Көксарай резиденциясында 14-июнь күни мәмлекетимизге мәмлекетлик сапарын әмелге асырып атырған Корея Республикасы Президенти Юн Соқ Ёльди салтанатлы күтип алыў мәресими болып өтти.
Мақсет, көзқарас ҳәм пикирлердиң бир-бирине жақынлығы – нәтийжели қарым-қатнастың даўамлы болыўын кепиллейди. Өзбек ҳәм корейс халықларының уқсас тәреплери көп. Ашық жүзлилик ҳәм мийнеттен қашпаў сыяқлы өзине тән тәреплер көп жыллық қәдирият болып есапланады.
Өзбекстан Республикасы ҳәм Корея Республикасы жетекшилериниң жоқары дәрежедеги тарийхый ушырасыўы нәтийжели болып атырғанының тийкарында да мине усы уқсаслықжатыр.
Өзбекстанда алып барылып атырған ашықлық сиясаты, инвестициялық орталықтың жақсыланғаны ҳәм нызам үстинлиги усы мәмлекет пенен қатнасықларда да жаңа бет ашты. Бир ғана мысал, кейинги жыллары өз-ара товар алмасыў көлеми кескин артты. Атап айтқанда, өткен жылы бул сан рекорд дәрежеге – 2,5 миллиард долларға жетти.
Резиденция алдындағы майданда еки мәмлекет байрақлары көтерилди ҳәм ҳүрметли қараўыл сап тартты.
Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев жоқары мәртебели мийманды қызғын күтип алды ҳәм минберге мирәт етти. Мәмлекетлик гимнлер жаңлады.
Әскерий оркест намалары астында жетекшилер ҳүрметли қараўыл қатары алдынан өтти ҳәм рәсмий делегациялар ағзаларын бир-бирине таныстырды.
Рәсмий күтип алыў мәресиминен соң Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев ҳәм Корея Республикасы Президенти Юн Сок Ёльдиң тар шеңбердеги ушырасыўы болып өтти.
Сәўбет алдынан мәмлекетимиз басшысы мийманды қызғын қутлықлап, дипломатиялық байланыслар орнатылғанының 32 жыллығы ҳәм Өзбекстан – Корея айрықша стратегиялық қатнасықларының бес жыллығы менен шын жүректен қутлықлады.
Ушырасыў барысында сиясий, саўда-экономикалық, технологиялық ҳәм басқа әҳмийетли тараўларда әмелий бирге ислесиўди және де кеңейтиў мәселелери додаланды.
Корея Республикасы Өзбекстанның жетекши саўда ҳәм инвестициялық бирге ислесиўшилеринен бири екенлиги атап өтилди. Өткен жылы товар алмасыў 2,5 миллиард долларды қурады, корейс инвестицияларының баҳасы 7,5 миллиард доллардан артты. Туристлер ағымы артып бармақта. Ташкент ҳәм Сеул арасында бир ҳәптеде 10 авиапәрўаз әмелге асырылмақта.
Бирге ислесиў потенциалынан және де нәтийжели пайдаланыў, ири жоқары технологиялық жойбарларды анықлаў ҳәм алға қойыў ушын жаңа шериклик моделин қәлиплестириў бойынша келисимге ерисилди.
Мәдений-гуманитарлық алмасыў нәтийжели раўажланып атырғаны жоқары баҳаланды. Республикамызда Корея жетекши жоқары оқыў орынларының 4 филиалы табыслы жумыс алып бармақта. Өз гезегинде, Қубла Кореяда 11 мыңнан аслам өзбекстанлы студент билим алмақта.
Корея мәденият үйи, Көп тармақлы балалар клиникасы, Ташкенттеги Сеул бағы ҳәм Сеул көшеси дослық ҳәм бирге ислесиўдиң ҳақыйқый белгисине айланды.
Президентлер халықаралық шөлкемлер шеңберинде өз-ара қоллап-қуўатлаўдың әҳмийетин атап өтти.
Сондай-ақ, регионаллық, атап айтқанда, “Орайлық Азия – Корея Республикасы” форматындағы бирге ислесиў мәселелери бойынша пикир алысты.
Қәўипсизлик ҳәм Қорғаныў тараўында, атап айтқанда, кибержынаятлар, терроризм ҳәм экстремизге қарсы гүресиў бойынша тығыз байланысларды орнатыўға айрықша итибар қаратылды.
Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев ҳәм Корея Республикасы Президенти Юн Сок Ёль сөйлесиўлерди еки мәмлекет рәсмий делегацияларыныӊ қатнасыўында даўам етти.
Мәмлекетлеримиз арасындағы бирге ислесиўдиң барлық тараўлары ҳәм бағдарларын қамтып алған айрықша стратегиялық шериклик қатнасықларын және де раўажландырыў ҳәм тереңлестириў мәселелери толық додаланды.
– Кең делегацияңыз бенен Өзбекстанға әмелге асырып атырған мәмлекетлик сапарыңыздың елимиз ҳәм регионымыз бенен көп тәреплемели бирге ислесиўдиң раўажланыўына үлкен итибардың және бир тастыйығы сыпатында қабыл етемиз, – деди Президентимиз.
Корея Республикасы Өзбекстанның жедел ҳәм инновациялық раўажланыўында тийкарғы шериклерден бири болып есапланады. Мәмлекетимизде энергетика, химия, автомобиль қурылысы, электротехника, тоқымашылық, азық-аўқат ҳәм басқа тараўларда 726 биргеликтеги кәрхана жумыс алып бармақта.
Сөйлесиўлер барасында келешектеги үш жыл ушын Өзбекстан – Корея айрықша стратегиялық шериклигиниң жаңа жоқары технологиялы күн тәртибин қәлиплестириў әҳмийетли екени атап өтилди.
Мәмлекетимиз басшысы буны “Еки мәмлекеттиң жоқары технологиялы ҳәм инновациялық бирге ислесиўиниң жаңа дәўири” деп жәриялаў басламасы менен шықты.
Усы мүнәсибет пенен ҳүкиметлерге Өзбекстанда регионаллық жоқары технологиялы хаб жаратыў бойынша стратегиялық бағдарламаны таярлаў тапсырылды.
Ҳәзирги ўақытта стратегияның тийкарғы бағдарлары сыпатында бир қатар әҳмийетли тараўларда бирге ислесиў усыныс етилди.
Бириншиден, оғада әҳмийетли минерал ресурслар тараўындағы бирге ислесиў. Бул ресурс базасын терең қайта ислеген ҳалда қосымша қунның толық шынжырын жаратыўды нәзерде тутады.
Екинши. Корея Республикасы дәстүрий түрде глобал жетекшилерден бири болып есапланған ярымөткизгишлер тараўында стратегиялық бирге ислесиў. Бул бағдарда мәмлекетимизде регионда биринши бир пүтин илимий-өндирислик кластерин қурыў режестирилген.
Үшинши. Химия санаатында кең көлемли бирге ислесиў. “Жасыл” водород ҳәм аммиак ислеп шығарыў, сондай-ақ, таяр резинотехника өнимлерин өндириў бойынша жаңа жойбарлар таярланған.
Төртинши. Машина қурылысында кооперацияны тереңлестириў. Быйылғы жылдың бәҳәринде Жиззақ ўәлаятында KIA автомобильлерин жыйнаў линиясы иске қосылды. Келеси жылы жылына 60 мыңнан аслам седан ислеп шығарыўды баслаў режелестирилген.
Бесинши. “Ақыллы” аўыл хожалығын жаратыўға технологияларды тартыў, атап айтқанда, аграр тармақты раажландырыў, “ақыллы” ҳәм “жасыл” технологияларды енгизиў.
Мәмлекетимиз аймақларында қайта тикленетуғын энергия дәреклери тийкарында заманагөй ыссықхана хожалықлары ҳәм бағшылық комплекслерин қурыў бойынша келисимлерге ерисилген.
Алтыншы. Инфраструктураны модернизациялаў ҳәм қала қурылысы бағдарламасы. Корея банклери ҳәм компанияларының тарнспорт инфраструктурасын модернизациялаў, мәмлекетлик-жеке меншик шериклик принциплери тийкарында турақ жай ҳәм коммерциялық объектлерди жойбарластырыў ҳәм қурыўға қызығыўшылық жоқары екени атап өтилди.
Жетинши. Заманагөй ҳәм қәўипсиз энергетика. “Жасыл” энергетика ҳәм энергияның нәтийжелилигин арттырыў тараўында перспективалы жойбарларды ислеп шығыў ушын тәреплер энергетика министрлери дәрежесинде стратегиялық байланысты қайта тиклеўге ҳәм оның гезектеги мәжилисин жақын арада Өзбекстанда өткериўге келисип алды.
Корея Эксимбанки ҳәм EDCF қоры менен шериклик табыслы болып атырғаны қанаатланыўшылық пенен атап өтилди, олар менен биргеликтеги жойбарлар портфели 3 миллиард доллардан артқан.
EDCF қоры шеңберинде 2 миллиард долларлық жаңа жойбарлар, атап айтқанда, жоқары тезликтеги электр поездлерин жеткерип бериў, “Ташкент Фарма Парк” жойбарының екинши басқышын әмелге асырыў ҳәм билимлендириў мәкемелерин үскенелеў бойынша келисимлерге ерисилген.
Ҳәзирги саммитке таярлық көриў процесинде жоқарыдағы бағдарлар бойынша 9,6 миллиард долларлық жаңа жойбарлар портфели қәлиплестирилгени қанаатланыўшылық пенен атап өтилди.
Президентлер мәдений-гуманитарлық алмасыўды және де кеңейтиўге айрықша итибар қаратты.
Нәтийжели шерикликтиң анық мысалы Корея тәрепи менен биргеликте қурылған заманагөй көп тармақлы балалар клиникасы болып есапланады.
Сөйлесиў барысында үлкенлер ушын емлеўхана, онкологиялық клиника ҳәм биргеликтеги университетти өз ишине алған медициналық кластер жойбарларын таярлаў ҳәм әмелге асырыўды жеделлестириў бойынша келисимге ерисилди.
Буннан тысқары, Кореяның қәнигелестирилген орайларында медицина хызметлериниң маманлығын арттырыў бойынша узақ мүддетли бағдарлама иске қосылады.
Билимлендириў тараўында бирге ислесиў бойынша үлкен тәжирийбе топланған. Өткен жылдың мартында биринши Өзбекстан-Корея ректорлары форумы болып өтти. Келеси жылы гезектеги ушырасыў өткериледи.
Өзбекстанда Корея илим ҳәм технологиялары институты (KAIST) модели тийкарында институт шөлкемлестириў усынысы қоллап-қуўатланды.
Буннан тысқары, Корея Мәмлекетлик басқарыў институты ҳәм Миллий инсан ресурслары институты менен биргеликте Ташкентте Мәмлекетлик басқарыў академиясы жанында Санлы технологиялар ҳәм жасалма интеллект оқыў орайын ашыў режелестирилген.
Кореялы қәнигелерди тартқан ҳалда корейс тилин үйрениў бағдарламаларын кеңейтиўге айрықша итибар қаратылды.
KOICA жәрдеминде Ташкент, Самарқанд, Шаҳрисабз, Фергана ҳәм Үргенште ашылған профессионал билимлендириў орайларында өзбекстанлы пуқаралар табыслы таярланып атырғаны атап өтилди.
Корея тәрепи қаржылай-техникалық жәрдемди тартқан ҳалда бундай орайлар тармағын Өзбекстанның басқа аймақларында да ашыўға таяр екени билдирилди.
Еки халықты және де жақынластырыў мақсетинде келеси жылды “Өзбекстан ҳәм Корея арасында өз-ара алмасыў жылы” деп жәриялаў ҳәм өз-ара мәдений илажларды өткериў усыныс етилди.
2027-жылы Өзбекстанда корейс диаспорасы жасап атырғанының 90 жыллығы кеңнен белгиленеди.
Президентлер бул тарийхый сәнеге атап Ташкент қаласындағы Корейс мәденияты ҳәм көркем өнери үйинде музей ҳәм китапхана ашыўға келисип алды.
Мәмлекетимиз басшысы “Электрон ҳүкимет”ти раўажландырыў, “Санлы Өзбекстан” стратегиясын ислеп шығыў, IT-парк потенциалын беккемлеў ҳәм “U-Enter” бизнес инкубаторларын жаратыўда Корея тәрепиниң үлкен үлесин атап өтти.
Бул бағдарда тәреплер жасалма интеллект, бизнес процесслерин аутсорсинглеў ҳәм санлы технологиялар тараўында бирге ислесиўди кеңейтиўге келисип алды.
Сондай-ақ, коррупцияға қарсы гүресиў, экология, мийнет миграциясы ҳәм басқа әҳмийетли бағдарларда анық усыныслар көрип шығылды.
Сөйлесиўлердиң жуўмағында мәмлекет басшылары ҳәр бир бағдар бойынша анық мүддетлер ҳәм әмелге асырыў механизмлери белгиленген “жол карталары”н қабыл етиўге тапсырма берди.
Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев ҳәм Корея Республикасы Президенти Юн Сок Ёль арасында болып өткен нәтийжели сөйлесиўлердиң жуўмақлары бойынша еки тәреплеме ҳүжжетлердиң салмақлы топламы қабыл етилди.
Мәмлекет басшылары Айрықша стратегиялық шерикликти және де тереңлестириў ҳәм ҳәр тәреплеме кеңейтиў ҳаққындағы Биргеликтеги протоколға қол қойды.
Мәмлекетлик сапар шеңберинде жәми 17 ҳүжжет, соның ишинде:
– Экономикалық раўажланыў ҳәм бирге ислесиў қоры менен ҳүкиметлераралық келисим;
– Корея Экспорт-импорт банки ҳәм “Hyundai Rotem” компаниясы менен тезжүрер электр поездлерин сатып алыў ҳәм жеткерип бериў ҳаққында келисимлер;
– Корея Экспорт-импорт банки менен орта мектеплер ушын илим, мәлимлеме-коммуникация технологиялары үскенелерин жеткерип бериў ҳаққында келисим;
– «Ташкент Фарма Парк» инновациялық фармацевтика кластери жойбарын әмелге асырыў ҳаққында келисим;
– Өзбекстан мәмлекетлик хызметкерлериниң потенциалын арттырыў тараўында бирге ислесиў ҳаққында келисим;
– сыртқы ислер министрликлери арасында 2025-2027-жылларға мөлшерленген бирге ислесиў бағдарламасы;
– Жәҳән саўда шөлкеми шеңберинде бирге ислесиў ҳаққында протокол;
– Мәденият тараўында бирге ислесиў ҳаққында протокол;
– Транспорт тараўында бирге ислесиў ҳаққында келисим;
– Өзбекстан аймақларында орайласқан ыссылық тәмийнаты системаларын модернизациялаў бойынша бирге ислесиў ҳаққында келисим;
– Оғада әҳмийетли минераллар тараўында шериклик ҳаққында келисим;
– Саўда-экономикалық бирге ислесиў бойынша Өзбекстан-Корея биргеликтеги комитети жумысын қоллап-қуўатлаў ҳаққында келисим;
– Маман ҳәм профессионал кадрларды таярлаў бойынша бирге ислесиў ҳаққында меморандум;
– Аўыл хожалығы тараўында бирге ислесиў ҳаққында меморандум;
– “Өзсанаатқурылысбанк” АЖ менен Корея Экспорт-импорт банки арасында банклераралық мастер-кредит линиясы ҳаққында келисимге қол қойылды.
Жоқары дәрежедеги сөйлесиўлер жуўмағында Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев ҳәм Корея Республикасы Президенти Юн Сок Ёль ғалаба хабар қураллары ўәкиллери ушын баянат пенен шықты.
Жетекшилер ашық ҳам дослық орталығында, конструктивлик ҳәм исенимли қарым-қатнас руўхында өткен ушырасыўлардың нәтийжелерин жоқары баҳалады.
Мәмлекетимиз басшысы Корея дүнья жүзинде жедел раўажланып атырған мәмлекетлерден бири, Өзбекстанның ўақыт сынақларынан өткен айрықша стратегиялық бирге ислесиўшиси екенин атап өтти.
