Қарақалпақстан Республикасы бажыхана басқармасыныӊ баслығы И.Казаковга Хожели районында жасаўшы арнаўлы категориядағы жәми 40 жас бириктирилген болып, сонның 15 майыплығы болған, 10 ы созылмалы кеселлиги бар ҳәм 15 и миграциядан қайтқан жаслар қурайды.

Арнаўлы ўәкиллер тәрепинен бул жаслардыӊ ҳалынан хабар алынып, ушырасын атырған машқалалары менен ҳәр қандай мәселелер ўәкиллик шеӊберинде шешимин таппақта. Атап айтқанда, 19 жасар Дилафруз Маратова балалығынан майып болып, университетке оқыўға кириўди, келешекте экономист болыўды әрман етеди. Оныӊ қызығыўшылығы ҳәм қәбилети есапқа алынып, арнаўлы шөлкемлер менен биргеликте ол “Жаслар дәртери”не киргизилди. Оған бир мәртелик пул ажыратылып, 6 айлық таярлаў курсларына қатнаў имканияты жаратылып берилди. Усы имканияттан пайдаланып, таярлаў курсларына қатнап атырған Дилафруз усы жылы әрман еткен жоқары оқыў орнына кириўге умтылмақта.

Сирожбек Махсетов биринши топар майыбы есапланады. Ҳал-жағдайынан хабар алған басқарма баслығы И.Казаков оныӊ менен жақыннан пикирлесип, дәртине шыпа тиледи. Қәлеўи бойынша оны “Жаслар дәптери”не киргизиў илажы көрилетуғын болды. Буннан алдын болса шаӊарағына қәнигели шыпакерлер  келип, оны медициналық тексериўден өткерди.

Усы районда жасаўшы Бостан Сапарбаевты жумыссызлық машқаласы қыйнап киятырған еди, Орта мағлыўматқа ийе жастыӊ машқаласы жуўапкер бажыханашылар тәрепинен алып барылған үйрениў жумысларыныӊ нәтийжесинде унамлы шешимин тапты. Ол енди   “Массагет Нөкис сервиc” жуўапкершилиги шекленген жәмийетине жумысшы болып кирди.

Өзи қәлеген жумысқа орналасып, жәмәәттиӊ жуўапкер ўәкилине айланғанынан кеўли толған ол бүгин мәмлекетимизде жасларға жаратылған шараятлардан миннетдар болып, алдағы ўақытлары бар күш-жигерин жумсап, билдирилген исенимди ақлаўға ҳәрекет етпекте.


Қарақалпақстан хабар агентлиги