Россия Федерациясы ҳәм Өзбекстан Республикасы аймақлар кеңеси шеңберинде Жоқарғы Кеңес Баслығы Аманбай Орынбаевтың басшылығында Қарақалпақстан Республикасы ҳәм Россия Федерациясының бир қатар аймақлары арасында саўда-экономикалық, инвестиция, социаллық ҳәм басқа да бағдарларда бирге ислесиўди кеңейтиў ҳәм жақын шерикликти беккемлеў мәселелери додаланды.

Россия Федерациясы аймақлары менен сөйлесиўлер шеңберинде санаат, қурылыс өнимлерин ислеп шығарыў, туризм, логистика, ийирилген жип ҳәм таяр трикотаж, аўыл хожалығы өнимлери бойынша улыўма баҳасы 328 миллион долларлық 64 ҳүжжет, соннан, 131,2 миллион долларлық 22 инвестиция жойбарлары, 184,7 миллион долларлық 32 экспорт шәртнамасы, 12,1 миллион долларлық 10 импорт шәртнамасы бойынша келисимлерге ерисилди.

Президентимиздиң Россия Федерациясына болған рәсмий сапары даўамында Татарстан Республикасы басшысы Рустам Минниханов пенен әҳмийетли бағдарлар бойынша әмелий бирге ислесиў жойбарларын биргеликтеги “жол карта”лары тийкарында әмелге асырыўды келисип алған еди. Усы “жол карта”ларда келисилген мәселелердиң әмелге асырылыўын тәмийинлеў мақсетинде бүгинги күнде Қарақалпақстан ҳәм Татарстан Республикалары арасында өз-ара бирге ислесиўлер жолға қойылған. Бул бағдарда Татарстан басшысы республикамызға рәсмий сапар менен де келген еди ҳәм көп тәреплеме шерикликти жолға қойыў бойынша келисимлерге ерисилди.

Ерисилген келисимлер шеңберинде Қарақалпақстан Республикасы жоқары билимлендириў, илим ҳәм инновациялар министрлиги менен Татарстан Республикасы билимлендириў ҳәм илим министрлиги тәрепинен жоқары ҳәм профессионал билимлендириў системасында алып барылып атырған жумыслар бойынша тәжирийбе алмасыў, бул бағдарда еки тәреплеме пайдалы бирге ислесиўди жолға қойыў бойынша әмелий жумыслар алып барылмақта.

Атап айтқанда, жақында Қарақалпақстан Республикасы жоқары билимлендириў, илим ҳәм инновациялар министрлиги делегациясы Татарстанда болып, еки тәреплеме бирге ислесиўди жолға қойыў бойынша бир қатар әҳмийетли келисимлер ҳәм меморандумларға қол қойылды. Әлбетте, бул келисимлер шеңберинде еки тәреплеме бирге ислесиўлер елимизде жоқары ҳәм профессионал билимлендириў тараўын раўажландырыўды жаңа басқышқа көтериўде әҳмийетли бағдарлардың бири болып хызмет етеди.

Россия Федерациясы менен жоқары ҳәм профессионал билимлендириў тараўы бойынша байланыслар бағдарында елимиздеги ҳәм усы мәмлекеттиң басқа да аймақларындағы жоқары оқыў орынлары арасында көп жыллық тәжирийбе қәлиплесип үлгерген.

Қарақалпақстан хабар агентлиги