Өзбекстан Саўда-санаат палатасының Қарақалпақстан Республикасы басқармасы тәрепинен басқарманың жумысларын муўапықластырыў ҳәм усы жылдың июнь айында әмелге асырылған жумыслардың жуўмағы бойынша мәжилис өткерилди.

Мәжилисте Өзбекстан Саўда-санаат палатасы, Қарақалпақстан Республикасы басқармасы басшылары, орынбасарлары, бөлим баслықлары ҳәм қәнигелери, сондай-ақ, район (қала)лық бөлим баслықлары ҳәм қәнигелери қатнасты.

Илажда Өзбекстан Саўда-санаат палатасы баслығының орынбасары Ж.Ураков, Қарақалпақстан Республикасы басқармасының баслығы Х.Кайпназаров ҳәм басқалар шығып сөйлеп, өз миннетли ўазыйпаларын жақсы орынлап, халқымыздың абаданлығын арттырыўға үлкен үлес қосып киятырған хызметкерлердиң жумысларын айрықша атап өтти.

Жыл даўамында исбилерменлик субъектлерине хызмет көрсетиўдиң сапасын ҳәм санын арттырыў бойынша пикир-усыныслар билдирилди.

Басқарманың қала ҳәм районлық бөлимлери тәрепинен июнь айында белгиленген ўазыйпалардың қанаатландырарлы түрде әмелге асырғанлығын ҳәм июль айында әмелге асырылыўы тийис болған бир қатар илажлар ҳаққында мағлыўматлар берилди.

Мәжилис даўамында көрсеткишлери жоқары болған Кегейли, Беруний ҳәм Шымбай районлық бөлимлери хошаметленип, оларға компьютер ҳәм компьютер техникалары саўға етилди.


Қарақалпақстан хабар агентлиги