9-июль күни Халық демократиялық партиясынан талабан Улуғбек Иноятов, Исбилерменлер ҳәрекети – Өзбекстан Либерал-демократиялық партиясынан талабан Шавкат Мирзиёев, «Адолат» социал-демократиялық партиясынан талабан Робахан Маҳмудова, Өзбекстан Экологиялық партиясынан талабан Абдушукур Ҳамзаев Президентлик сайлаўда даўыс берди.
* * *
Өзбекстан Республикасы Халық демократиялық партиясынан Өзбекстан Республикасы Президентлигине талабан Улуғбек Иноятов Ташкент қаласының Шайхонтоҳур районындағы 427-сайлаў участкасында даўыс берди.
Президент сайлаўы бәрқулла демократиялық мәмлекетлердиң раўажланыўы ҳәм пуқаралардың сиясий ҳуқықлары системасында әҳмийетли институт сыпатында орайлық орынды ийелеп келген. Ҳәр қандай демократиялық жәмийеттиң тийкарын еркин ҳәм әдалатлы сайлаўлар пайда етеди.
Жеделлик пенен раўажланып баратырған мәмлекетимиздиң раўажланыўында пуқараларымыз нызамда белгиленген сайлаў ҳуқықынан пайдаланып, өзлериниң сиясий белсендилигин көрсетти.
Болып өткен Президент сайлаўында сиясий партиялар тәрепинен әдеттегиден де жақсы таярлық көрилгени даўыс бериў процесинде халықтың көтериңки руўх пенен қатнасқанлығында айқын сезилди.
Сайлаў процеси толық халықаралық ҳуқық нормаларына сәйкес, ашық-айдынлық, көп партиялық, еркинлик, теңлик принциплерине муўапық өтти. Онда сайлаў системасына байланыслы нызамшылықта пуқаралардың сайлаўалды кампаниясында ҳәм даўыс бериўде еркин қатнасыўы, даўыс бериўдиң жасырын екенлиги, оны ҳәр бир пуқараның өзи тиккелей әмелге асырыўы белгилеп қойылғаны айрықша әҳмийетке ийе.
Ўатанласларымыз Өзбекстан Республикасы Президенти сайлаўында белсене қатнасты. Бул болса олардың Ўатан тәғдири, ўатан келешеги, перзентлеримиздиң ертеңги күнине жуўапкершиликти шын кеўилден сезип атырғанынан дәрек береди.
* * *
Өзбекстан Республикасы Президенти, Исбилерменлер ҳәрекети – Өзбекстан Либерал-демократиялық партиясынан Президентликке талабан Шавкат Мирзиёев 9-июль күни шаңарақ ағзалары менен бирге Ташкент қаласындағы 59-сайлаў участкасына барып, сайлаўда даўыс берди.
Бизге белгили, усы жылы 30-апрельде болып өткен референдум нәтийжелерине бола, Өзбекстан Республикасы Конституциясы жаңа редакцияда қабыл етилди. Онда ҳуқықый, дүньялық ҳәм социаллық принциплер және де беккемленип, мәмлекеттиң бул бағдардағы миннетлемелери артты. Жаңаланған Конституция мәмлекетлик ҳәкимият алдына жаңа сиясий, социаллық-экономикалық ўазыйпаларды қойды.
Соның ушын мәмлекетимиз басшысы Конституцияның 128-статьясына муўапық, мүддетинен алдын Президент сайлаўын өткериў ҳаққында халқымызға мүрәжат етти. Бул баслама Олий Мажлис палаталары, сиясий партиялар ҳәм жәмийетлик белсендилер тәрепинен қоллап-қуўатланды.
Орайлық сайлаў комиссиясы 4 сиясий партиядан талабанларды дизимге алды. 14 сайлаў округи ҳәм 10 мың 784 сайлаў участкасы дүзилди. Сайлаўда қатнасып атырған барлық талабанларға тең ҳәм еркин шараятлар жаратылды.
Президент сайлаўы мәмлекетимиздиң бүгини ҳәм келешеги, халқымыздың абаданлығына тәсир етиўши әҳмийетли сиясий ўақыя болып есапланады. Пуқаралар оны терең сезинип, сайлаўда белсене қатнаспақта.
Бул процессти 47 мәмлекетлик ҳәм 15 абырайлы халықаралық шөлкемнен жәми 797 халықаралық бақлаўшы тиккелей бақлап бармақта, ғалаба хабар қураллары кең түрде сәўлелендирди.
* * *
Өзбекстан «Адолат» социал-демократиялық партиясынан Президентликке талабан Робахан Маҳмудова бүгин Ташкент қаласы Мырза Улуғбек районындағы 21-сайлаў участкасына шаңарағы менен бирге барды. Сайлаўлар процесинде қатнасып, даўыс берди.
Елимизде демократиялық принциплер тийкарында социаллық-экономикалық қатнасықларды нызамшылық жолы менен муўапықластырыў, халықтың турмыс сапасы ҳәм дәрежесин және де арттырыўға қаратылған реформалар өз нәтийжесин бермекте.
Кеше болып өткен сиясий илаж – Өзбекстан Республикасы Президенти сайлаўында да мәмлекетимиз пуқаралары және бир мәрте тарийхый ўақыяның тиккелей қатнасыўшысы ҳәм гүўасы болды.
Себеби, сайлаўлар күшли пуқаралық жәмийетине тийкарланған демократиялық ҳуқықый мәмлекеттиң ажыралмас белгиси болып, халықтың өз ерк-ықрарын еркин билдириўи, жәмийетлик ҳәм мәмлекетлик басқарыўда пуқаралар қатнасының тийкарғы түри болып есапланады.
Атап өтилгениндей, бул ретки сайлаўда күшли пуқаралық жәмийетине тийкарланған демократиялық ҳуқықый мәмлекетте ашық-айдынлық принципиниң тәмийинленип атырғаны айқын көринди.
Елимиз келешеги, оның және де раўажланыўы сайлаўлардың ең жоқары демократиялық талаплар ҳәм улыўма тән алынған халықаралық стандартларға сәйкес, Бас нызамымызда беккемленген қағыйдалар тийкарында өтиўине, сайлаўшылардың белсендилиги ҳәм олар қабыл ететуғын қарарға байланыслы.
* * *
Өзбекстан Экологиялық партиясынан Өзбекстан Республикасы Президентлигине талабан Абдушукур Ҳамзаев Ташкент қаласындағы 583-сайлаў участкасында даўыс берди.
Ҳақыйқатында да, соңғы жыллары мәмлекетимизде жасыл экономиканы раўажландырыў, экология ҳәм қоршаған орталықты қорғаў, климат өзгериўиниң алдын алыў бағдарында системалы жумыслар әмелге асырылды.
Себеби, халқымыз ҳәм келешек әўлад ушын мүнәсип турмыс шараятларын жаратыў сондай-ақ, абадан жәмийет қурыўда, бәринен бурын, турақлы экологиялық орталық жаратылыўының өз орны бар.
Президент сайлаўы сайлаўлар даўамында топланған миллий тәжирийбе, алдыңғы сырт ел әмелияты, сондай-ақ, халықаралық стандартлар тийкарында қәлиплестирилген Сайлаў кодекси тийкарында болып өтти. Усы Сайлаў кодексинде Президент сайлаўының өзине тән өзгешеликлери менен бирге, сиясий партиялар ҳәм олардың талабанлары тәрепинен алып барылып атырған үгит-нәсиятлаў түрлери ҳәм усыллары анық белгилеп қойылды.
Ең әҳмийетлиси, халқымыздың бул сиясий процесс – Президент сайлаўында белсендилиги сезилди. Бул процесстиң әдил ҳәм ашық-айдын өтиўине мүнәсип үлес қосты.
ӨзА