Өзбекстан мәденият, спорт ҳәм туризм хызметкерлери кәсиплик аўқамы Қарақалпақстан Республикасы бирлескен комитети тәрепинен усы жылдың 4-5-июль күнлери аралығында 27-июнь – Баспасөз ҳәм ғалаба хабар қураллары хызметкерлери күни байрамы мүнәсибети менен мәдений илаж шөлкемлестирилди.

Илажға мәденият тараўының, баспасөз ҳәм ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери, нураныйлар қатнасты.

Онда шығып сөйлеўшилер, мәденият тараўының, баспасөз ҳәм ғалаба хабар қуралларының ўәкиллериниң, тараў нураныйларының бүгинги күнде елимизде әмелге асырылып атырған кең көлемли реформаларды, дөретиўшилик жумысларды әмелге асырыўдағы хызметлерин айрықша атап өтти.

Жаңа Өзбекстанды жаратыў жолында, оның жәмийетлик-сиясий, социаллық-экономикалық турмысындағы ийгиликли жумысларда узақ жыллар даўамында пидайы хызмет етип киятырған бир қатар тараў пидайыларына мақтаў сөзлер айтылды. Сондай-ақ, олардың елимиз ғәрезсизлигин беккемлеўде, халқымыздың мәдениятын ҳәм әдебиятын раўажландырыўда қосып киятырған салмақлы үлеслери ҳәм кәсиплик аўқамлары жумысларындағы белсендилиги атап өтилди.

Илажда 27-июнь – Баспасөз ҳәм ғалаба хабар қураллары хызметкерлери күни байрамы мүнәсибети менен Қарақалпақстан Республикасы Жазыўшылар аўқамы, Қарақалпақстан композиторлар ҳәм мелодистлер аўқамы,  Өзбекстан журналистлер аўқамы Қарақалпақстан бөлими, Әмиўдәрья» журналы, Қарақалпақстан Республикасы Мәлимлеме ҳәм ғалаба коммуникациялар басқармасы, «Қарақалпақстан баспасы», «Билим баспасы», «Қарақалпақстан спорты» газетасы, «Жеткиншек» газетасы, Қарақалпақстан Хабар агентлиги, «Еркин Қарақалпақстан» ҳәм «Вести Каракалпакстана» газеталары, «Қарақалпақстан жаслары» газетасы ҳәм «Қарақалпақстан мәденияты»  газеталарында узақ жыллар даўамында пидайы хызмет етип киятырған устазлар ҳәм кәсиплеслердиң жемисли мийнетлери мүнәсип баҳаланып, Өзбекстан мәденият, спорт ҳәм туризм хызметкерлери кәсиплик аўқамы Қарақалпақстан Республикасы бирлескен комитетиниң «Ҳүрмет жарлығы»  менен сыйлықланып, оларға естелик саўғалары тапсырылды.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги