Қарар ҳәм оның орынланыўы

Хабарыңыз бар, Өзбекстан Республикасы Президентиниң «Қарақалпақстан Республикасы халқын социаллық қоллап-қуўатлаў ҳәм физикалық тәреплер жағынан қурылған турақ жайларға болған ҳуқықларды белгилеў ҳаққында»ғы пәрманы қабыл етилген еди.

Усы пәрманның орынланыўын тәмийинлеў бойынша үлги ретинде Хожели ҳәм Тақыятас районлары таңлап алынып, бул районлардағы турақ жай объектлеринде үйрениў жумыслары алып барылды.

– Хожели районы ҳәкимлигиниң мәжилислер залында өткерилген Халық депутатлары Хожели районлық Кеңесиниң гезексиз жетпис бесинши сессиясында Мәмлекетлик кадастрлар палатасы Хожели районлық филиалының баслығы Қ.Байниязов пәрманның орынланыўының биринши басқышында алып барылған жумыслар ҳаққында мағлыўмат берди,-дейди Мәмлекетлик кадастрлар палатасы Қарақалпақстан Республикасы басқармасы жәмийетшилик пенен ислесиў бөлими бас қәнигеси П.Ажимуратов.

Хожели районы аймағындағы жумысшы комиссияға жәми 1410 жеке тәртиптеги турақ жайлардың дизими усынылып,  бүгинги күнде тийисли комиссия тәрепинен 88 турақ жайға толығы менен унамлы жуўмақ берилген.

Сондай-ақ, Тақыятас районы ҳәкимлигинде болып өткен сессияда да усы мәселелер қаралып, онда Мәмлекетлик кадастрлар палатасы Тақыятас районлық филиалының баслығы И.Джалгасов мағлыўмат берди.

Бул район аймағында жумысшы комиссияға жәми 661 жеке тәртиптеги турақ жайлардың дизими усынылып,  бүгинги күнде тийисли комиссия тәрепинен 144 турақ жайға толығы менен унамлы жуўмақ берилген.

Пәрманның орынланыўы бойынша тийисли ўазыйпалар белгиленип, орынларда бул бағдардағы жумыслар даўам етпекте.

Қарақалпақстан хабар агентлиги.