– Корея мәмлекети бизден әдеўир алыста жайласқан болса-да, халықларымыздың үрп-әдет ҳәм қәдириятлары, руўхый дүньясы ҳәм көзқараслары бир-бирине уқсас. Биз жақын дос ретинде кеңпейил корейс халқы ерисип атырған үлке табыслардан оғада қуўанамыз ҳәм мақтанамыз, – деди мәмлекетимиз басшысы.
Өзбекстан басшысы корейс кәсиплеси менен сөйлесиўлер барысында өз-ара пайдалы бирге ислесиўди және де тереңлестириўдиң әҳмийетли бағдарлары белгиленгени, жаңа реже ҳәм шеклер алынғанын атап өтти.
Бирге ислесиўдиң барлық механизмлерин системалы көриниске ендириў, товар алмасыў көлемин арттырыў, өз-ара саўдада тең салмақлылықты тәмийинлеў әҳмийетли екенине итибар қаратылды.
Усы мәнисте Экономикалық бирге ислесиў бойынша Ҳүкиметлераралық комитет ҳәм сыртқы сиясат уйымлары арасында Стратегиялық қарым-қатнастың биринши мәжилисиниң нәтийжелери жоқары баҳаланды.
Өзбекстан басшысы Корея Президенти менен бирге мәмлекетимизде үлкен исбилерменлер делегациясы келгенин қанаатланыўшылық пенен атап өтти.
Бизнес форумда Кореяның 80 нен аслам жетекши компаниялары қатнасып атырғаны ҳәм 9,6 миллиард долларлық жаңа жойбарлар топламы таярланғаны саўда-экономикалық бирге ислесиўге күшли түртки беретуғынына исеним билдирилди.
Жақын жылларға мөлшерлеп Өзбекстан – Корея айрықша стратегиялық шериклигиниң жаңа жоқары технологиялы күн тәртибин қәлиплестириў зәрүрлиги атап өтилди.
Мәмлекетимиз басшысы корейс компаниялары менен бирге ислесиўдиң айырым әҳмийетли бағдарларына тоқтап өтти.
Мысалы, өгада жуқа мыс фольгасы, “жасыл” водород, аммиак, агрохимия, ярымөткизгишлер ҳәм электротехика өнимлерин өндириў бойынша келисимлер бар. Өзбекстан автомобиль маркалары қатарын кеңейтиў ҳәм ислеп шығарыўды көбейтиўден мәпдар. Аўыл хожалығы тараўында Кореяның “жасыл” ҳәм “ақыллы” технологияларын трансферлеў бойынша анық келисимлерге ерисилген.
Корея компаниялары мәмлекетлик-жеке меншик шериклик тийкарында транспорт инфраструктурасын модернизациялаўда қатнасады.
Мәмлекет басшылары еки мәмлекет аймақлары арасындағы бирге ислесиўди кеңейтиў әҳмийетли екенин атап өтти.
Өзбекстанның дәстүрий бирге ислесиўшилери – Эксимбанк, EDCF қоры ҳәм Корея халықаралық бирге ислесиў агентлиги (KOICA) менен шерикликти беккемлеўге айрықша итибар қаратылды.
EDCF менен улыўма баҳасы 2 миллиард доллар болған жаңа социаллық әҳмийетке ийе жойбарларды қаржыландырыў бойынша келисимлерге қол қойылғаны қанаатланыўшылық пенен атап өтилди.
Тәреплер, сондай-ақ, кәсиплик билимлендириў ҳәм мийнет миграциясы, экология ҳәм климат өзгериўи тараўларында бирге ислесиўди кеңейтиўге келисип алды.
Сөйлесиўлер барысында жетекши регионаллық ҳәм халықаралық әҳмийетке ийе мәселелер бойынша позициялардың уқсаслығын тастыйықлады.
Мәмлекетимиз басшысы келеси жылы Сеулде “Орайлық Азия – Корея” форматындағы биринши саммитин өткериў усынысын мақуллады ҳәм Президент Юн Сок Ёльдиӊ Корея ярым аралында тынышлық ҳәм турақлылықты тәмийинлеў бойынша исенимли қәдемлерин қоллап-қуўатлады.
Мәдений-гуманитарлық тараўда тәреплер 2025-жылды “Өзбекстан ҳәм Корея арасындағы алмасыўлар жылы” деп жәриялаўға келисип алды. Оныӊ шеӊберинде өз-ара мәденият ҳәптеликлери, жаслар, билимлендириў, тил ҳәм спорт форумлары, көркем өнер ҳәм өнерментшилик көргизбелери, туризм илажлары өткериледи.
