Жаңа Өзбекстан тарийхында 9-июль әҳмийетли сәне сыпатында мөрленди. Мәмлекетимиздиң барлық аймақларында ўатанласларымыз бүгин мүддетинен бурын Өзбекстан Республикасы Президенти сайлаўында қатнасып, Ўатанымыз келешеги, раўажланыўы ушын даўыс берди.

Қарақалпақстан Республикасында мүддетинен бурын Өзбекстан Республикасы Президенти сайлаўы көтериңки руўхта өтти. 1-Қарақалпақстан округлик сайлаў комиссиясы Баспасөз хызметиниң мәлим етиўинше, Қарақалпақстан Республикасы бойынша сайлаўда даўыс бериўши 983 мың 32 пуқара дизимге алынған. Соның 35 мың 571 ин майыплығы болған шахслар қурайды. 5 мың 689 жаслар сайлаўда биринши мәрте даўыс берди. Барлық участкаларда даўыс бериўшилер ушын зәрүр шараятлар жаратылды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги