Пайтахтымызда жеӊил атлетика бойынша Өзбекстанда хызмет көрсеткен тренер Г.Г. Арзумановтыӊ естелигине арналған халықаралық турнир қызғын беллесиўлерге бай болмақта.
Беллесиўдиӊ екинши күни азанғы бағдарламада ер адамлар ҳәм ҳаял-қызлар арасындағы ядро ылақтырыў ҳәм жети гүрес бойынша жеӊимпазлар анықланды.
Ядро ылақтырыў бойынша ҳаял-қызлар арасында ўатанласымыз Малика Насреддинова 15,30 балл менен жеӊиске ерискен болса, ер адамлар арасында 14,60 балл топлаған атлетимиз Абдуазим Раҳматуллаев беллесиў жеӊимпазына айланды.
Сондай-ақ, жети гүрес беллесиўлеринде талантлы спортшымыз Моҳигул Арзиева 5085 балл менен минбердиӊ еӊ жоқары текшесинен орын ийеледи.
Халықаралық турнир даўам етпекте.
ӨзА