Жақында Қараөзек районының Ғәрезсизлик гүзары мәкан пуқаралар жыйыны аймағындағы Қараөзек дийқан базарында арнаўлы-тактикалық оқыў шынығыўлары өткерилди.
Арнаўлы-тактикалық оқыў шынығыўында шәртли түрде айрықша жағдай жүз бериўи ақыбетинде базарда өрт жүз бергенде объекттиң пуқаралық қорғаў структурасының ҳәм Айрықша жағдайлардың алдын алыў ҳәм бундай жағдайларда ҳәрекет етиўши мәмлекетлик структураның районлық буўыны хызметкерлериниң тезлик пенен айрықша жағдайды сапластырыў ҳәрекетлери әмелиятта көрсетилди.
Атап айтқанда, Қараөзек дийқан базарының ҳәкимшилик имаратында өрт жүз берген жағдай бойынша оқыў-шынығыў өткерилди. Имараттағы хызметкерлер ҳәм материаллық-товар байлықлар, жарылыў қәўпи болған газ баллон ҳәм басқа да жаныў-жарылыў, өрт жүз бериў мүмкин болған затлар қәўипсиз аймаққа эвакуация етилди. Өрт өз ўақтында сапластырылды.
Илаж даўамында 50 ден аслам хызметкерлер ҳәм 7 арнаўлы техника қатнасты. Қараөзек районы айрықша жағдайлар бөлими тәрепинен заманагөй өрт өшириў ҳәм қутқарыў әсбап-үскенелериниң көргизбеси көрсетилди.
– Бөлимимиз тәрепинен өрт жүз бериў қәўпи жоқары болған, халық ең көп жыйналатуғын орынларда өрт қәўипсизлиги талапларына әмел етилиўин тәмийинлеў мақсетинде усындай тактикалық-оқыў шынығыўлары өткерилмекте, -дейди Қараөзек районы айрықша жағдайлар бөлими баслығының орынбасары, капитан С.Нурабуллаев. – Бундай оқыў шынығыўлары халықтың айрықша жағдайлардың алдын алыў ҳәм оларда дурыс ҳәрекет етиў көнликпесин қәлиплестириўге, қутқарыўшылардың жаўынгерлик таярлығы ҳәм кәсиплик шеберлигин арттырыўға хызмет етеди.
Қарақалпақстан хабар агентлиги