Президент Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында инвестицияларды кеңнен тартыў ҳәм экспортты арттырыў бағдарындағы жумыслардың нәтийжелилиги ҳәм келешектеги тийкарғы ўазыйпалар бойынша видеоселектор мәжилиси даўам етпекте.
Раўажланған кәрханалар еркин түрде сыртқы базарларға шығып, тиккелей қаржы алып келиўди баслаған.
Саўда-санаат палатасында Исбилерменлерге сыртқы қаржы базарларына шығыўға жәрдемлесиў орайы шөлкемлестирилди.
Жылдың ақырына шекем кеминде 200 исбилерменди халықаралық қаржы базарынан 2 миллиард доллар тартыўға таярлаў әҳмийетли екенлиги атап өтилди.
Сондай-ақ, быйыл АКМК 1 миллиард, НКМК 500 миллион, «Наўайыуран» ҳәм «Өзметкомбинат» ҳәр бири 300 миллион долларлық евробонд жайластырыўы зәрүр екенлиги көрсетип өтилди. «Uzbekistan Airways» ҳәм «Uzbekistan Airports», Автомобиль жоллары комитети де халықаралық рейтинг алып, сыртқы базардан жәми 700 миллион доллар алып келиўи зәрүр екенлиги атап өтилди.
2025-жыл ушын 2 миллиард доллар грант алыў бойынша ҳәр бир министрлик, тармақ ҳәм аймақлардың режелерин қәлиплестириў тапсырылды.
ӨзА