Өзбекстанлы ФИФА рефериси Равшан Эрматов Россияда өткерилип атырған жәҳән чемпионатының 2-турынан орын алған АргентинаХорватия ойынына бас төреши етип тайынланды, деп жазады Kun.uz сайты.

Оған лайнсменлер Абдуҳамидулло Расулов ҳәм Жаҳонгир Саидов жәрдем береди. Резервтеги төреши таитили Норберт Хауата етип белгиленди.

Ойын 21-июнь күни Нижный Новгородта Ташкент ўақты менен саат 23:00 де басланады.

Усылайынша Эрматов жәҳән чемпионатларындағы басқарған ойынларының саны бойынша өзи орнатқан рекордты жаңалайды. Усы күнге шекем Эрматов ЖЧ финаллық басқышларында 9 ойында бас төреши болған еди.

Еслетип өтемиз, Равшан Эрматов Лионель Месси басшылығындағы Аргентина сайланды командасының 2010-жылы Қубла Африка Республикасындағы еки ойынын басқарған. Сол ойынларда аргентиналылар топарлық басқышта Грецияға қарсы ойында 2:0 есабы менен жеңиске ерискен, ал шерек финалда Германияға 0:4 есабында жеңилип қалған еди.

Эрматов 2014-жылдағы мундиалда Хорватия қатнасыўындағы бир ойынды да басқарған. Сол ойында Мексикаға 1:3 есабы менен жеңилген хорватлар топар басқышынан өте алмаған еди.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги