IMG_3403
Қытайдың Ханчжоу қаласында өткерилип атырған Азия ойынларының оныншы күни Қарақалпақстанлы спорт жанкүйерлери ушын оғада қуўанышлы келди десек алжаспаған боламыз.

Себеби, соңғы жыллары өзиниң күшли ерк-ықрары ҳәм айрықша шеберлиги менен халықаралық жарысларда мәмлекетимиздиң байрағын жоқары шыңларға көтерип жүрген Жалғасбай Бердимуратов грек-рим гүреси бойынша өткерилген беллесиўлерде 87 кг салмақта барлық қарсыласларын жеңип шығып, Ханчжоу-2022 Азия ойынларының  алтын медаль ийесине айланды.

Ол бул жарыста дәслеп қазақстанлы, ярым финальда япониялы ҳәм финальда иранлы палўанларды жеңип шығыўға миясар болды.

Бизлер палўанымызды, оның ата-анасы ҳәм устазларын Жалғасбайдың ерискен үлкен табысы менен қутлықлап, оның Олимпиада ойынларында жеңимпазлықты қолға киргизиўине тилеклеслик билдиремиз!

 

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы