Президент Шавкат Мирзиёевтиӊ басшылығында бәҳәрги егис мәўсимин шөлкемлестириў ҳәм шығындылар менен ислесиў системасын жетилистириў бойынша видеоселектор мәжилиси даўам етпекте.

Мәжилисте министрлер ҳәм ҳәкимлер система шөлкемлери тәрепинен егилген нәллердиӊ өнип-өсиўи ҳәм дурыс тәрбияланыўына айрықша итибар бериўи керек екени атап өтилди.

Және бир әҳмийетли мәселе – соӊғы ўақытлары дәрьялар, тәбийғый суў бассейнлеринде электр менен балық аўлаў көбейип кеткенине итибар қаратылды. Быйылдыӊ өзинде 39 жағдайда электр менен, 436 тор менен нызамсыз балық аўлаў анықланған.

Жуўапкерлерге бул бағдарда тәсирли қадағалаў орнатып, нызам үстинлигин тәмийинлеў тапсырылды. Браконьерлик ушын жуўапкершиликти күшейтиў усыныс етилди.

ӨзА