халқымыздың бийтәкирар көркем өнери, өнерментшилик ҳәм музыка мәденияты таныстырылды.

Сапар илажлары жуўмақланғаннан кейин аэропортта Корея Республикасы Президенти Юн Сок Ёль ҳәм оның өмирлик жолдасын Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев ҳәм оның өмирлик жолдасы шығарып салды.

Буннан кейин Президент Шавкат Мирзиёев Имам Бухарий мақбарасын зыяратлады.

Қуран оқылып, пәтия етилди.

Уламалар менен болған сәўбетте илим-ағартыўшылықтың раўажланыўына жаратылып атырған шараятлар, жасларды ўатансүйиўшилик ҳәм шүкиршилик, миллий қәдириятларға ҳүрмет руўхында тәрбиялаў ҳаққында сөз етилди.

Комплекс ҳәзирги күнде жаңадан қурылмақта. Бул жердеги қурылыс-пардозлаў жумыслары көзден өткерилди.

Соның менен Президентимиздиң Самарқандқа сапары жуўмақланды.

ӨзА