Мәмлекетимизде илим, билимлендириўге итибар жылдан-жылға артып бармақта. Жаслардың оқып билим алыўы ушын қолайлы шараятлар жаратыў болса ҳәр қашан әҳмийети мәселелердиң бири сыпатында қаралады.

Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетинде 15-январь күни Жоқары билимлендириў, илим ҳәм инновациялар министриниң орынбасары Сарвархан Бузрукхановтың көшпели қабыллаўы болып өтти. Илажға Қарақалпақ мәмлекетлик университети ректоры, академик А.Реймов қатнасты. Көшпели қабыллаўда университеттиң студент-жаслары, докторантлар, изертлеўшилер ҳәм профессор-оқытыўшылардың мүрәжатлары тыңланды.

Қабыллаў даўамында оқыў процесин жетилистириў, илимий излениўлерди қоллап-қуўатлаў ҳәм студент-жаслар ушын қолайлы шараятлар жаратыў сыяқлы мәселелер додаланды. Сондай-ақ, министрдиң орынбасары мүрәжатларға жуўап берип, ҳәр бир мәселе бойынша толық түсиниклер ҳәм тийисли илажлар көрилиўи бойынша жуўапкерлерге тапсырмалар берилди.

Көшпели қабыллаў студентлердиң машқалаларын шешиў, илимий изертлеўлерди қоллап-қуўатлаў ҳәм билимлендириўдиң сапасын арттырыўға қаратылған жаңа механизмлерди енгизиўде әҳмийетли қәдем болды.  Қабыллаў жуўмағында додаланған мәселелер бойынша белгиленген илажларды әмелге асырыў белгиленип алынды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги