Өзбекистан Илимлер академиясы Қарақалпақстан бөлиминиң илимий хызметкери – химик-илимпаз Шәрибай Төремуратов бархан қумнан силикат гербиш таярлаў усылын ойлап тапты.

Жаңадан ойлап табылған өним, яғный силикат гербиш тийкарынан ҳәк (15%) ҳәм Республикада оғада көп муғдардағы бархан қумы (85%) тийкарында алынады. Силикат гербиш формасы, өлшемлери ҳәм пайдаланыў түрлери бойынша керамкалық гербиштен парықланбайды. Силикат гербиш 250х120х65 мм өлшемлеринде таярланады. Механикалық беккемлиги бойынша гербиш 75, 100, 125,  150, 200 марка көрсеткишлерине ийе. Силикат гербиштиң суў тартыўы 8-16 процент ыссылық өткериў коэффициенти 0,70-0,75 ккал/м.ч,град,  көлем массасы 1800-1900  кг/м3, яғный, керамикалық гербиштен бир неше есе жоқары; суўыққа шыдамлылығы ҳәм дийўалларда ыссылықты сақлаў қәсийетлери силикат ҳәм керамикалық гербишлерде бир қыйлы.

Техникалық-экономикалық көрсеткишлери (абзаллықлары) бойынша силикат гербиш керамикалық гербишлерден жоқары турады. Силикат гербишти ислеп шығыў ушын жанылғы 2 есеге, электр энергиясы 3 есеге, жумысшы күши 2,5 есеге аз ислетиледи және силикат гербиштиң өзине түсер баҳасы 25-30 процентке азаяды.

Бүгинги күнде жаңа гербиш түриниң апробациялық ҳәм лабораториялық тәжирийбе үлгиси бар болып, жақын ўақытлар ишинде усы силикат гербиштиң ҳәр қыйлы маркадағы тәжирийбе-сынақ үлгилери алынады ҳәм әмелиятта пайдаланыўға енгизиледи.

– Қарақалпақстан аймағында 12 түрдеги минерал шийки затлардың 142 кәни бар болып, олардың көпшилик бөлеги гербиш шийки затына (33), карбонатлы жынысларға (37), гипс (9) ҳәм цемент (13) шийки затларына тийисли болып табылады, – дейди ойлап табыўшы-илимпаз Ш.Төремуратов. – Биз ойлап тапқан гербиш түриниң шийки заты өзимизде оғада көп муғдарда табылады. Бул гербиш әпиўайы бархан қумлардан исленеди. Жергиликли шийки заттан таярланатуғын бул силикат гербиш арзан, сапалы ҳәм заманагөй қурылыс материалы болып табылады.

Бизге бурын кварц қумларынан таярланатуғын силикат гербиштиң түри белгили еди. Лекин, кварц қумлары бизде көп ушыраспайды. Бархан қумлары болса елимиз аймағының тийкарғы бөлегин ийелеген. Қызылқум, Үстирт, Аралқум қумлық шөллери усылардың қатарына киреди.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги