Усы жыл 11-16-июнь күнлери аралығында мәҳәллердеги жәмлеспеген жаслар арасында «Жаслар спартакиадасы» спорт жарыслары  өткерилмекте.

Жарысты өткериўдеги тийкарғы мақсет – жаслар арасында саламат турмыс тәризин қәлиплестириў, түрли спорт жарысларын ғалаба ен жайдырыў, жаслардың бос ўақытларын мазмунлы шөлкемлестириў, олардың арасында өз-ара мәдений спорт қатнасықларын жолға қойыў ҳәм жасларды спорт жарысларына кең түрде қамтып алыўдан ибарат.

Жарыс Өзбекстан жаслар аўқамы ҳәм бир қатар мәкемелер менен биргеликте шөлкемлестирилген болып, онда мәҳәллелердеги 18-30 жасқа шекемги жәмлеспеген жаслар  спорттың  мини футбол, волейбол, баскетбол, шахмат, шашка, бадминтон, гүрес, стол тенниси түрлери бойынша өз-ара беллеспекте.

Жарыс жеңимпазлары Қарақалпақстан Республикалық басқышына жолламаны қолға киргизеди.

Бул ҳаққында ҳәр тәреплеме, толық мағлыўмат берип барамыз.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги