Пакистан ҳүкимети өткерген «Мусылман жәмийетлеринде қызлардың билим алыўы: машқала ҳәм имканиятлар» темасындағы халықаралық конференция шеңберинде Мусылманлар жер жүзлик лигасының Бас хаткери, Уламалар ассоциациясының баслығы шайх Муҳаммад бин Абдулкарим Ал-Исса ҳәм Ислам бирге ислесиў шөлкеми мәлимлеме агентликлери аўқамының (UNA-OIC) бас директоры Муҳаммад бин Абд Раббо Ал-Ямийдиң қатнасыўында меморандумға қол қойылды.
Бул ҳүжжет тәреплер арасында қызлардың билим алыў ҳуқықынан хабардарлығын арттырыў бойынша медиа-кампанияларды жолға қойыў, усы бағдардағы жумысты муўапықластырыў арқалы ислам мәмлекетлери мәлимлеме агентликлери ҳәм ғалаба хабар қуралларының биргеликтеги ҳәрекетин күшейтиўди нәзерде тутады.
Итибарлысы, әнжуман қатнасыўшылары усы халықаралық бирге ислесиў платформасы шеңберинде алға қойылған, ҳаял-қызлардың мәпин қоллап-қуўатлаўға қаратылған басламаларды анық әмелий жойбарларға айландырыў зәрүр екенлигин бир аўыздан мақуллады.
М.Пирматова, ӨзА