Президент инвестициялық жойбарларда жергиликли компонентлерди көбейтиўге айрықша итибар қаратыў зәрүрлигин атап өтти
279

Соның есабынан жүдә көп жаңа жумыс орынлары жаратылатуғыны, валютаның үнемленетуғыны ҳәм уқсас тараўлардың раўажланатуғыны көрсетип өтилди.
Ўәлаят ҳәкимлерине ҳәр айда исбилерменлер менен ярмарка өткерип, өзинде жаңадан-жаңа өнимлерди ислеп шығарыў системасын жолға қойыў тапсырылды.
Ҳәзир әмелге асырылып атырған 75 миллиард долларлық ири инвестициялық жойбарлардың 28 миллиард долларын жергиликли өнимлер арқалы қаплаў мүмкин екенине есап-санақ жүргизилген.
Жуўапкер адамларға тармақлар ҳәм ўәлаят ҳәкимлери менен биргеликте район ҳәм кәрханалар кесиминде 2025-жылы жаңа өнимлерди ислеп шығарыў бойынша бағдарлама таярлаў тапсырылды.
Қарақалпақстан хабар агентлиги