Өзбекстан Саўда-санаат Палатасы Қарақалпақстан Республикасы басқармасында Исбилерменлер ҳәрекети Өзбекстан Либерал-демократиялық партиясы Қарақалпақстан Республикасы Кеңесиниң «Ҳаял-қызлар қанаты» тәрепинен бирге ислесиўши шөлкемлер менен биргеликте «Исбилермен ҳаял – 2023» таңлаўының Қарақалпақстан Республикалық басқышы болып өтти.
Ҳәр жылы турақлы түрде өткерилиўи дәстүрге айланған бул таңлаўды өткериўден тийкарғы мақсет – ҳаял-қызлар арасында исбилерменликти ҳәм фермерликти раўажландырыў, оларды қоллап-қуўатлаў болып табылады.
Таңлаўда дәслеп, исбилермен ҳәм фермер ҳаял-қызлар тәрепинен ислеп шығарылған өнимлер көргизбеси шөлкемлестирилди. Бунда, Нөкис қаласы ҳәм районлық басқышларда жеңимпазлықты қолға киргизген исбилермен, фермер ҳәм өнермент ҳаял-кызларымыз өз көргизбелери менен қатнасты.
Төрешилер қурамы тәрепинен ҳәр бир қатнасыўшының жумыслары, билим дәрежеси, экспортлық ҳәм импортлық мүмкиншиликлери, өнимлериниң қарыйдар талаплығы, жаратқан жумыс орынлары, ҳуқықый билимлери, партия ҳәм жәмийетлик жумыслардағы белсендилиги, алдағы режелери терең үйренилип, таңлаў шәртлерине муўапық баҳалап барылды.
Таңлаў жуўмағында Нөкис қаласынан “Kungrad agro – Solodka Sistem” жуўапкершилиги шекленген жәмийетиниң директоры Замира Хожаметова биринши орынды ийелеп, шөлкемлестириўшилер тәрепинен баҳалы саўғалар менен сыйлықланды ҳәм таңлаўдың Өзбекстан Республикасы басқышына жолламаны қолға киргизди.
Ал, Кегейли районындағы «Сәрбиназ миллий кийимлери» ЖШЖ баслығы Сәрбиназ Атаниязова екинши, Төрткүл районынан қатнасқан жеке исбилермен Бибигүл Хидирова үшинши орынды ийеледи.
Сондай-ақ, жеңимпазлар менен бир қатарда таңлаўға белсене қатнасқан бир қанша ҳаял-қызлар ӨзЛиДеП Қарақалпақстан Республикасы Кеңеси ҳәм бирге ислесиўши шөлкемлер тәрепинен диплом ҳәм естелик саўғалары менен сыйлықланды.
Ә.Жийемуратов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги