Президент Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында инвестицияларды кеңнен тартыў ҳәм экспортты арттырыў бағдарындағы жумыслардың нәтийжелилиги ҳәм келешектеги тийкарғы ўазыйпалар бойынша видеоселектор мәжилиси даўам етпекте.

Ҳәр бир доллар инвестицияның нәтийжелилигин арттырыў аймақ ҳәм тармақлар басшыларының тийкарғы ўазыйпасы болыўы керек екенлиги атап өтилди.

Соңғы жети жылда киргизилген 120 миллиард доллар инвестиция есабынан 6 мыңнан артық кәрхана иске қосылды. Таллаўлардың көрсетилиўинше, тартылған ҳәр 1 мың доллар инвестиция жылына орташа 530 доллар қосымша қун жаратпақта.

Таў-кән санаатында бул көрсеткиш 700 долларға жеткени себепли тараўға Германия, Түркия, Қытай ҳәм басқа мәмлекетлерден инвесторлар кирип келиўди баслады.

Бирақ, «Өзбекнефтьгаз», «Өзметкомбинат» ҳәм қурылыс материаллары тармағында инвестиция нәтийжелилиги басқа тармақларға қарағанда 2 есеге төмен. Инвестиция есабынан қосымша қун Сырдәрьяда республика көрсеткишинен 3 есеге, Бухара ҳәм Қарақалпақстанда 2 есеге аз.

230 исбилерменниң бажыхана қоймаханаларында узақ мүддеттен берли сақланып атырған 120 миллион долларлық үскенелери ийелерине жеткерилди. Бирақ және 105 исбилерменниң 110 миллион долларлық үскенелери қоймаханаларда тур.

Жуўапкерлерге усы үскенелерди ийелерине жеткериў бойынша «жол картасы»н тастыйықлаў тапсырылды.

ӨзА