Улыўма, Өзбекстан ҳәм Корея Президентлери заманагөй шараятларда бирге ислесиўдиӊ жаӊа моделин жаратыўға келисип алды.
– Өз-ара қатнасықларымызда “Жоқары технологиялық ҳәм инновациялық бирге ислесиўдиӊ жаӊа дәўири” басланбақта. Бүгин қол қойылған Айрықша стратегиялық шерикликти және де тереӊлестириў ҳәм ҳәр тәреплеме кеӊейтиў ҳаққындағы биргеликтеги протокол ҳәм жигирмаға шамалас басқа ҳүжжетлер бул жақсы нийетлеримизге хызмет ететуғынына исенемен, – деди мәмлекетимиз басшысы.
Биргеликтеги режелерди ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў ҳәм жеделлестириў мақсетинде мәмлекетимиз басшысы жойбарларды қадағалаў ҳәм жәрдемлесиў бойынша көп басқышлы механизмди енгизиўди усыныс етти.
Өзбекстан менен Корея арасындағы жоқары дәрежедеги сөйлесиўлердиӊ жуўмағында Көксарай резиденциясында терек егиў мәресими болып өтти.
Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев ҳәм Корея Республикасы Президенти Юн Сок Ёль Ҳүрметли мийманлар қыябанында терек екти.
Мәресим халықларымыз арасындағы беккем дослық ҳәм өз-ара келисим беккемленип атырғаны, еки мәмлекет басшыларыныӊ Өзбекстан – Корея айрықша стратегиялық шериклик қатнасықларын сапа жағынан жаӊа басқышқа алып шығыўға исенимли умтылысыныӊ символикалық көриниси болды.
Соӊ Президентлер Ташкент қаласындағы Технопаркке келди.
Жоқары мәртебели мийманға Технопарк кәрханаларында ислеп шығарылып атырған кеӊ түрдеги жоқары технологиялық өнимлер, атап айтқанда, Қубла Кореяныӊ «Samsung Electronics» компаниясы технологиясы тийкарында таярланып атырған техника үлгилери көрсетилди.
Мәмлекетимиз басшысыныӊ басламасы менен шөлкемлестирилген санаат комплексинден улыўма баҳасы 365 миллион доллар болған 16 өндирис қуўатлығы жайласқан. Быйыл логистика орайы жумыс баслайды.
Өнимлер сырт ел брендлери астында ҳәм олардыӊ қадағалаўында ислеп шығарылады, ишки ҳәм сыртқы базарларда үлкен талапқа ийе. Олар 10 мәмлекетке экспорт етилмекте.
Президентлер еки мәмлекеттиӊ жетекши кәрханалары кооперациясын кеӊейтиў, өз-ара тәжирийбе алмасыў, алдынғы технологиялар ҳәм инновацияларды трансферлеў әҳмийетли екенин атап өтти.
Президентлер Шавкат Мирзиёев ҳәм Юн Сок Ёль Өзбекстан – Корея бизнес форумында қатнасты.
Корея тәрепинен илажда SK Group, Lotte Corporation, KOGAS, POSCO, Samsung, LG, Hyundai, KIA, Doosan, BoMI, Эксимбанк, EDCF қоры, Корея раўажланыў банки сыяқлы 80нен аслам жетекши компания ҳәм банк-қаржы институтларыныӊ басшылары қатнасты.
Мәмлекетимиз басшысы өзиниӊ шығып сөйлеген сөзинде Корея Республикасы Өзбекстанныӊ дәстүрий ҳәм ири саўда, инвестициялық ҳәм технологиялық бирге ислесиўшилеринен бири екенин атап өтти.
Жоқары дәрежедеги сөйлесиўлер барысында жетекши саўда ҳәм инвестицияларды көбейтиў илажларын ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў, биргеликтеги жойбарларды қаржыландырыўдыӊ заманагөй механизмлерин енгизиў, бизнес ушын қолайлы шараятлар жаратыў бағдарында келисип алды.
Мәмлекетимиз басшысы соӊғы жыллары Корея Республикасы Өзбекстан экономикасы ҳәм санаатын модернизациялаўда әҳмийетли бирге ислесиўшиге айланғанын атап өтти. Бүгинги күнде Кореяныӊ жетекши компаниялары ҳәм банклери менен 5 миллиард долларлық ири жойбарлар әмелге асырылмақта.
POSCO компаниясы менен тоқымашылық кластери, Эксимбанк ҳәм CNT пенен көп тармақлы балалар клиникасы, Shingdong Enercom менен кремнийди қазып алыў ҳәм қайта ислеў сыяқлы жойбарлар бул бағдардағы табыслы шерикликке мысал болады.
Президентимиз Жаӊа Өзбекстанда экономиканы либералластырыў, нызам үстинлигин тәмийинлеў, жеке меншик мүлкке қол қатылмаслық ҳәм инвесторлардыӊ ҳуқықларын қорғаўға қаратылған реформалар артқа қайтпайтуғынын айрықша атап өтти.
– Өзбекстан – Корея бирге ислесиўиниӊ потенциалы оғада жоқары. Бизиӊ экономикаларымыз бир-бирин нәтийжели толықтырыўға уқыплы, – деди Президент.
Усы көзқарастан келешектеги бирге ислесиўдиӊ тийкарғы бағдарлары белгилеп алынды.
Бәринен бурын, стратегиялық шийки затты алдынғы технологиялар тийкарында тереӊ қайта ислеў ҳәм жоқары баҳалы өнимлерди үшинши мәмлекетлерге экспорт етиў.
Бул бағдарда әҳмийетли қәдем сыпатында оғада жуқа мыс фольганы биргеликте ислеп шығарыў бойынша келисимге қол қойылды. Сондай-ақ, Өзбекстан – Корея сийрек ушырасатуғын металлар илимий-технологиялық орайыныӊ жумысын кеӊейтиў де нәзерде тутылған.
Электротехника санаатындағы шериклик шеӊберинде Ташкент ўәлаятында Орайлық Азияда биринши ярымөткизгишлер кластерин қурыў, электротехника ҳәм техникалық кремний ислеп шығарыў бойынша кооперацияны кеӊейтиў режелестирилген.
Өзбекстан химия тараўында корейс бизнеси менен стратегиялық шерикликти раўажландырыў тилегинде. “Жасыл” водород, аммиак ҳәм каучук өнимлерин ислеп шығарыў бойынша жойбарларды әмелге асырыў режелери қоллап-қуўатланды.
Сондай-ақ, сапар шеӊберинде Эксимбанк ҳәм KOICA жәрдеминде Химия технологиялары орайын шөлкемлестириўге старт берилмекте.
Өзбекстан Кореяныӊ инфраструктура ҳәм қала қурылысы тараўларындағы алдынғы тәжирийбесин үйрениўден мәпдар. Бул бағдарда корея бирге ислесиўшилериниӊ мәмлекетлик-жеке меншик шериклик тийкарында транспорт инфраструктурасын модернизациялаўдағы қатнасыўына айрықша итибар қаратылды.
Мәмлекетимиз басшысы корейс исбилермен топарлары ўәкиллерине Өзбекстан Ҳүкимети барлық келисимлерди өз ўақтында ҳәм нәтийжели әмелге асырыўда жедел қоллап-қуўатлайтуғынын айтты.
Усы мақсетте биргеликтеги жойбарларды муўапықластырыў ҳәм алға қойыўдың жаңа системасы енгизилетуғыны жәрияланды.
Өз гезегинде, Корея Республикасы Президенти Юн Сок Ёль Президент Шавкат Мирзиёев басшылығында әмелге асырылып атырған артқа кайтпайтуғын рефомалар бағдарламасын жоқары баҳалап, өз-ара пайдалы шерикликти кеңейтиў ушын иске қосылмаған үлкен имканиятлар бар екенин атап өтти.
Корея Республикасы Президенти Юн Сок Ёлдиң елимизге мәмлекетлик сапары даўам етпекте.
Зиёдулла ЖОНИБЕКОВ,
Икром АВВАЛБОЕВ,
ӨзА хабаршылары