Ташкентте Өзбекстан Республикасы Бас министриниң орынбасары- Экономика ҳәм қаржы министри Жамшид Қўчқоров ҳәм Түркияның “IC İçtaş İnşaat” компаниясы басқарыў кеңесиниң ағзасы Реха Денемеч арасында ушырасыў болып өтти.

Ушырасыў дамаўында еки тәреплеме бирге ислесиўди беккемлеў ҳәм транспорт инфраструктурасын раўажландырыўға бпйланыслы әҳмийетли мәселелер додаланды. Соның ишинде, мәмлекетлик-жеке меншик щериклик (МЖШ) механизмлеринен нәтийжели пайдаланыў ҳәм автомобиль жоллары, көпирлер ҳәм аэропортлар қурылыўы сыяқлы жойбарларға итибар қаратылды.

“IC İçtaş İnşaat” компаниясы 55 жыллық тәжирийбеге ийе болып, Түркия ҳәм басқа мәмлекетлерде ири қурылыс жойбарларын табыслы әмелге асырғанын атап өтиўимиз керек. Компания тәрепинен Стамбулда 150 км. узынлықтағы автомобиль жолы ҳәм 1,5 км. узынлықтағы теңиз үстиндеги «Явуз Султон Салим» көпири қурылған. Буннан тысқары, Въетнамда жаңа аэропорт қурылысы жойбары әмелге асырылмақта.

Ушырасыў даўамында Тәреплер Өзбекстанда транспорт инфраструктурасын жетилистириў бойынша әмелге асырылып атырған жумысларға жоқары баҳа берип, Самарқанд, Бухара ҳәм Наўайы ўәлаятларын байланыстыратуғын тез жүретуғын төлемли жол жойбарына байланыслы келисим меморандумына қол қойды.

Министрликтиң мәлимлеме хызметиниң хабар етиўине бола, сөйлесиў даўамында Өзбекстан ҳәм Түркия арасындағы МЖШ жойбарлары арқалы өз-ара пайдалы бирге ислесиўдиң жедел раўажланып атырғаны атап өтилди. Тәреплер халықаралық тәжирийбелерден пайдаланыў арқалы жаңа жойбарларды әмелге асырыўда бирге ислесиўди және де беккемлеўге келисип алды.

ӨзА