Бүгинги күнде тек елимизде емес, ал дүнья жүзи еллериниң энергия ресурсларына болған талабының күннен-күнге артып баратырғанлығы, сапалы энергия дәреклерин кеңнен енгизиўге түртки бермекте.
Усы бағдарда қуяшлы елимиздиң мүмкиншиликлери көп, әлбетте. Оннан ақылға уғрас пайдаланыў арқалы альтернатив энергия дәреклериниң жаратылыўы мәселениң шешими болмақта.
– 2023-жылы қайта тиклениўши энергия дәреклерин ҳәм энергия үнемлеўши технологияларды енгизиўди жеделлестириў илажлары ҳаққындағы нызамшылық ҳүжжетлерине муўапық, Қаақалпақстан Республикасы бойынша жәми 7107 объекте қуўатлылығы 33818 кВт.саатқа тең қуяш панельлерин орнатыў режелестирилген. Усы бағдарда әмелге асырылып атырған жумыслар бажыхана уйымлары тәрепинен күнлик мониторинг етилип, Бажыхана комитетиниң «Yashil energiya» платформасына киргизилип барылмақта,-дейди Қарақалпақстан Республикасы Бажыхана басқармасының жәмийетшилик ҳәм ғалаба хабар қураллары менен ислесиў топарының бас инспекторы Ю.Қудиярова.
Басқармада дүзилген жумысшы топар ағзалары социаллық тараў объектлеринде, мәмлекетлик уйымларда, исбилерменлик субъектлери ҳәм жеке хожалықларда орнатылған альтернатив энергия дәреклерин орынларға шыққан ҳалда үйрениў мақсетинде Беруний районында болды.
Пахтакор МПЖда жасаўшы У.Атажанов өз шаңарағына 4 кВт.саат қуўатлылыққа ийе қуяш панелин орнатып, «қуяшлы шаңарақ»қа айланған екен. Итибарлысы, айына орташа 800 квт.қа шекемги электр энергиясы зәрүр болған усы шаңараққа, қуяш панели 1200 квт. электр энергиясын жеткерип бермекте. Тәбийғый түрде, өзиниң пайдаланғанынан аўысып қалған энергияны мәмлекетке сатыў арқалы У.Атажанов қосымша дәраматқа да ийе болмақта.
Сондай-ақ, Беруний районы орайындағы турмыслық техника дүканының тамбасына орнатылған 10 квт.саат қуўатлылыққа ийе альтернатив энергия дәреги усы жәмийеттиң 5460 квт.қа тең электр энергиясына болған жыллық талабын пүткиллей қаплап, қосымша дәрамат дәрегине де айланған.
Усы жерде Беруний районының өзинде бүгинги күнде жәми 57 жеке хожалық фотоэлекр дәреклериниң орнатылыўы нәтийжесинде жасыл энергия менен тәмийинленген. Быйылғы жылдың ақырына шекем районда «жасыл хожалықлар» санын 395ке жеткериў режелестирилген.
Бул бағдардағы жумыслар даўам етпекте.
Қарақалпақстан хабар агентлиги