Ҳәр бир халықтың атын шығаратуғын, адамлардың жүрегине жақын перзентлери болады. Көркем өнер дүньясына үлкен қызығыўшылық пенен қәдем таслап, оның машақатлы жолын басып өтип, халық алғысына миясар болыў аңсат ис емес.
Мине, усындай халықтың әдиўли перзенти бола алған Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик академиялық музыкалы театрының жас талантлы актёры Марқабай Үсенов театрға исенимли қәдемлер менен кирип келип, көпшилик спектакльлерде бас қаҳарман роллерин жаратты.
-Әкем Балтабай Үсенов та театрда жумыс ислегенликтен, мениң де балалығым театрда өтти ҳәм әке кәсибине болған қызығыўшылық пайда бола баслады, – дейди М.Үсенов. – Мектепте драмалық дөгерекке қатнасқан болсам, Маннон Уйғур атындағы Ташкент мәмлекетлик көркем өнер институтының музыкалы драма актёрлығы бөлиминде оқып жүрип устазым Аман аға Әбдиразақовтан актёрлық шеберлигин, көркем өнер сырларын терең үйрене басладым. 2007-жылы устаз режиссёр Нажиматдин Аңсатбаев «Алпамыс» музыкалы драмасын сахналастырыў ушын Алпамыс ҳәм Гүлпаршын роллерине жас талантлыларды излеп, кастинг жәриялап атыр екен. Режиссёрдың қатаң сынағынан өтип, Сарбиназ Аннақулова менен мени сол бас рольлерге мирәт етти. Соннан баслап, мийнет жолым театр менен байланысты,-дейди Марқабай Үсенов.
Драматург К.Рахмановтың «Муҳаббат самалы» музыкалы драмасын сахналастырыўы оның режиссурадағы биринши қәдеми болды. Усы спектакль менен быйыл 27-июнь ҳәм 1-июль күнлери аралығында Ташкент қаласында өткерилген «Сени жырлаймыз, заманласӘ» республикалық фестивальға қатнасып, сыйлы үшинши орынды ийелеп қайтты.
Музыкалы драма тийкарынан ҳәзирги заман талабындағы, исбилермен жаслар ушын үлкен тәрбиялық әҳмийетке ийе.
Театр бул миллеттиң мақтанышы, халықтың айнасы, тәрбия ошағы. Театрда көп жыллар мийнет еткен Нажиматдин Аңсатбаев, марҳум устаз режиссёр Қуўатбай Әбдиреймов, Қурбанбай Каландаровларға жас талантлы актёрдың миннетдаршылығы шексиз.
Марқабай Үсеновөзиниң дөретиўшилик мийнет жолында
Н.Дәўқараевтың «Алпамыс» музыкалы драмасында Алпамыс, «Едиге» музыкалы драмасында Едиге (дублёр) С.Хожаниязовтың «Сүймегенге сүйкенбе» музыкалы драмасында Әўез, К.Рахмановтың «Урысқа нәлет» трагедиясында Лепесов, У.Ҳошимовтың «Үйленбесем өлемен» спектакльинде Мөминжан, А.Қаҳҳардың «Сақ ғарға сағағынан» спестакльинде Обиджан, Э.Ҳушвақтовтың «Әндийшели келиншек» комедиясында Мурат ҳәм басқа да көплеген роллерди атқарып, өзиниң талантын театрда таныта алыўға ериспекте. М.Үсеновты сахнада көрген ҳәр бир тамашагөй жақын адамын көргендей мыйық тартып, ериксиз қол шаппатлап күтип алады. Әсиресе, театр саҳнасында қойылған «Пародия» интермедиясы менен халқымызға танылып үлгерген жас талант ийесиниң келешектеги жумыслары да сәтли бола бериўин тилеймиз.
Тәрбия СЕЙТНАЗАРОВА,
Қарақалпақстан хабар агентлиги хабаршысы