Бул ҳаққында Президент Шавкат Мирзиёевтиӊ басшылығында өткерилип атырған “Жасыл мәкан” жойбары шеӊберинде бәҳәрги егис мәўсимин шөлкемлестириў ҳәм шығындылар менен ислесиў системасын жетилистириў бойынша видеоселектор мәжилисинде атап өтилди.
Бар 194 полигоннан ресурсты өтеп болғанлары жабылады. Ҳәр бир ўәлаятта 3-4 тен шығынды полигоны арнаўлы эко-санаат зонасына айландырылады ҳәм оларда қайта ислеў ҳәм өртеў жойбарлары әмелге асырылады.
Қалған полигонларда шығындыны ўақытша топлап, қайта жүклейтуғын станциялар иске қосылады. Олар эко-санаат зонасын кепилленген шығынды массасы менен тәмийинлеўге хызмет етеди. Жуўапкерлерге инвестор таўып, өз аймағында кеминде биреўден шығындыны өртеў заводын қурыў жойбарын баслаў тапсырылды.
ӨзА